ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ЖИГИРМА БИРИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ
Усы жыл 10-август күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма биринши сессиясы болып өтти.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткен сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, секторлардың ҳәм тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов басқарып барды.
Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Атап өтилгениндей, быйыл 24-октябрь күни елимизде Президент сайлаўы болып өтеди. Сайлаў кампаниясы 23-июльден басланды. Бүгинги күни Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаў округлери дүзилген.
Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 21-статьясына муўапық округлик сайлаў комиссиясының қурамы бойынша Жоқарғы Кеңес тәрепинен Орайлық Сайлаў комиссиясына усыныс берилиўи тийис.
Сессия күн тәртибинде дәслепки мәселе, яғный Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанларды усыныў туўралы мәселе көрип шығылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов округлик сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанлардың дизимин оқып еситтирди.
Бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңес депутатлары тийисли қарар қабыл етти.
Сондай-ақ, сессияда «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў туўралы» мәселе көрип шығылып, бул бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.