ҚАШАН НЫЗАМ ТАЛАБЫ БОЙЫНША ЖУМЫС ИСЛЕЙДИ?
«Еркин Қарақалпақстан» газетасының усы жылдың 13-май күнги №58 санында жәрияланған «Ийесиз хат»тың тәғдири не болды?» атамасындағы сын мақалама Нөкис қаласы ҳәкимлигинен арадан 3 айды өткерип, 5-август күни жуўап хат келди.
Хатты келтирип, сизлердиң де, өзимниң де ўақтымды алып отырмайман. Қәйткенде де, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң «бағдарламаға киргизиледи» деген сөзинен ҳәмме бийзар болғаны сыр емес. Қайсы жуўапты көрсең де усы жуўап, басқа айтары жоқ. Бул сапары да ҳәкимлик жуўабының тийкары соған келип тирелди. Жуўапта жақын арада көшениң газ тәмийнаты жақсыланып, пуқаралар қыста үйинде тоңбай отырады дегендей кеўилге жыллылық енгизетуғын, ең болмаса турғынларда үмит оятатуғын ҳеш нәрсе айтылмаған. Оның орнына «2022-жылдың бағдарламасына киргизилди, «Қум аўыл» МПЖ аймағындағы хожалықларды жаңадан газлестириў ушын 800 миллион сум қаржы ажыратылды» деген сыпқанақ жуўап бар. Шыны менен де усы көше ҳәкимлик айтқан бағдарламаға киргизилген, ең болмаса келеси жылы жаңадан газ тартылады деп айтыў да мүмкин емес. Себеби, буннан алдын да усындай сыпқанақ жуўаплар: 2020, 2021-жыллар бағдарламасына киргизилип, түсип қалғанын пуқаралар жақсы билсе керек.
Не себеп, Нөкис қаласы ҳәкимлиги елеге шекем ески усылын өзгертпей атыр? Болмаса жақында ғана Президентимиз Қарақалпақстанда 80 процент мүрәжатларға түсиник жумыслары жүргизилгенин сынға алған, жуўапкерлерге сапластырыў тапсырылған. Солай болса да, ҳәкимликтиң мына жуўабының да усындай түсиник бериўден басқа қандай айырмашылығы бар дейсиз...
Яқшы, жуўапқа исендик дейик, солай да бир саўал жуўапсыз қалып атыр. Неге «Арал қызлары» көшеси турғынларына жер орын берилген ўақытта көшеге газ тартылмаған, тартылыўы келешекте бағдарламаға киргизилетуғын жерден жер орын берилген? Пуқара жақсы нийетте жер орынды ҳәкимликтен сатып алса, бирақ, оның газ, тогы, суўы болмаса бунда ким айыплы? Пуқара ма ямаса ҳәкимликтегилер ме? Бизиңше, бизиң ҳәкимлик пенен тартысымыздың түйини усы жерде. Нызамға тийкарлансақ, жер орын тегисленип, барлық шараятлар исленгеннен кейин имарат қурылысына руқсат берилиўи керек. Биз көбинесе ҳәкимлик жер орын бергенде газ, ток ҳәм суў тармақларын тартыўы керек деймиз. Туўры, бирақ, сатылған жер орынның қаржысына ҳәкимлик алдын-ала бақша, мектеп, поликлиника қурылысларын ислеўи лазымлығын умытып қоямыз. Адамлар газ, суў, ток болса жасай беретуғындай. Олардың балалары мектепте оқыўын, бақшада тәрбияланыўын ҳәм өзлериниң саламатлығына итибар беретуғын поликлиника қурылысын ойлап та отырмаймыз. Ҳақыйқатында келгенде, Нөкис қаласы ҳәкимлиги көбинесе усы тәреплерин ислемейди. Усы жерде, ҳәкимликтиң жер орын бергенде ислемеген жумысын, бағдарламаға киргизип ислегенин аспанға шығарып мақтаймыз. Неге, не ушын ҳәкимлик ўақтында, тийисли жумысларын ислемегенин умытып кетемиз...
Тағы бир мәселеге де айдынлық киргизип кетиўди лазым деп таптым. Бул ҳәкимликтиң жуўап бериўиниң бүгинги усылы. Олардың Өзбекстан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы нызамына қайшы ҳәрекетлери көбинесе көп сөздиң арасында қалып кетеди. Себеби, ҳәкимликтегилер бүгинги күни усы нызамды бузыўдан чемпион болды десек асыра айтқан болмаймыз. Буған бир ғана мысал, усы мақаланың ең бириншисине 6 ай дегенде зорға жуўап хат алдық. Нызам бойынша ең көби менен жуўап еки айда берилиўи керек еди. Онда да үйрениў талап етсе ғана. Бирақ, бул мәселе бир неше жыллардан берли үйренилип киятырғанын есапқа алсақ, ҳәкимликтиң 6 ай былай турсын, 2 айда жуўап бериўине де себеп жоқ еди. Ең биринши «Ийесиз хат» атамасындағы мақала шыққаннан кейин ҳәкимликтиң мүрәжат бойынша шуғылланатуғын хызметкерлери ана кабинетинен мына кабинетине жуўап беретуғын адамды излеп жүргенине де 10 ай болып қалыпты. Мысалы, Нөкис қаласы ҳәкиминиң руўхый ҳәм ағартыў жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққында нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша мәсләҳәтшиси Бабур Абдиреймовқа жүклетилгенине де 3 ай болды. Ол қоянды анда қашты, мында қашты менен ўақытты өткерип, ақыр-ақыбетинде ҳәкимликтиң жаңадан сайланған баспасөз хызмети баслығы Эльмира Сагалатдиноваға бергенин айтып қутылды. Э.Сагалатдиновадан да жуўап алыў аңсат болмады. Ол да арадан бир айды өткерди. Биресе жибердим, биресе үйренип атырмыз деп тағы бир айды өткерди. Сонша күн күткен жуўап хат болса, ески пластинкадай сызылып қалған ба, тағы бир сөзди қайталағанына не дейсиз? Ески жуўапты көпиртип бериўге оларға усынша ўақыт неге керек болды екен?..
Нызамды бузғанларға мәмлекетимизде қатаң шаралар белгиленген. Мысалы, Өзбекстан Республикасы «Жынаят» кодексиниң 144-статьясындаF «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыл етиў ҳәм көрип шығыўды нызамға қайшы түрде қабыллаўдан бас тартыў, оларды көрип шығыў мүддетлерин себепсиз түрде бузыў, жазба яки электрон формада жуўап бермеў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққындағы нызамшылыққа қарсы қарар қабыл етиў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың бузылған ҳуқықлары тиклениўин, мүрәжат мүнәсибети менен қабыл етилген қарардың орынланыўын тәмийинлемегенлик яки мүрәжат мүнәсибети менен мәлим болып қалған физикалық шахслардың жеке өмири ҳаққындағы яки юридикалық шахслардың жумысы ҳаққындағы мағлыўматларды олардың разылығысыз жәриялаў, сондай-ақ, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққындағы нызамшылықты басқаша тәризде бузыў физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларына, еркинликлерине яки нызам менен қорғалатуғын мәплерине яки жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерине үлкен зыян жеткерилиўине себеп болса, базалық есаплаў муғдарының 25 есеси муғдарында жәрийма яки 300 саатқа шекемги мәжбүрий жәмийетлик жумыслары яки 2 жылға шекемги мийнетте дүзетиў ислери менен жазаланады» делинген. Әжайып. Буны оқыған қәлеген лаўазымлы шахстың дизеси қалтырап, нызамға қарсы ҳәрекет жасаўға бетлей алмайды. Бирақ, ҳақыйқатында болса усы нызам ҳүжжетлери негедур ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен лаўазымлы шахсларға қарата қолланылмай келинбекте. Ең болмаса нызамды бузған бир-еки лаўазымлы шахсқа қарата «Жынаят» кодексиниң усы 144-статьясы талаплары қолланылғанда, Нөкис қаласы ҳәкимлигиндеги гейпара хызметкерлер суўық суўды да үплеп ишетуғын болар ма еди! Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы усы нызам талапларын нызам бузыўшыларға әмелде шара қолланыў ўақты келген шығар. Болмаса, ҳүрметли Президентимиз айтқандай, Қарақалпақстан мүрәжатларға түсиник алып барып, жуўап бериўде Өзбекстанда биринши болып қала береди...
Сағынбай Оразымбетов,
өз хабаршымыз.
Нөкис қаласы.