Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:26:42, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МҮРӘЖАТЛАР МЕНЕН ИСЛЕСИЎДЕ ЖАҢАША ҚАТНАС

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жылдың 23-июль күни халық мүрәжатлары менен ислесиў сис­темасын жаңаша шөлкемлестириў илажларына бағышланған видеоселектор мәжилисинде бул системаны жаңаша форма ҳәм қатнас тийкарында даўам еттириў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасында судлардың басшылары тәрепинен орынларда көшпели қабыллаўлар өткерилмекте.

Қанлыкөл районында болып өткен  көшпели қабыллаў ашық пикирлесиў тәризинде өтти. Онда судлардың басшылары менен бирге район ҳәкими, райондағы Халық қабыллаўханасы менен тийисли тараў басшылары қатнасты.

Мағлыўматлар соны көрсетеди, усы жылдың басынан берли Қанлыкөл районы турғынларынан Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасы ҳәм виртуал қабыллаўханасына, сондай-ақ, өткерилген көшпели қабыллаўлар даўамында 905 мәселе бойынша мүрәжат келип түскен. Соннан 75 си суд-ҳуқық мәселесине, яғный, судлар, ҳуқық қорғаў уйымларына (прокуратура, ишки ислер ҳәм Әдиллик министрлиги) тийисли.

Ғалабалық қабыллаўлар даўамында пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатлардың көпшилиги турақ жайды атына өткериў ямаса қайтарып алыў, мийрасты тайынлаў, жасы жетпеген перзенти ушын  ямаса өз перзентинен алимент өндириў, некеден ажырасыў, жумыс орнына тиклениў ямаса руўхый зыянды өндириў, мийнет стажын тастыйықлаў, пенсия өндириў, жол-транспорт ҳәдийсеси бойынша тайынланған суд қарарын өзгертиў сыяқлы мәселелерден ибарат.

Қабыллаў даўамында 6 пуқараның мүрәжаты унамлы шешимин тапты. Еки пуқара мүрәжатының унамлы шешилгени ушын суд басшыларына миннетдаршылық билдирди.  Халық пенен бундай ашық пикирлесиўлер «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек»,-деген халықшыл принциптиң әмелдеги көриниси болды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF