Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:34:30, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТЛЕР КӨРСЕТИЎДЕГИ ЖАҢАЛЫҚЛАР

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында «Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў сапасын жақсылаў, пуқаралардың артықша әўерешиликлериниң алдын алыў ҳәм бюрократиялық жағдайларға жол қоймаў, сондай-ақ, 2021-жылдың биринши ярым жыллығы даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында» темасында баспасөз конференциясы болып өтти. Онда республикамыз ҒХҚ ўәкиллери, баспасөз хызметкерлери, блогерлер ҳәм усы тараў хызметкерлери қатнасты.

Конференцияны басқарма баслығының орынбасары Ерназар Досанов ашты ҳәм алып барды.

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен халқымызға ҳәм исбилерменлик субъектлерине 2 млн. 600 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилген. Бул көрсеткиш өткен жылларға қарағанда әдеўир жоқары.

2021-жылдың биринши ярым жыллығы даўамында 576 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилип, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўири менен салыстыр­ғанда 66 процентке өскенлигин көрсетеди.

Соны да айтып өтиў керек, 7302 исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик дизимнен өткен. Бул да 2020-жылға қарағанда бирқанша жоқары дәрежедеги мәмлекетлик дизим көрсеткишлер екенлигин билсек болады.

Халыққа және де қолайлылық жаратыў мақсетинде алыс аўылларға шығыў арқалы «Мобил мәмлекетлик хызметлер» жолға қойылғанлығы ҳәм 2021-жылдың 6 айы даўамында республикамыз бойынша жәми 39 мыңнан аслам көшпели хызметлер көрсетилгенлиги айтып өтилди.

Бүгинги күнге келип басқарманың республикамыздың 9 районында филиаллары хал­қымызға сапалы хызмет көрсетип келмекте. Жақында Қараөзек районында филиалдың жаңа имараты тапсырылыўы алдында тур.

Бул филиаллар тәрепинен бүгинги күнге шекем 18 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилген ҳәм пуқараларымыздың бир қанша қағазпазлық әўерешиликлери тәртиплестирилди.

Баспасөз конференциясы даўамында тараўда жүз берген айырым ҳуқықбузарлықлар ҳәм оларға қолланылған шаралар ҳаққында да сөз етилди. Бундай ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде басқарма тәрепинен «Сырлы клиент» жойбары қойылып, хызметкерлердиң қандай тәризде ислеп атыр­ғанлығы пуқаралар арқалы анықланады.

Тараўда жаңалықлар да жүз берип атырғанлығын айтып өтсек орынлы болады. Себеби, мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде «Агентлер» искерлиги қолға алынып атыр. Оларға қойылған талаплар, бир неше түрдеги мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў имканиятлары айтып өтилди.

Баспасөз конференциясы даўамында ҒХҚ ўәкиллери тийисли тараў хызметкерлеринен өз сораўларына жуўаплар алды.

Т.ЖӘРИМБЕТОВА.  

СҮЎРЕТТЕ: пресс-конференциядан көринис.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF