ҲӘР БИР ЖИГИТТИҢ МАҚТАНЫШЫ
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 9-апрельдеги «Шақырылыўшыларды таңлап алыў тәртиби ҳаққында»ғы 291-санлы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жыл 19-июльдеги «Шақырылыўшыларды таңлап алыў илажларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 22-13-0-1/21-санлы қарарларына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы аймағында жасаўшы 18 жастан 27 жасқа шекемги пуқараларды 2021-жыл 10-августтан 2022-жыл 10-февральға шекем, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлер қурамын интеллектуал қәбилетли, руўхый әдеп-икрамлылық тәрептен жетик, билимли ҳәм физикалық жақтан шыныққан шақырылыўшылар менен толықтырыў ушын қала ҳәм район қорғаныў ислери бөлимлеринде 2022-жылғы мүддетли әскерий хызметке шақырылыў ушын илажлар алып барылмақта.
Шақырыў илажлары ўақтында мүддетли әскерий хызметке шақырылыўы ушын, шақырыў жасындағы пуқаралар алдынғы медициналық тексериў нәтийжелерине бола саламатлығы бойынша саламат деп табылған, физикалық таярлық ҳәм де жеке тәртипте сәўбеттен өткен болыўы тийис.
Шақырылыўшылар таңлаўда бир жылда тек ғана бир мәрте қатнасыўы мүмкин.
Физикалық таярлық нәтийжеси бойынша жоқары, жақсы ҳәм қанаатландырарлы баҳаланғанлар менен таңлаў кеңеси баслығы ҳәм ағзалары тәрепинен жеке тәртипте сәўбет өткерилип, Ўатансүйиўшилик, пидайылық сыяқлы қәсийетлерине баҳа бериў, мәҳәлле ҳәм жәмийеттеги тутқан орны, абырайы, жүрис-турысы, қызығыўшылығы, сондай-ақ, уллы сәркардаларымыз Әмир Темур (түзиклери), Ж.Мангуберди, З.Бабур ҳәм басқа уллы бабаларымыз ҳаққында Өзбекстан тарийхынан алған билимлерин сынақтан өткерген ҳалда әскерий хызметти өтеў ушын усыныслар берилген.
Сондай-ақ, саламатлығы бойынша саламат деп табылған шақырыў жасындағы пуқаралар биринши нәўбетте Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарына шақырылады.
Пуқаралар тәрепинен мүддетли әскерий хызмет, МШР хызмети ҳәм басқа тараўға тийисли жүзеге келетуғын сораўлар ҳәм мүрәжатлар бойынша район (қала) қорғаныў ислери бөлимлериндеги толықтырыў, аймақлық-медициналық, аймақлық комиссияларына мүрәжат етиўи мүмкин, ол жерде унамлы шешилмеген жағдайда Республикалық әскерий медициналық комиссиясы ҳәм Басшылық кеңеси тәрепинен мүрәжатлар көрип шығылады.
Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасының баспасөз хызмети.