Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:52:02, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОРОНАВИРУСТЫ ҒАЛАБА ВАКЦИНА АЛЫЎ МЕНЕН ЖЕҢЕМИЗ!

Пүткил дүньяда коронавирус пенен кеселленгенлер саны күн сайын, саат са­йын артып баратырғаны ҳеш кимге сыр емес.

Дүньяда ҳүким сүрип атыр­ған бундай кескин жағдайға қарсы гүресиў ушын елимизде тийисли илажлар әмелге асырылмақта. Халықты басқышпа-басқыш коронавирусқа қарсы ғалабалы түрде шаншыў әне сондай илажлардан бири болып есапланады.

— Шаншыў илажларын өткериўден тийкарғы мақсет — кеселлениўшиликти, сондай-ақ, бул кеселликтен жүзеге келетуғын өлимшилик жағдайларын болдырмаўдан ибарат. Кеселликке қарсы шаншыў өткерилгеннен кейин организмде вирус­қа қарсы антиденешелер пайда болады. Бул антиденешелер организимге вирус түскенде кеселлик шақырыў дәрежесине шекем көбейиўге үлгермей турып оларды жоқ етиў ушын организмдеги иммун клеткаларды жибереди. Нәтийжеде, кеселликке шатылыў итималы азаяды. Егер кеселлик жүзеге келген жағдайда, оның жеңил өтиўин тәмийинлейди.

Деген менен, кейинги ўақытлары социаллық тармақларда «коронавирусқа қарсы вакцина алыўшы болмаң», деген мәнисте ҳәр қыйлы тийкарсыз хабарлар тарқатылмақта ҳәм пуқаралар арасында мәмлекетке деген исенимсизликти келтирип шығарыўға урыныўлар көзге тасланбақта.

Мәмлекетимиз өз пуқараларының денсаўлығын ойлап, бийпул вакцинация етип атырған бир ўақытта усындай қәўетерли хабарларды тарқатып, хал­қымыз­ға руўхый тәсир өткериўге урынып атырған бундай адамларға тереңнен ойланың дегим келеди. Себеби, бул тийкарсыз хабарлар менен тек ғана жеке өзиңиз емес, жақынларыңыздың да өмирин қәўипке саласыз!

Бүгинги күн жағдайында Қарақалпақстан Республикасы бойынша коронавирус инфекциясы менен кеселленген наў­қаслардың саны 4041 (10-август саат 15.00 жағдайына бола) адамды қурайды.

Бул наўқаслар әлбетте шыпакерлер бақлаўында емленип атыр.

Деген менен, олардың ишиндеги жүдә аўыр аўҳалдағы наўқаслардың деми қысып, ҳаўадан емин-еркин нәпес ала алмай қысылып атырған жағдайларын көрип «вакцина алмай ҳәм карантин қағыйдаларына бойсынбай ҳәрекетленип атырғанлар» ҳәзирги жағдайдың жүдә аўыр екенин, күннен-күнге наўқаслар саны көбейип, олардың ишинде айырымларының қаншелли қыйын аўҳалда өлим менен жан таласып атырғанын билер ме екен, сезинер ме екен,- дегим келеди.

Бәршеңизди жоқарыдағы жағдайларды есапқа алып ҳәм туўры жуўмақ шығарып, көзге көринбес вирусқа қарсы вакцина алыў­ға, өзиңиздиң, шаңарағыңыздың ҳәм жақынларыңыздың денсаўлығын сақлап қалыў ушын жаратылған имканияттан толық пайдаланып қалыўға шақыраман!

Есиңизде сақлаң! Вирусқа қарсы емлениў - Сизиң шаңарағыңыздың, жақынларыңыздың қәўетерден қутылып, тыныш ҳәм қорқынышсыз өмир сүриўиниң кепили болып табылады.

Жамал ТАРИХОВ,

Нөкис қалалық медицина бирлеспеси баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF