Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:53:24, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘЖАЙЫП ЖУЎМАҚ

ЯМАСА ӨЗБЕКСТАННЫҢ 3-АЛТЫН МЕДАЛЫ

23-июль күни басланып, еки ҳәптеден аслам ўақыт даўамында жәҳән жәмийетшилигиниң дыққат орайында болған XXXII жазғы Олимпиада ойынлары да тарийх бетинен орын алды.

Ҳәр төрт жылда бир мәрте болып өтетуғын бул спорт байрамында ғәрезсиз мәмлекетимизден 71 атлет (Қарақалпақстаннан 4 спортшы) спорттың 18 түри бойынша өз әўметлерин сынақтан өткерди. Олардан Улығбек Рашитов (таэквондо), Акбар Жўраев (аўыр атлетика), Баҳадыр Жалалов (бокс) алтын медальларды жеңип алған болса, Дәўлет Бабанов (дзюдо) ҳәм Бекзад Абдурахманов (еркин гүрес) қола медальларына ылайық деп табылды.

Әсиресе, Олимпиаданың соңғы күни спортшыларымыз ушын сәтли келди. Бокс бойынша 91 килограммнан артық салмақ категориясында ўатанласымыз, ашылыў мәресиминде елимиз байрағын көтерип шыққан Баҳадыр Жалалов финаллық беллесиўде рингке көтерилди. Қарсыласы — америкалы спортшы Ричард Торрес. Бул боксшылар 2019-жылы Россияның Екатеринбург қаласында өткерилген жәҳән чемпионатының шерек финалында беллесип, онда Баҳадыр АҚШ ўәкилин нокаутқа жиберген еди. Бул сапары да боксшымыздың қолы бәлент келип, Торрести упайлар есабында тәслим етти ҳәм Олимпиада чемпионы атанды. Олимпиада ойынлары тарийхында ең аўыр салмақ категориясында Леннокс Льюис, Владимир Кличко, Александр Поветкин, Энтони Джошуа сыяқлы атақлы былғары қолғап шеберлери чемпион болған болса, енди олардың қатарында Баҳадыр Жалаловтың да исми турады.

Солай етип, Өзбекстан олимпияшылары 3 алтын ҳәм 2 қола медальды қолға киргизип, ойынларғы қатнасқан 206 мәмлекеттиң арасында 32-орынды ийеледи. Бул Азия­да Қытай, Япония, Корея ҳәм Ираннан кейинги бесинши, ҒМДА мәмлекетлери арасында болса Россиядан кейинги екинши көрсеткиш болып табылады. Жәми 113 (39 алтын, 41 гүмис, 33 қола) медаль алған АҚШ атлетлери улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеген болса, екинши орында Қытай (38, 32, 18 — 88) ҳәм үшинши орында Япония (27, 14, 17 — 58) жайласты.

Екшемби күни ойынлардың жабылыў мәресими болып өтти. XXXIII Олимпиада ойынларын 2024-жылы Франция пайтахты —  Париж қабыл етеди.

С.ЖАНИЕВ.

СҮЎРЕТТЕ: Олимпиада чемпионы Баҳадыр Жалалов.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF