«ТАКСИ»ШИЛЕР ЖЕКЕ ТӘРТИПТЕГИ ИСБИЛЕРМЕН СЫПАТЫНДА ДИЗИМНЕН ӨТИЎИ МҮМКИН БЕ?
Автотранспортта жолаўшыларды тасыў хызметин көрсетиў жумысын әмелге асырыў ушын шараятларды әпиўайыластырыў, тараўда жасырын экономиканың тәсирин азайтыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 7-майдағы «Автомобиль транспортында жолаўшыларды тасыў жумысын тәртипке салыўды және де әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Усы қарар арқалы жолаўшы тасыў менен шуғылланыўды қәлеўшилер өзин-өзи бәнт еткен ҳалда жеке автомашинасында жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында жумыс алып барыўына мүмкиншилик жаратылды. Анық етип айтқанда, усы тәртип 2021-жыл 15-майдан 2022-жылдың ақырына шекем жолаўшы тасыў жумысын тәртипке салыўды әпиўайыластырыў мақсетинде эксперимент сыпатында жолға қойылды. Бунда жолаўшыларды айдаўшыдан тысқары төрттен артық болмаған орынлықларға ийе жеңил автотранспортларда тасыў нәзерде тутылған.
— Ендигиден былай жолаўшыларды тасыў жумысы ушын лицензия 21 жасқа толған ҳәм басқарыўында арзаны бериў ўақтында 10 жылдан артық болмаған ўақыт даўамында эксплуатация етилген автомобиль транспорты бар жеке тәртиптеги исбилерменлерге бериледи,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының баспасөз хаткери М.Мершиева. — Бирақ, жеке тәртиптеги таксишилерге жолаўшыларды автомобиль транспортында тасыў жумысы шеңберинде хызметкерлерди жумысқа жаллаўға руқсат етилмейди.
2021-жыл 1-сентябрьге шекемги дәўирде жеке тәртиптеги айдаўшыларды мәмлекетлик дизимнен өткергенлиги ушын мәмлекетлик бажы өндирилмейди. Сондай-ақ, лицензия берилгенлиги ушын мәмлекетлик бажы жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында өндириледи. Бунда мәмлекетлик хызметлерди көрсеткени ушын жыйым өндирилмейди.
Жеке тәртиптеги айдаўшылар қатаң белгиленген муғдарда физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығын 3 тоннаға шекем жүк көтериў имканиятына ийе автомобиль тарнспортында жүклерди тасыў жумысы менен шуғылланыўшы жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын белгиленген ставкада төлейди. Яғный, ҳәр айдың 15 сәнесине шекем 150 мың сум муғдарында дәрамат салығын төлейди. Сондай-ақ, усы исбилерменлик субъектлери базалық есаплаў муғдарынан кем болмаған муғдарда социаллық салық төлеўи белгиленген.
Демек, бүгинги күнде аймаққа транспорт хызметин көрсетиўши жеке тәртиптеги исбилермен бюджетке 150 мың сум дәрамат салығы ҳәм 245,0 мың сум социаллық салық, жәми болып 395,0 мың сум муғдарында төлем төлейди ҳәм ай даўамында жумысын әмелге асырады.
Қарар талаплары тийкарында жеке тәртиптеги тасыўшылар бир айда бир мәрте медициналық тексериўден өтиўи, автомашинасын 6 айда кеминде 1 мәрте техникалық тексериўден өткериўи белгиленген.
Және бир қолайлылықF жолаўшы тасыўда пайдаланып атырған автотранспорт қуралларының реңи ҳәм арнаўлы сериялы мәмлекетлик номери бойынша орнатылған әмелдеги талаплар 2023-жылдың 1-январына шекем тоқтатылып турады.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.