Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:18:41, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ПАРЛАМЕНТ ОЙЫНЛАРЫ»НДА КИМЛЕР ЖЕҢИМПАЗ БОЛДЫЎ

Усы жыл әң-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты басламасы менен Туризм ҳәм спорт министрлиги, Гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссиясы менен биргеликте халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты жанындағы Жаслар парламенти ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары ҳәм аппараты хызметкерлери арасында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының кубогы ушын «Парламент ойынлары» спорт жарысы өткерилди.

Онда спорттың мини-футбол, волейбол, стол тенниси ҳәм бадминтон түрлери бо­йынша беллесиўлер  болып өтти.

Спорт жарысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ра­йонлық (қалалық) кеңеслеринен де ўәкиллеримиз  белсене қатнасып, жоқары нәтийжелерге еристи.

Атап айтқанда, спорттың мини-футбол түри бойынша қатнасқан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси командасы екинши, спорттың бадминтон түри бойынша ҳаял-қызлар арасында Жоқарғы Кеңес депутаты Зухра Реймова екинши, стол тенниси бойынша халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң депутаты Гүлзира Сидиқова екинши, ерлер арасында волейбол бойынша халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң «Ақмаң­ғыт» командасы үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен медаль, диплом ҳәм баҳалы саў­ғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF