ОЛИМПИАДА РЕКОРДЫН ЖАҢАЛАҒАН МЕДАЛЬ
Ўақыт арғымағы тынбай шапқылап, Токиода өткерилип атырған XXXII жазғы Олимпиада ойынлары да өзиниң экватор сызығынан аўды. Ойынларға күшли таярлықлар менен келген атлетлер түрли дәрежедеги медаль ийелерине айланбақта.
Шийшемби күни аўыр атлетика бойынша 109 килограммға шекемги салмақ категориясында спортшылар арасында беллесиўлер болып өтти. Онда қатнасқан Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Акбар Жўраев дәс көтериўде 193, силкип көтериўде 237 кг., еки шынығыў бойынша жәми 430 кг. штанганы бағындырып, елимиз сайланды командасына екинши алтын медальды алып берди. Соны айтып өтиў керек, Акбардың силкип көтериўде көрсеткен нәтийжеси Олимпиада рекорды болып табылады. Екинши орынды армениялы Симон Мартиросиян (423 кг.) ийелеген болса, қола медаль Артурс Плесниекске (410 кг.) несип етти.
1999-жылы 8-октябрьде Ташкент қаласында дүньяға келген Акбар Жўраев әйне пайытта елимиздиң ең күшли аўыр атлетика шеберлериниң бири болып табылады. Жаслар арасында Азия, жәҳән чемпионы болған ол быйыл Өзбекстан чемпионатында «Рио-2016» ойынларының жеңимпазы Руслан Нуриддиновтан үстем келип, Олимпиада жолламасын қолға киргизген еди.
Усы күнге шекем ойынларға қатнасып атырған 205 тен аслам мәмлекеттен 84 мәмлекет спортшылары медальларға ийелик еткен болса, Өзбекстан (2 алтын, 1 қола медаль) 28-орынды ийелеп тур. Биринши орында Қытай (32 алтын, 21 гүмис, 16 қола), екинши орында АҚШ (25, 29, 22) ҳәм үшинши орында болса Япония (20, 7, 12) жайласқан.
91 килограммнан аслам салмақ категориясында қатнасып атырған боксшымыз Баҳадыр Жалалов финалға шықты. Демек, ол кем дегенде гүмис медаль ийесине айланды. Лекин, оның гүмис, ал, алтын медаль алыўына тилеклеспиз.
С.ЖАНИЕВ.
СҮЎРЕТТЕ: Олимпиада чемпионы Акбар Жўраев.