ПУҚАРАЛАР МҮРӘЖАТЛАРЫНЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫ ҚАДАҒАЛАЎҒА АЛЫНДЫ
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 23-июль күни пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў системасын жаңаша шөлкемлестириў илажлары бойынша видеоселектор жыйналысында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен исши топар дүзилип, пуқаралардан келип түскен мүрәжатлар қайта үйренип шығылды.
Мүрәжатлардың басым көпшилиги кадастр ҳүжжетин рәсмийлестириў, жасап атырған жер майданын қайта өлшеп бериў ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын жер орынларын онлайн аукционға қойыў бойынша мәселелерди қурайды.
Атап айтқанда, төрткүлли пуқара Музаффар Раззақов «Гүлистан» АПЖ аймағынан исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын өзи көрсеткен жер майданы Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Төрткүл филиалы хызметкерлери тәрепинен орнына барып үйренилип, көрсетилген жер майданы өлшенип, мағлыўмат таярланды ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 20-декабрьдеги 1023-санлы қарары менен тастыйықланған Режеге муўапық, «ЙЕР-ЭЛЕКТРОН» ААТ арқалы ўәкиллик уйымларға жиберилди. Ҳәзирги ўақытта ўәкилликли уйымлардан унамлы жуўмақлар алынып, жер майданы «Е-ИЖРО АУКЦИОН» электрон саўда майданына шығыў алдында.
Пуқаралардың кадастр тараўына келген жер участкасына қосымша қурылыс қурыў ямаса ийелеп отырған жер майданына анықлық киргизип бериў ушын қайта өлшеп бериў бойынша да келип түскен мүрәжатлар кадастр инженерлери тәрепинен пуқаралардың жер участкалары өлшенип, «Көшпес мүлк-3» базасына киргизилген.
Өзбекстан Республикасы Президенти Халық қабыллаўханасының қәнигеси Шерзод Ибрагимов ҳәм Ниетбай Жарымбетовлар менен бирге исши топар унамлы шешилген мүрәжатларға өз ўақтында жуўап қайтарыў, халық қабыллаўханалары менен бирге және де тығыз ислесиў ҳәм пуқаралардан келген басқа да арза ҳәм шағымлар бойынша ушырасып, пикир алмасты.
Бозатаў районы «Аспантай» АПЖ турғыны Шийрин Досбергенованың мүрәжаты да унамлы шешилип, жер салық төлемин кемейтиў ушын жасап турған жер майданын қысқартып, қайта өлшеўди сораған мүрәжаты филиал қәнигелери тәрепинен қысқа мүддет ишинде көрип шығылды.
Жыл басынан усы күнге шекем келип түскен мүрәжатлардан 197 мүрәжат исши топар тәрепинен көрип шығылып, соннан 78 мүрәжат толығы менен унамлы шешилди, қалған 117 мүрәжат ийелери менен ушырасып, ҳуқықый түсиник ҳәм мәсләҳәтлер берилди.
Парахат АЖИМУРАТОВ,
Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасының баспасөз хаткери.