КОРРУПЦИЯНЫҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫНА ЖОЛ ҚОЙЫЛМАЙДЫ
Өз жеке басының мәпин мәмлекет мәпинен үстем қоятуғын, бели қайыспай нобай дәрамат табыўды нийетлеген, айырым қостырнақ ишиндеги кимселер, бул иллет яғный коррупцияның торына илингенин сезбей қалады.
Ҳақыйқатында да, жәмийет раўажланыўына унамсыз тәсирин тийгизетуғын ҳәм кедерги жасайтуғын коррупцияға қарсы гүресиў ҳәр бир пуқараның миннетли ўазыйпасы.
Сонлықтан да, елимизде коррупциялық ҳуқықбузыўшылықтың алдын алыў, бюрократиялық жағдайларды сапластырыў, парахорлық ҳәм дәмегөйликке жол қоймаў мақсетинде мәмлекетлик ҳәкимиятлар ҳәм басқарыў органлары ҳәм тийисли уйымларға әмелге асырылатуғын ўазыйпалары белгилеп берилди.
Бул илажларды әмелге асырыўда Өзбекстан Республикасының «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында» ғы Нызамы мәмлекетимизде зыянлы иллеттиң алдын алыўда әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет болып табылады.
«Ўзэнергоинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен, коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында республикамыздың барлық қала ҳәм районларындағы мәкеме, кәрханаларда үгит-нәсият ҳәм түсиндириў жумысларын турақлы түрде алып бармақта. Атап айтқанда, тутыныўшыларды электр энергиясы менен тәмийинлеўде нормативли ҳуқықый ҳүжжетлерге әмел етиў бойынша жаңадан қабыл етилген қарар ҳәм қағыйда талапларына муўапық жумыс алып барылыўы кереклигине кең түрде түсиниклер берилмекте.
Сондай-ақ, инспекцияның жуўаплы хызметкерлери, жуўапкер шахсларға жумысларды шөлкемлестириўде, Нызам қағыйдаларына бола дәмегөйликке ҳеш қандай жол жоқ екенлиги, тутыныўшылар электр қурылмаларын электр тармақларына жалғаныўда машқалаларға дус келмеўи кереклиги, тутыныўшыларға электр энергиясын тең ҳәм үзликсиз тәмийинлеў имканияты жаратылыўы, тутыныўшылардың наразылығын келтирип шығармаў лазымлығы бойынша еслетпелер берилип атыр.
Әсиресе, жаңадан шөлкемлестирилиўи көзде тутылып атырған исбилерменлик субъектлериниң электр тармағына жалғаныўында машқала ҳәм қыйыншылықлар жүз бермеўи кереклигине дыққат қаратылмақта.
Р.МАМУТОВ,
«Ўзэнергоинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы
аймақлық бөлиминиң жетекши қәнигеси.