ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС БАСЛЫҒЫ ИСБИЛЕРМЕНЛЕРГЕ ПРЕЗИДЕНТИМИЗДИҢ МИННЕТДАРШЫЛЫҚ ХАТЫН ТАПСЫРДЫ
20-август күни «Өзбекстан» халықаралық әнжуманлар сарайында Президент Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетимиз исбилерменлери менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда әнжуманлар сарайында 600ге шамалас исбилермен, аймақлардағы студияларда болса жәми 10000ға шамалас исбилерменлер қатнасты. Онда Президентимиз исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, системалы машқалаларды сапластырыў илажларын додалады, исбилерменлердиң усынысларын тыңлады.
Усы илаж алдында мәмлекетимиз басшысының «Мәмлекетимизде исбилерменлик орталығын раўажландырыўға мүнәсип үлес қосып киятырған исбилерменлердиң бир топарына миннетдаршылық билдириў ҳаққында»ғы бийлиги жәрияланды.
Бийликке муўапық, экономикамыздың ҳәм елимиздиң турақлы раўажланыўы, исбилерменлик орталығын жақсылаў, республикамыздың экспорт потенциалын арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, бюджет турақлылығын тәмийинлеў және халықты социаллық қоллап-қуўатлаўда мүнәсип үлес қосып киятырған исбилерменлерге миннетдаршылық билдирилди.
Олар арасында Қарақалпақстан Республикасынан «Karakalpaksement» ЖШЖ баслығы Ш.Азизов, «Atyaj-gulzar» ЖШЖ баслығы А.Мустафаев, «Ең көп жумыс орынларын жаратқан исбилермен» сыпатында, «Stroy vektor plus» жеке меншик кәрханасының баслығы И.Панаев, «Titan cement» ЖШЖ қоспа кәрханасының баслығы Б.Нурлыбаева, «Ең жақсы салық төлеўши» сыпатында, «To’rtko’l shisha idishlari» ЖШЖ баслығы Х.Юлдашев, «Ең жақсы экспортёр» сыпатында Өзбекстан Республикасы Президентиниң миннетдаршылық хатын алды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов «Atyaj-gulzar» ЖШЖ баслығы А.Мустафаев, «Stroy vektor plus» жеке меншик кәрханасының баслығы И.Панаев ҳәм «Titan cement» ЖШЖ қоспа кәрханасының баслығы Б.Нурлыбаеваға Президентимиздиң миннетдаршылық хатларын тапсырды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети.