ХАЛЫҚЛАР ДОСЛЫҒЫ КҮНИ БЕЛГИЛЕНДИ
30-июль – Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди.
Видеоконференц байланыс тәризинде өткерилген илажда Нөкис қаласында шөлкемлестирилген студияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Жоқарғы Кеңес депутатлары, ҳүкимет ағзалары, елимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллери, миллий-мәдений орайлардың хызметкерлери қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева оқып еситтирди.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан – үлкен имканият ҳәм ресурсларға ийе болған мәмлекет. Бирақ бизиң ең үлкен байлығымыз – түрли миллет ҳәм конфессиялар ўәкиллери арасындағы тынышлық ҳәм турақлылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик болып есапланады.
Конституциямыз ҳәм нызамларымызда Өзбекстан Республикасының бәрше пуқаралары, миллети, тили ҳәм динине қарамастан тең ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе екени белгилеп қойылған. Оларға өз мәдениятын, дәстүрин ҳәм үрп-әдетлерин раўажландырыў ушын бәрше шараятлар жаратылған.
Бүгинги күнде елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм елат ўәкиллери татыў ҳәм аўызбиршиликли шаңарақ болып жасап, барлық тараўда пидайылық пенен мийнет етип, елимиздиң раўажланыўы ҳәм гүллеп-жаснаўы ушын мүнәсип үлес қосып келмекте.
Қутлы байрам – Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен әне сондай ўатанласларымыз мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан Республикасынан Қарақалпақстан дийқаншылық илимий-изертлеў институты гөрек селекциясы ҳәм туқымшылығы бөлими баслығы Узақбай Айтжанов, Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы Улықбек Жалменов «Меҳнат шуҳрати» ордени менен, Нөкис қаласындағы «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ҳаяллар интернат үйи директоры Лидия Ким I дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен, Қоңырат районы медицина бирлеспесиниң Жаслық емлеў профилактика мәкемеси мийирбийкеси Жанар Жүгинисова II дәрежели «Саломатлик» ордени менен, «Ўзбекгеофизика» акционерлик жәмийетиниң «Устюрт геофизика экспедицияси» филиалы Үстирт кән геофизика партиясы топар баслығы Зарипбай Батбаев «Дўстлик» ордени менен, Мойнақ районындағы «Тик өзек» аўыл пуқаралар жыйыны баслығының шаңарақ, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, социаллық мәселелер бойынша орынбасары Дәригүл Аметова «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети