Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:38:00, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРЫЗ ӨНДИРИЛДИ, ИСБИЛЕРМЕННИҢ МӘПИ ҚОРҒАЛДЫ

Мәмлекетимизде базар қатнасықларына тийкарланған демо­кратиялық ҳәм әдалатлы пуқаралық жәмийет қурыў бас мақсет етип қойылған. Бул таңланған жолдың тийкарғы шәртлеринен бири ­ инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери, олардың мүлкке байланыслы ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин жүзеге шығарыў, сондай-ақ, исбилерменлик хызметиниң нызам жолы менен қор­ғалыўын тәмийинлеў болып есапланады.

Әйне усы бағдарда алып барылған жумыслар нәтийжесинде бүгинги күнде елимизде исбилерменлик тараўы кең түрде раўажланып, олар экономикамыздың жетекши күшине айланып бармақта. Соның менен бир қатарда, тараў раўажы халықтың турмыс дәрежесиниң жоқарылаўы, хызметлер түри ҳәм сапасының артыўына да унамлы тәсирин тийгизбекте.

Өкинишке орай, сөз етилип атырған тараўға мәмлекет тәрепинен кең имканият ҳәм жеңилликлер берилгени менен айырым жағдайларда бул бағдарда азы-кем машқалалар да ушырасып турады. Себеби, айырым пайытларда қайсы бир мәкеме яки шөлкем хызметкерлери тәрепинен тараў ўәкиллериниң жумысына араласыў, жасалма тосқынлық етиў ҳәм соған уқсаған унамсыз жағдайлар аз да болса даўам етип келмекте. Буны исбилерменлер тәрепинен келип түсип атырған мүрәжатлар санынан да билиўимиз мүмкин.

Өз нәўбетинде, бул мүрәжатлар тийисли уйымлар тәрепинен көрип шығылып, мәселениң нызамлы ҳәм әдил шешимин табыў илажлары көрип барылмақта. Усы орында мүрәжатларды көрип шығыў ҳәм олардың унамлы шешимин табыўда прокуратура органларының мүнәсип үлеси бар.

Пикиримиз дәлили сыпатында келтиретуғын болсақ, прокуратура органларына қаладағы «Кардар ислеп шығарыў өнимлери» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы арза менен мүрәжат етип, жәмийет тәрепинен әмелге асырылған жумыс көлеми ушын пулларды өндирип бериўде әмелий жәрдем сорайды.

Мүрәжатты үйрениў жумыслары даўамында анықланыўынша, 2019-жыл 28-февральда усы жәмийет ҳәм Қарақалпақстан Республикасы жоллардан турақлы пайдаланыў унитар кәрханасы ортасында  «Нөкис дийқан базары» аймағында жайласқан жер асты өткелиниң алды тәрепинен темирден жасалған шертек ҳәм қорғанша ислеў бойынша улыўма баҳасы 188 млн. 440 мың сумлық шәртнама дүзиледи. Шәртнаманың 3-бәнтинде болса, шәртнама дүзилген күннен соң 10 банк жумыс күни мүддетинде  буйыртпашыға толық пулларды өткериў миннетлемеси жүклетиледи. 

«Кардар ислеп шығарыў өнимлери» жуўапкершилиги шекленген жәмийети өз миннетлемесине алған жумысларды  шәртнамада көрсетилген мүддетте, яғный, 2019-жыл май айында жуўмақлап, исленген жумыс буйыртпашы тәрепинен қабыл етип алынады.

Бирақ, усыған қарамастан, буйыртпашы 2020-жыл март айы­на шекем шәртнамада көрсетилген пулларды өткермейди. Мүрәжат бойынша алып барылып атырған тийисли ҳәрекетлер даўамында, прокуратура тәрепинен усы пулларды өндириў бо­йынша судқа даўа арза киргизилди ҳәм Нөкис районлар аралық суды тәрепинен қарыздарлықты толық өндириў бойынша шешиўши қарар қабыл етилди.

Нәтийжеде, қарыздардан пуллардың толық өндирилиўи тәмийинленип, исбилерменниң бузылған ҳуқықларының тиклениўине ерисилди.

 Назар САПАРНИЯЗОВ,

Қарақалпақстан Республикасы прокурорының аға жәрдемшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF