Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:58:12, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ҲӘММЕСИ УСЫЛАЙ БАСЛАНҒАН…»

Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде усы атамада көргизбе  ашылды.

Көргизбе музейдиң 55 жыллығы ҳәм усы музейдиң тийкарын салыўшы Игорь Витальевич Савицкийдиң туўылғанына 106 жыл толыў мүнәсибети менен шөлкемлестирилип,  оған көркем өнер ықласбентлери, белгили художниклер ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Көргизбениң ашылыў салтанатында сөзге шыққанлар, И.В.Савицкийдиң өмири ҳәм дөретиўшилигин,  қарақалпақ мәдений-мийрасларын сақлаўда оның әмелге асырған бийбаҳа мийнетлерин, өзиниң өмирин ҳәм дөретиўшилигин усы үлке менен байланыстырғанлығын мақтаныш пенен атап өтти.

Көргизбеде қарақалпақ, өзбек ҳәм рус художниклериниң  40 қа шамалас живописьлик, графикалық ҳәм мүсиншилик дөретпелери, И.В.Савицкий тәрепинен шөлкемлестирилген ең биринши экспозиция залларының архив фотосүўретлери, белгили художниклерден А.Волковтың «Помидор терими», П.Беньковтың «Көше», А.Шевченконың «Фотография», Қ.Сайповтың «Әмиўдәрьядағы кеш»  ҳәм басқа да художниклердиң дөретпелери орын алған.

Көргизбениң баслы мақсети – музейдиң ең биринши экспозиция көринисин қайта тиклеў арқалы ҳәммеси қалай басланғанын көрсетиўден ибарат болып табылады.

– Музей 1966-жылы 1-май күнинен баслап өзиниң биринши мийманларын күтип ала баслаған. Дәслепки ўақытта үлкетаныў музейи имаратында жети зал ҳәм коридорлардан ибарат экспозиция орынлары ажыратылған. Экспозиция майданының азлығы себепли, ҳәзирги күндегидей ҳәр бөлимге арналған ханалар да болмаған. Қол өнери, сүўретлеў өнери, археология бөлимлери аралас тығыз жайластырылған. Сол дәўирде Савицкий экспозиция жаратыўда азғана орынды есапқа алып, картиналарды қатара жайластырыўды мақул көрди. Бул көргизбе әне сол көзқарас бойынша шөлкемлестирилди, яғный пүтин бир дийўал сүўретлеў көркем өнери дөретпелери менен толықтырылып, булардың барлығы қосылып әжайып бир композицияны пайда етеди.   Кишкене ғана экспозиция залларында өз дүрданаларын көрсетиўди баслаған музей бүгинги күнде И.В.Савицкий әрман еткениндей пүткил дүньяға белгили музейге айланды, – дейди музейдиң сүўретлеў көркем өнери бөлиминиң баслығы Ақсүңгүл Айтмуратова. – Бул көргизбе ҳәр бир инсанға өмир, тәбият гөззаллығын терең  сезиниў имканиятын бериў менен бирге, музейде сақланып атырған көркем өнер дүрданаларына ҳәм жоқары мәдениятымызды өзинде сәўлелендирген музейге деген өзгеше бир сүйиспеншилик сезимлерин пайда етеди.

Көргизбе усы жылдың 1-октябрине  шекем даўам етеди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Мақаланың сүўретлери М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилген

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF