«ЖУМЫСҚА МӘРҲАМАТ» МОНООРАЙЫ АШЫЛДЫ
Усы жыл 29-июль күни Нөкис қаласында «Жумысқа мәрҳамат» моноорайының ашылыў салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Н.Ҳусанов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитетиниң баслығы Б.Алиханов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде мийнет базарының нәтийжели механизмлерин енгизиў, кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды заманагөй кәсип-өнер ҳәм исбилерменлик көнликпелерине оқытыў, сол тийкарда оларды турақлы дәрамат келтиретуғын мийнет ҳәм исбилерменлик жумысына тартыў арқалы бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-августтағы «Кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды исбилерменликке тартыў, олардың мийнет белсендилигин арттырыў ҳәм кәсип-өнерге оқытыўға қаратылған және халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда ҳәм ўәлаятларда «Жумысқа мәрҳамат» моноорайлары шөлкемлестирилмекте.
Нөкис қаласындағы бурынғы коммунал хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжи имаратының бир бөлеги қайта реконструкцияланып, «Жумысқа мәрҳамат» моноорайы пайдаланыўға тапсырылды. Бул жерде «Нөкис агросанаат қурылыс монтаж» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен 10,5 миллиард сумлық реконструкция жумыслары әмелге асырылды. Орайдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде Жәҳән банки қаржылары есабынан 1,5 миллиард сум ажыратылып, заманагөй әсбап-үскенелер алып келинди.
Жаңадан пайдаланыўға тапсырылған «Жумысқа мәрҳамат» моноорайында халыққа 4 бағдар бойынша 19 кәсип-өнер ҳәм 3 шет тили үйретиледи. Атап айтқанда, сервис ҳәм хызмет көрсетиў тараўы бойынша нейл-стилист, косметолог, ҳаял-қызлар шаштәрези ҳәм визажист, ерлер шаштәрези, тигиўши, кейтринг хызмети (аспаз, кулинария ҳәм сервис хызмети), массажист (балалар ушын), батлер-официант, техникалық тараў бойынша сантехник, электрик, турмыслық үй-руўзыгершилик электротехника буйымларын оңлаў устасы, кепсерлеўшилер, жүк көтериўши кран операторы, аўыл хожалығы тараўы бойынша ыссыхана, гидропоника, улыўма қурылыс тараўы бойынша гипсокартонды қайта ислеў, гербиш өриўши, сыбаўшы ҳәм бояўшы қәнигеликлери, сондай-ақ, рус, инглис ҳәм корейс тиллери үйретиледи.
Тыңлаўшылар ушын қысқа мүддетли оқыў круслары 1 айдан 4 айға шекем даўам етеди. Ҳәр бир курс ушын белгиленген оқыў мүддети ҳәм саатлар көлеми тийисли тараў қәнигелери, жумыс бериўшилер, «294ld !k8ll!» халықаралық стандарты, мийнет базарындағы талап, усыныс ҳәм зәрүрликлерди есапқа алған ҳалда ислеп шығылған. Басқа билимлендириў системаларынан өзгещелиги — бул жерде оқыў сабақлары 30 процент теориялық, 70 процент әмелий тәризде алып барылады. Орай питкериўшилериниң кәсиплик шеберлиги «World Skills» халықаралық стандарты тийкарында баҳаланып, оннан табыслы өткенлерге елимизде ҳәм сырт еллерде тән алынған кәсиплик маманлық сертификаты (Skills паспорты) бериледи.
Бүгинги күни орайда 180 пуқара кәсип өнер сырларын үйренбекте.
Илаж қатнасыўшылары орайда тыңлаўшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўрети.