СЫЙЛЫҚЛАР ӨЗ ИЙЕЛЕРИНЕ ТАПСЫРЫЛДЫ
Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен мәмлекетимизде миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў, жәмийетимизде түрли миллет ўәкиллери арасындағы өз-ара аўызбиршилик, кеңпейиллик, мийрим-шәпәәт орталығын сақлаў, миллий мәдениятлар, үрп-әдет ҳәм дәстүрлердиң өзине тәнлигин сақлаў және раўажландырыўға қосқан мүнәсип үлеси, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы ибратлы жумыслары және жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын миллий мәдений орайлардың ўәкиллери, пидайы ўатанласларымыз ордень ҳәм медаллар, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жылы 1-июнь күнги қарары менен шөлкемлестирилген «Халықлар дослығы» көкирек белгиси менен сыйлықланған еди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде 3-август күни усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары комитети баслығының орынбасары А.Тошев жыйналғанларды халықлар дослығы күни байрамы ҳәм жоқары сыйлықлары менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, елимиз басшысының Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында жәмийетимизде миллетлераралық татыўлық, диний кеңпейиллик орталығын беккемлеў бағдарындағы жумыслардың избе-из даўам еттирилиўине айрықша тоқтап, елимизде 30 июль «Халықлар дослығы күни» деп белгилеўди усыныс етти. Сондай-ақ «Халықлар дослығы» көкирек белгисин шөлкемлестириў ҳаққындағы баслама да қоллап-қуўатланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 19-майдағы «Миллетлераралық қатнасықларды ҳәм шет еллер менен дослық байланысларды буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы миллий мәдений орайлардың жумысын бүгинги күнниң руўхында шөлкемлестириў, сырт еллер менен мәдений-ағартыўшылық байланысларды кеңейтиў барысында жаңа имканиятларды ашып берди.
Бүгин елимизде 130 дан зыят миллет ҳәм халық, 16 диний конфессия ўәкиллери аўызбиршиликте, бир шаңарақтың перзентлериндей жасап, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып келмекте. Елимизде 150 миллий мәдений орай, 38 дослық жәмийети жумыс алып бармақта. Олар түрли миллет ҳәм халықларға тән пуқаралардың миллий қәдириятларын сақлаў, үрп-әдет ҳәм дәстүрлериниң даўамлылығын тәмийинлеў, жас әўладты миллетлераралық кеңпейиллик руўхында тәрбиялаўға мүнәсип үлес қоспақта. Миллий мәдений орайлардың жумысларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олар ушын кең шараятлар жаратыў мәселеси нызамшылығымызда да өз көринисин тапты. Ҳәзирги ўақытта грантлар, социаллық буйыртпа ҳәм субсидиялар арқалы да олардың түрли алдыңғы басламалары қоллап-қуўатланмақта.
Илажда сыйлықлар өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырылды. Сондай-ақ, республикамызда ҳәрекет етип турған миллий мәдений орайларға естелик саўғалары берилди.
Сыйлықланғанлар атынан Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, «Меҳнат шуҳрати» ордени ийеси У.Жалменов, Қоңырат районы медицина бирлеспесиниң Жаслық емлеў профилактика мәкемесиниң мийирбийкеси, II дәрежели «Саломатлик» ордени ийеси Ж.Жүгинисова, Хожели районындағы «Сарайкөл» аўыл пуқаралар жыйынының баслығы, «Халықлар дослығы» көкирек белгиси ийеси Н.Мамедов сөзге шығып, мийнетлерин жоқары баҳалағаны ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.
– Байрам мүнәсибети менен елимиз басшысының қутлықлаўын айрықша қызығыўшылық пенен тыңладық,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Рус миллий-мәдений орайының баслығы Галина Александровна Зоркина.- Қутлықлаўда атап өтилгениндей, бизиң ең үлкен байлығымыз түрли миллет ҳәм конфессиялар ўәкиллери арасындағы тынышлық ҳәм турақлылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери