ПРЕЗИДЕНТ САЙЛАЎЫН ӨТКЕРИЎШИ САЙЛАЎ КОМИССИЯЛАРЫ
Пуқаралардың тийкарғы ҳуқықларының бири бул сайлаў ҳәм сайланыў есапланады.
2021-жыл 24-октябрь күни мәмлекетимизде үлкен сиясий мапазлардың бири Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы болып өтеди.
Президент сайлаўын өткериў бойынша сайлаў комиссияларына Орайлық сайлаў комиссиясы, округлик сайлаў комиссиясы ҳәм участка сайлаў комиссиялары дүзиледи.
Орайлық сайлаў комиссиясы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң палаталары тәрепинен кеминде он бес ағзадан ибарат қурамда дүзиледи.
Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслериниң усынысы бойынша Нызамшылық палатасы ҳәм Сенат тәрепинен сайланады.
Сайлаў кодексине тийкар, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша сайлаў округлери Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы шегаралары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы (ОСК) тәрепинен дүзиледи.
Сайлаў округлериниң дизимлери олардың шегаралары, сайлаўшылар саны ҳәм округлик сайлаў комиссияларының жайласқан орны көрсетилген ҳалда сайлаўдан кеминде жетпис бес күн алдын тийисли сайлаў комиссиясы тәрепинен жәрияланыўы керек.
Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2021-жыл 9-август күнги 1092-санлы қарары менен 14 сайлаў округлери дүзилди.
Сайлаў күнине шекем ямаса сайлаў күни 18 жасқа толған Өзбекстан Республикасы пуқаралары (суд тәрепинен қатнасық уқыплылығына ийе емес деп табылған шахслар, аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятты ислегенлиги ушын еркинликтен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайлаўда қатнаспайды) сайлаўда қатнасады. Қарақалпақстан Республикасы шегарасы шеңберинде сайлаўшылардың улыўма саны 1 миллион 158 мың 966 адамды қурамақта.
Сайлаў кодексине тийкар, округлик сайлаў комиссиясы ОСК тәрепинен сайлаўға кеминде жетпис күн қалғанда комиссия баслығы, баслық орынбасары, хаткеринен ҳәм комиссияның сегиз-он сегиз басқа ағзаларынан ибарат қурамда дүзиледи.
Округлик сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанлар Қарақалпақстан Республикасы Жокарғы Кеңесиниң, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслериниң мәжилислеринде додаланады ҳәм де ОСК тәрепинен тастыйықлаў ушын усыныс етиледи.
2021-жыл 10-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма биринши сессиясында Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаўды өткериўши 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанларды усыныў туўралы мәселе көрип шығылды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша сайлаў участкалары районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлериниң усынысы бойынша округлик сайлаў комиссиялары тәрепинен дүзиледи.
Сайлаў участкалары сайлаўға кеминде алпыс күн қалғанда, әдетте, сайлаўшылар саны жигирмадан кем болмаған ҳәм үш мыңнан көп болмаған ҳалда дүзиледи. Әскерий бөлимлерде, Өзбекстан Республикасының шет еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында, сондай-ақ, алыс ҳәм барыў қыйын болған аймақлардағы пуқаралар турған орынларда, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында сайлаў участкалары әне усы мүддетте, айырым жағдайларда болса сайлаўға кеминде жети күн қалғанда дүзиледи.
Округлик сайлаў комиссиясы сайлаў участкаларының тәртип санын белгилейди ҳәм тийисли участка комиссиясының телефон номерлерин, жайласқан орнын ҳәм даўыс бериў имаратын көрсеткен ҳалда сайлаўшыларды ҳәр бир участканың шегаралары ҳаққында хабардар етиўди шөлкемлестиреди.
Участкалық сайлаў комиссиясы округлик сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўға кеминде қырық күн қалғанда бес-он тоғыз ағзадан, соның ишинде, баслық, баслықтың орынбасары ҳәм хаткерден ибарат қурамда дүзиледи.
Жигирма бир жасқа толған, орта яки жоқары мағлыўматқа, әдетте, сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша ис тәжирийбесине ийе болған, халық арасында абырайға ийе пуқаралар ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиясының, округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиясының ағзасы болыўы мүмкин.
Басқа сайлаў комиссиясының ағзалары, сиясий партиялардың ағзалары, ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери, прокуратура уйымларының, судлардың лаўазымлы шахслары, талабанлардың жақын туўысқанлары ҳәм исенимли ўәкиллери, сондай-ақ, талабанларға тиккелей бойсыныўшы шахслар сайлаў комиссиясының ағзасы болыўы мүмкин емес.
Участка сайлаў комиссиясы ағзаларының ярмынан көби бир шөлкемнен усыныс етилиўи мүмкин емес, буған Өзбекстан Республикасының шет мәмлекетлердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында, әскерий бөлимлерде, санаторияларда ҳәм дем алыў үйлеринде, емлеўханаларда ҳәм де басқа да станционар емлеў шөлкемлеринде, қамақта сақлаў ҳәм азатлықтан шеклеў орынларында шөлкемлестирилген участка сайлаў комиссиялары кирмейди.
Элмурод Турсунов,
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары.