Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:49:25, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН — КЕҢПЕЙИЛ ҲӘМ КӨП МИЛЛЕТЛИ МӘМЛЕКЕТ

Быйыл Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлигине 30 жыл толмақта. Әйне пайытта жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасап атырған гүллән халқымыз усы ең уллы ҳәм ең әзиз сәнени үлкен табыслар қушағында күтип алыў алдында.

Жаңа Өзбекстан деп пикир жүргизиўимиз де тосыннан емес, әлбетте. Соңғы бес жылдың ишинде жанажан Өзбекстанымызда бир неше он жыллықларға татыйтуғын, бурын мисли көрилмеген түпкиликли өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар жүз берди. Өткен қысқа ўақыт ишинде халқымыздың еркин ҳәм абадан жасаўы ушын барлық тараўларда көлемли реформалар алып барылды ҳәм бул илажлар буннан былай да даўам етпекте. Әҳмийетлиси, буннан елимизде жасап, республикамыздың гүллеп-жаснаўы ушын Журтбасшымызға қол-қанат болып, жанкүйерлик пенен мийнет етип атырған пуқараларымыздың кеўли көтериңки.

Мине, биз усындай байрам қарсаңында көп миллетли Өзбекстан Республикасы бойлап 30-июль — Халықлар дослығы күни байрамын да кең түрде белгилемектемиз. Әлбетте, миймандос ҳәм кеңпейил Өзбекстан Республикасының мәм­лекетлик ғәрезсизлигин беккемлеў, ғәрезсизлик жылларында ерисилген табыслар менен жетискенликлерде республикамызда жасап атырған көп санлы миллет ўәкиллериниң  де үлеси шексиз.

Соңғы жылларда ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири — жәмийетимизде миллет­лераралық татыўлықты ҳәм кең­пейилликти тәмийинлеў, дослық орталығын ҳәм көп миллетли үлкен бирден-бир шаңарақ сезимин беккемлеў, жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, шет еллер менен руўхый-ағартыўшылық байланысларды кеңейтиўге бағдарланған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

30-июль — Халықаралық дослық күни. Бул сәне 2011-жыл 3-майда БМШ Бас ассамблеясы тәрепинен жәрияланған болып, усы мәселе бо­йынша резолюцияда «Халықлар, мәмлекетлер, мәдениятлар ҳәм шахс­лар арасындағы дослықты, тынышлықты тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлерге илҳам бериўши және мәдений көптүрлиликти ҳүрмет ететуғын жәмийетлер арасында көпир орнатыў имканиятын жаратыўы мүмкин», делинген.

Президентимиздиң усы жылдың 3-февраль сәнесиндеги «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың денсаўлығын сақлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы ПП-6155-санлы Пәрманы менен 30-июль — халықаралық дослық күнин елимизде «Халықлар дослығы күни» сыпатында белгилеў ўазыйпасы алға қойылды. Сондай-ақ, 2021-жылдың 10-февралында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының «Халықлар дослығы күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасында 130дан алсам миллет ўәкиллери бар болып, олар әйне пайытта биз бенен бирге тынышлық ҳәм татыўлықта жасап, елимиздиң барлық тараўларында теңдей ҳуқықларда, ҳәр қыйлы тараўларда жемисли мийнет етип, Ўатанымыздың гүллеп-жаснаўына ҳәм оның ғәрезсизлигин беккемлеўге, республикамыздың халық­аралық майдандағы абы­райын артырыўда мүнәсип үлес қосып келмекте.

Ҳәзирги күнде Өзбекстан Республикасы бойынша 150 мәдений орайлар жумыс алып барып атыр­ған болса, Қарақалпақстанда Рус, Украин, Қазақ ҳәм Түркмен миллий мәдений орайлары және Корейс­лер ассоциациясының жумысы жолға қойылған. Соның менен бирге республика аймағында Белорус, әзербайжан, қырғыз, тәжик, татар ҳәм басқа да миллет ўәкиллери бир шаңарақтың перзентлериндей тынышлық ҳәм татыўлықта, аўызбиршиликте турмыс кеширеди.

Қарақалпақстан миллий телерадиокомпаниясында елимиздеги халықлар дослығын ҳәм миллетлер­аралық татыўлықты сәўлелендириўге үлкен итибар қаратылған болып, теле ҳәм радиоканаллар бағдарламаларынан турақлы орын алған «Өзбекстан — улыўма үйимиз» атамасындағы көрсетиў ҳәм еситтириўлер елимизде жасап, мийнет етип атырған миллет ҳәм халықлардың турмысынан сөз етеди. Сондай-ақ, усы бағдардағы материаллар баспасөз бетлери менен рәсмий, жаңалықлар сайтлары ҳәм социаллық тармақларда да кеңнен жарытылып келинбекте.

Усы орында ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстанға дәслепки сапары ўақтында тилге алған қарақалпақ тилиндеги «Аўызбиршилик» сөзиниң терең мазмун-мәниске ийе екенин ҳәм биз сөз етип отырған елимизде халықлар дослығын, миллетлераралық татыўлықты сақлаўда усы сөздиң оғада үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтиў орынлы.

«Ҳәр бир халықтың өзиншелиги неден ибарат! Ол тек ғана өзине тән пикирлеў тәризи ҳәм әтираптағы нәрселерге мүнәсибетинде, дининде, тилинде, әсиресе, салт-дәстүр ҳәм үрп-әдетлеринде сәўлеленеди. Бул шараятлар оғада әҳмийетли ҳәм уйғынласқан болып, бир-бири менен тығыз байланыслы болады. Ҳәр бир халықтың әне, усы қәсийетлериниң арасында салт-дәстүр ҳәм үрп-әдетлер үлкен әҳмийетке ийе, олар халықтың дерлик ең характерли пазыйлетлерин сәўлелендиреди», деген еди белгили дөретиўшилерден бири.

Қарақалпақстан Республикасында жасайтуғын ҳәр қыйлы миллет ҳәм халықлардың үрп-әдетлерине ҳүрмет пенен қараў, ҳәр бир миллетке тийисли байрамларды кең түрде белгилеўге жоқары дыққат бөлинип келинбекте.

Атап айтқанда, бул итибар «Миллетлералық қатнасықлар тараўында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясаты концепциясының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети»ниң «Миллетлераралық аўызбиршилик ҳәм кеңпейиллик — раўажланыў факторы» темаларында өткерилип киятырған илажларда өз сәўлелениўин таппақта.

Сондай-ақ, бул бағдарда республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң республикада жумыс алып барып атырған миллий мәдений орайлар менен тығыз бирге ислесип атырғанын да атап өтиў тийис. Неге дегенде, соңғы ўақытларда Орай тәрепинен өткерилип атыр­ған ҳәр қыйлы руўхый-ағартыўшылық илажларда халықлар дослығына айрықша итибар қаратылып, елимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллери байрам илажларының тыйкарғы қатнасыўшылары қатарынан орын алып атырғаны бәримизге белгили.

Мине, солардан бир ғана мысал ретинде усы жылдың 28-июнь ҳәм 2-июль күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасында өткерилген «Мәнаўият фестивалы»н атап өтиўимиз орынлы.

 Сондай-ақ, әйне пайытта сәне мүнәсибети менен Орайдың Қарақалпақстан бөлими тәрепинен Нөкис қаласы ҳәм барлық районларда жасап, жәмийетимиздиң түрли тараўларында жемисли мийнет етип атырған ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери менен ушырасыўлар, руўхый-ағартыўшылық илажлары алып барылмақта.

Өзбекстан Қаҳарманы, халық шайыры Ибрайым Юсуповтың:

«Суўымды сағалас еткен,

Елимди аралас еттирген,

Түркменге намалас еткен,

Қардашы көп туўысқанлық.

 

Қазақларға тай сойғызған,

Қырғызларға қой сойдырған,

Үй тиктирип, бас қойғызған,

Туўысқанлық, туўысқанлық», - деп атап өткениндей, өзбек ҳәм қарақалпақ халықлары әзелден туўысқаншыл, миллетлераралық дослықты сүйетуғын халық, десем асыра айтпаған боламан.

Жуўмақлап айтқанда, биз көп миллетли ҳәм кеңпейил Өзбекстан Республикасында жасар екенбиз, Өзбекстан Республикасының гүллеп-жаснаўы ушын буннан былай да миллетлераралық татыўлықта ҳәм аўызбиршиликте өз дөретиўшилик жумысларымызды даўам етемиз.

 Т.АТАМУРАТОВ,

республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы

Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF