«ЎАТАНЛАСЛАР» ЖӘМИЙЕТЛИК ФОНДЫ... ЖАҚЫН ШЕРИКЛИК ҲӘМ БЕККЕМ БАЙЛАНЫСЛАРДЫҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫНА ХЫЗМЕТ ЕТЕДИ
Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис палаталарына жоллаған Мүрәжатында шет елде жасап атырған ўатанласларымызды тарийхый Ўатаны болған Өзбекстан әтирапында және де бирлестириў, олардың қәлби ҳәм санасында елине болған мақтаныш сезимин көтериў, миллий өзликти сақлап қалыў, ўатанласлар ҳәм олар тәрепинен дүзилген жәмийетлик бирлеспелерди қоллап-қуўатлаў, түрли тараўларда хызмет етип атырған ўатанласларымыздың потенциалын мәмлекетимиздиң раўажланыўына нәтийжели бағдарлаў мақсетинде «Ватандошлар» фондын дүзиўди усыныс еткен еди.
Бул усыныс тийкарында Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер, Мәденият, Финанс, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрликлери, Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық мүнәсибетлер ҳәм шет ел мәмлекетлери менен дослық байланыслары комитети, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы, «Юксалиш» улыўма ҳәрекети ҳәм «Тараққиёт стратегияси» орайының шөлкемлестирилиўинде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми «Ватандошлар» жәмийетлик фондының дүзилгенлиги бүгинги күнниң ең үлкен ўақыяларынан бири болды.
Тийкарғы мақсети ҳәзирги күнде дүньяның жүзден артық мәмлекетинде жасап атырған 10 миллионнан артық ўатанласлар, олар тәрепинен дүзилген 170тен артық мәдений орайларды қоллап-қуўатлаўдан ибарат екенлиги бул жәмийетлик фондтың әҳмийети қаншелли үлкенлигин көрсетеди.
Соның менен бирге, шет елде жасап атырған ўатанласлар ҳәм олар тәрепинен дүзилген жәмийетлик бирлеспелер менен шериклик байланысларын жолға қойыў ҳәм раўажландырыў, халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплери ҳәм нормалары тийкарында олардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўға көмеклесиў, шет мәмлекетлерде қурамалы турмыслық жағдайға түсип қалған ўатанласларды белгиленген тәртипте материаллық ҳәм социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, ҳуқықый жәрдем көрсетиў, раўажланған шет ел мәмлекетлеринде жасап киятырған алым ҳәм дөретиўши ўатанласларымыздың елимиздиң абырайын арттырыўға қаратылған илимий, дөретиўшилик изертлеўлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм басқа да соған уқсаған онлаған ийгиликли идеяларды өзиниң тийкарғы мақсети ҳәм ўазыйпалары етип алған «Ватандошлар» жәмийетлик фондын бүгин халқымыз қоллап-қуўатламақта.
Бул жәмийетлик фондты шөлкемлестириў ҳаққындағы Президент қарарында фонд қаржылары есабынан шет елде өзбек тилинде билим берилетуғын мектеп оқыўшыларын сабақлық ҳәм көркем әдебиятлар менен тәмийинлеў, педагог хызметкерлер ушын билимлерин жетилистириў курсларын шөлкемлестириў ҳәм мектеплер қурыў, оңлаў ҳәм үскенелеў, шет елде жасап атырған ўатанласларды Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў орынларына оқыўға қабыллаў ҳәм оқытыў шәртлерине көре Өзбекстан Республикасы пуқараларына теңлестириў бойынша айрықша бәнтлердиң киргизилгенлиги шет мәмлекетлердеги ўатанласларымыз перзентлериниң тәлим-тәрбиясына, олар билим алатуғын мектеплерди жетилистириўге, мәмлекетимиздеги жоқары оқыў орынларында оқыўға болған умтылыўларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған үлкен итибардан дәрек береди.
Фондтың Қайырқомлық Кеңеси баслығы етип Шерали Жўраевтиң, Қайырқомлық Кеңеси баслығы орынбасарлығына Равшан Эрматовтың, сондай-ақ, кеңес ағзалары қурамына Өзбекстан халық жазыўшылары, шайырлары, халық артистлери, әдебиятшы алымлар, мәмлекетлик ғайраткерлер менен мәденият хызметкерлериниң киргизилиўи шет еллердеги ўатанласлар менен бирге ислесиўди және де беккемлеў, олар менен байланысларды кеңейтиўде үлкен мотивация болады, әлбетте.
Жуўмақлап айтқанда, ҳүрметли Президентимиздиң усынысы менен жаңа шөлкемлестирилген «Ватандошлар» жәмийетлик фондын келешекте шет елдеги ўатанласлар менен биргеликте мәмлекетимиздиң раўажланыўы жолында үлкен ислерди әмелге асырыўына пүткил халқымыздың исеними үлкен. Түрли тараўларда искерлик жүргизип атырған ўатанласлар менен ашық еки тәреп байланысларды жолға қойыўға да мүмкиншиликлер жаратылады.
Тәжибай РОМАНОВ,
«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы.