Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:03:58, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КЕМШИЛИКЛЕР СЫНҒА АЛЫНЫП, ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ

Усы жыл 12-август күни Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң VI Пленумы болып өтти.

Онда партияның қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң баслықлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги  партия фракциясының ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Пленумда партияның Қарақалпақстан Республиалық Кеңесиниң қурамына өзгерис киргизиў, сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша партияның Қарақалпақстан Республиалық Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги  партия фракциясының быйылғы жылдың биринши ярымында әмелге асырған жумыслары, сондай-ақ, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң пленумлары менен конференцияларын шақырыў мәселелери көрип шығылды.

Партияның сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша быйылғы жылдың биринши ярымында алып барылған жумыслар туўралы Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республиалық Кеңесиниң баслығы Н.Қайпбергенов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги  партия фракциясы тәрепинен усы дәўирде әмелге асырылған жумыслар туўралы фракция басшысы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязовлар баянат жасады.

Атап өтилгениндей, партияның Қарақалпақстан Республиалық Кеңеси тәрепинен быйылғы жылдың биринши ярымында жаңа ағзалар қабыл етиў ҳәм ағзалық төлеми режелери толық орынланды. Атап айтқанда, жаңадан 13 басланғыш партия шөлкеми дүзилип, 3218 ағза қабыл етилди.

Партияның «Машқала менен жүзбе-жүз» жойбары көлеминде республикамыз бойынша жәми 202 пуқаралар жыйынында 1934 шаңарақ ҳәм  102 хожалық жүргизиўши субъектте ушырасыў өткерилди. Илаж даўамында пуқаралардан 268 мүрәжат келип түсип, олар тийкарында 81 жуўапкер шөлкем басшыларына депутатлық сораў жиберилип, унамлы жуўап алынды. Сондай-ақ, 98 мәселе тийисли тараў басшыларын тартқан ҳалда орнында унамлы шешимин тапқан болса, 155 мүрәжат ийесине ҳуқықый түсиник берилди.

«Сиясий-ҳуқықый билимлерди беккемлеў-демократиялық жәмийеттиң тиреги» жойбары тийкарында партия лекторлары тәрепинен 204 мәрте сиясий оқыў шөлкемлестирилип, оларға 2652 қатнасыўшы қамтып алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги  партия фракциясы қурамында 5 депутат жумыс алып барады. Фракция ағзалары тәрепинен Жоқарғы Кеңес комитетлериниң мәжилислерине 4 мәселе ҳәм сессиялардың күн тәртибине 2 мәселе киргизилген.

Пленумда партия жумысларын алып барыўда кемшиликлерге жол қойған Елликқала, Тақыятас ҳәм Бозатаў районлық Кеңеслериниң жумыслары сынға алынды.

Усы жылдың 24-октябрь күни елимизде Президент сайлаўының өткерилиўи мүнәсибети менен усы сайлаўда партия шөлкемлериниң қатнасын тәмийинлеў мақсетинде қалалық ҳәм районлық Кеңеслердиң пленум ҳәм конференцияларын өткериў мүддетлери белгиленди.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Пленум жуўмағында партияның басламасы менен өткерилген «Әдалатлы қәйинене» таңлаўы Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазларына диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF