Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:08:59, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАЛҒАНҒА ҚУРЫЛҒАН ЖУЎАП ХАТ

 2021-жыл 3-июль күни газетамызда «Жеке мәп халық мәпинен үстин тура ма?» атамасындағы мақалам жәрияланғаннан кейин, ҚР Транспорт министрлиги тәрепинен, анығырағы, министрликтиң юристи Б.Сейтмуратов тәрепинен маған наразылықлар пайда болды.

Туўрылап айтқанда, редакцияға министрликтиң мәлимлеме хызметиниң берген жуўап хатында төмендегилер берилген: «Мақалада 69-санлы маршрут бойынша наразылықлар айтылған. 2021-жыл 22-24-июнь күнлери аралығында өткерилген ашық тендер таңлаўына қойылған 69-санлы «Жуўазшы елаты – Адай аўыл» жөнелисли такси жөнелисинде «Голден Пегас Нукус Транс» ЖШЖ жеңимпаз болды. Белгиленген жөнелис схемасы бойынша 6 «Дамас» маркалы автотранспортлар халыққа хызмет көрсетеди».

Жуўап хаттың анық жуўап емеслигин төмендегилер дәлиллейди. Жуўап хатта жуўаптан қашыў, бурмалаў бар. Себеби, мақалада 69-санлы маршруттың схема бойынша 5-санлы поликлиникаға бармай атырғаны, нәтийжеде пенсия жасындағылар поликлиникаға барыўда қыйыншылыққа ушырап атырғаны сөз етилген еди. Бул бойынша бир де сөз жоқ.  Министрлик пуқаралардың негизги наразылығы – 69-маршруттың схема бойынша поликлиника үстинен жүрмей атырғанын қулағының арасынан өткерип жибергени өкинишли, әлбетте. Сондай-ақ, усы күнге шекем 69-санлы маршруттың схеманы бузып жүргени, оған қандай шара қолланғаны туўралы да ҳеш нәрсе айтылмаған. Оның орнына әпиўайы түрде «тендер таңлаўы өткерилди» делинген.

Яқшы, жуўапты қоя турайық, ал министрлик берген мағлыўмат қаншелли дәрежеде ҳақыйқатлыққа туўра келеди? Жақында мен усыны анықлаў ушын «Телеорай» МПЖ баслығы Ж.Атаниязовқа барып, жағдайды сорадым. Оның берген мағлыўматы министрликтиң жуўабына улыўма сәйкес келмегени мени ҳайран қалдырды. 2021-жылдың 16-июнь күнги «Телеорай» МПЖ баслығының мағлыўматында төмендегилер берилген: «Нөкис қаласы «Телеорай» мәкан пуқаралар жыйынының аймағына хызмет көрсетиўши, 5-санлы поликлиниканың қасынан өтиўши 69-санлы жөнелисли такси 2021-жыл март айында иске түсип, бир ай даўамында халыққа хызмет көрсетип келди. Бирақ, апрель айынан баслап бүгинги күнге шекем жүрмей турыпты».

Қызық, сонда министрликтиң мәлимлеме хызмети бизге жалған жуўап берген бе? Министрликтиң тендерде «Голден Пегас Нукус» ЖШЖ 69-санлы маршрутты жеңип алып, 6 «Дамас» халыққа хызмет көрсетип атыр дегени қайда? Олар бундай жалған мағлыўматты қайдан алған? Ямаса министрликтиң көз алдында жүрип турған 69-санлы жөнелисли таксилерди пуқаралар көрмей жүр ме?

Жоқарыда министрлик юристи Б.Сейтмуратовтың мен жазған мақалаға наразы болып жүргенин айтып едим. Буны қурыдан-қуры айтпадым. Себеби, мениң телеграм номериме ҚР Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети басшысы З.Қалжанова жиберген жуўап хаттың соңындағы хабар оның маған басым өткермекши екенлигин дәлиллейди. Яғный, З.Қалжанова жуўап хаттың төменине «Басқа мәселелер бойынша юрист өзим жуўап қайтараман деди. Судқа бережақ» деп жазып қалдырған.

Ал, не ушын Транспорт министрлиги юристи мени судқа бережақ. Оның ойынша, мен мақала жазыў ушын тендер таңлаўының баянламасын сорағаным қәте екен. Усы арқалы мен олардың жеке өмирине араласқан қусайман. Юристтиң пикиринше, мен Өзбекстан Республикасының «Мағлыўмат еркинлиги принциплери ҳәм кепиллиги ҳаққында»ғы нызамыныӊ 10-статьясын ҳәм «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы нызамның 19-статьяларын қопал түрде бузған екенмен.

Б.Сейтмуратов, егер еле де аңламаған болсаң және қайталайман. Мәмлекетлик сырдан басқа нәрселерди кең жәмийетшилик ўәкиллери билиўге толық ҳақысы бар. Тендер таңлаўы туўралы мағлыўматларды мәмлекет сыры деп есаплаў қайдан шықты? Усындай әпиўайы мағлыўмат сыр болатуғын болса, онда жәмийетшилик қадағалаў дегенди айтып адамлардың басын аўыртыўдың кимге кереги бар?

Ҳәр бир мәмлекеттиң бас нызамы - Конституция болып табылады. Мәмлекетте шығарылған ҳәр қандай нызам, қарарлар бас нызамға қайшы келиўи мүмкин емес. Сонлықтан, соны билмесеңиз сизге Конституцияны келтирип өтемен. Конституцияның 29-статьясы сизге анық жуўап болып табылады. Онда: «Ҳәр ким пикирлеў, сөз ҳәм исеним еркинлиги ҳуқықына ийе. Ҳәр ким өзи қәлеген мағлыўматты излеў, алыў ҳәм оны тарқатыў ҳуқықына ийе, ҳәрекеттеги конституциялық дүзимге қарсы қаратылған мағлыўмат ҳәм нызам менен белгиленген басқа шеклеўлер буған кирмейди. Пикир жүргизиў ҳәм оны бериў еркинлиги тек мәмлекет сыры ҳәм басқа сырларға тийисли болғанда ғана нызам менен шеклениўи мүмкин».

Улыўма алғанда, ҚР Транспорт министрлиги елеге шекем дәўир менен тең қәдем таслап, ашықлық, демократия принциплери менен жумыс ислеўге үйренбей атырғаны өкинишли. Оның орнына, өзиниң үйдей айыбы бола турып, басқадан қәте излеў ҳәрекетин еле даўам еттирип атыр. Журналистлерге басым өткериў, оларды түрли сылтаў-бәне менен судқа беремен деп қорқытыў, журналистлерден суйық, сынасаң сынға турмайтуғын жуўабын дурыс деп қабыллаўды талап етиў, мағлыўматларды жасырыў бүгинги министрликтиң айқын келбети болып қалмақта. Қай жерде жасырыў, кишигирим мағлыўматты мәмлекетлик сыр дәрежесине алып шығыў болса, сол жерде коррупция иллетлери тамыр уратуғыны ҳеш кимге сыр емес.

Мен әпиўайы журналист ретинде тендер таңлаўын сәўлелендириўге урынғанымда, министрликтиң қолымды қағып, судқа бериў менен қорқытып, жолымнан тайыўға урыныўынан қорықпақшы емеспен. Себеби, мениң изимде пуқаралар, халықтың ўәкиллери турыпты. Мақала жазған болсам, өз мәпимди емес, ал пуқаралардың мәпин гөзледим. Олардың өтинишлерин кең жәмийетшиликке алып шықтым.  Аз да болса олар қәте-кемшиликлерин көрсин, жумысын жөнлесин дедим. Сонлықтан, Б.Сейтмуратовқа мени қәлеген судқа бериўин, онда қатнасыўға таяр екенлигимди билдиремен. Егер мәмлекетимизде нызам үстинлиги, жәмийетшилик қадағалаў түсиниги қағазда емес, ал турмыста бар болса, мениң жеңип шығыўым анық деп ойлайман.

Мен ҚР Транспорт министрлиги туўралы мақалама ноқат қойыўға асықпайман. Егер юрист жүрек етип мени судқа берсе, және мақала жазылатуғынын еслетип өтемен.

 

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF