ЖАҢА СИСТЕМАНЫҢ УНАМЛЫ НӘТИЙЖЕСИ
Қарақалпақстан Республикасынан Президент Халық қабыллаўханасына ҳәм виртуал қабыллаўханаға быйылғы жылдың өткен алты айы даўамында халықтан жәми 33 мың 934 мүрәжат келип түскен болса, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда дерлик еки есеге өскенлигин көрсетеди.
Бул мүрәжатлар тараўлар кесиминде таллап көрилгенде, 6057 мүрәжат бәнтлик, 1880 мүрәжат кредит алыў, 6214 мүрәжат материаллық жәрдем ҳәм напақа, 1481 мүрәжат электр ҳәм газ тәмийнаты, 721 мүрәжат денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да мәселелерде келип түскенлигин көриўимизге болады.
Халық қабыллаўханаларына Нөкис қаласында 123, Төрткүл районында 35, Қоңырат районында 31, Елликқала районында 30, Шымбай районында 29 қайта мүрәжат келип түскен. Буның тийкарғы себеплериниң бири, орынларда мүрәжатларда қойылған мәселелер толық үйренип шығылмағанлығы ҳәм мазмуны жағынан ақырына жеткерилмегенлиги болып табылады. Халықтың мүрәжатларының көбейиўи ҳәм наразылықларының тийкарғы факторларына тоқталатуғын болсақ, орынларда лаўазымлы шахслар ҳәм жуўапкер хызметкерлер өзлерине жүкленген ўазыйпаларға толық әмел етпей атырғанлығы, айырым тараўларда ашық-айдынлық ҳәм жәриялылықтың тәмийинленбегенлиги себеп болмақта.
Президентимиздиң басшылығында усы жылдың 23-июль күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалар бойынша халықтың мүрәжатлары менен ислесиў системасын жаңаша шөлкемлестириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде «Оператив штаб» шөлкемлестирилди. Нәтийжеде Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарларының басшылығында министрлик ҳәм шөлкем басшылары аймақларға бириктирилди.
Усы мәселе бойынша өткерилген мәжилислерде адамларды бүгинги күннен разы етиўде тек мүрәжатларды шешиў менен шекленип қалмастан, машқалалар ҳәр тәреплеме үйренилип, оны нызам шеңберинде шешиў, егер де имканияты болмаса, ҳуқықый түсиник бериў, адамларды әўерегершиликке, салмай олардың қайта-қайта мүрәжат етиўине себеп болып атырған факторларды таллаў кереклиги атап өтилди. Бул мәселелер бойынша жуўапкерлерге қатаң тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасынан Президент Халық қабыллаўханасына ҳәм виртуал қабыллаўханаға келип түскен, шешилмеген жәми 26658 мүрәжатты қайта үйрениў нәтийжесинде 23711 мүрәжат қайта көрип шығылды. Соннан бүгинги күнге шекем 14346 мүрәжат унамлы шешимин тапты, 9354 мүрәжат бойынша ҳуқықый түсиник берилди.
Орынларда халық пенен ашық пикирлесиўлер өткерилип, Халық қабыллаўханалары тәрепинен республика жумысшы топары, секторлар ҳәм тийисли министрликлер менен шөлкемлер басшыларының қатнасында көшпели қабыллаўлардың өткерилиўи унамлы нәтийжесин бермекте. Бүгинги күни халықтың мүрәжатлары менен ислесиў, оларда билдирилген машқалаларды унамлы шешиў ҳәр бир басшының баслы ўазыйпасының бирине айланбақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.