ХАЛЫҚТЫҢ МҮРӘЖАТЛАРЫ МЕНЕН ИСЛЕСИЎ МӘСЕЛЕСИ ДОДАЛАНДЫ
Усы жыл 28-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитети менен биргеликте Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 23-июль күни халық мүрәжатлары менен ислесиў системасын жаңаша шөлкемлестириў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўына бағышланған мәжилис болып өтти.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов басқарып барды.
Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитетиниң баслығы Б.Алиханов, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы С.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасының баслығы Р.Айтмуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бүгинги күни халықтан келип атырған мүрәжатларды шешиў жағдайы, бул бағдарда әмелге асырылған жумыслар менен әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жоқарыда атап өтилген видеоселектор мәжилисинде халықтан келип атырған мүрәжатлар менен ислесиўдиң бүгинги күнги барысы министрлик пенен аймақлар кесиминде додаланып, бул бағдардағы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.
Усы ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда халықтың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша барлық жуўапкер министрликлер, мәкемелер ҳәм шөлкемлер, сектор басшыларынан ибарат жумысшы топарлар шөлкемлестирилди. Олар қала ҳәм районларда, әсиресе, шетки мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларына 15 күнге мобилизация етилип, мүрәжатларды тиккелей орынларға шыққан ҳалда шешиў илажлары көрилмекте. Тастыйықланған кесте тийкарында ҳәптесине кеминде еки күн алыс, шетки, аўыр ҳәм машқалалы аймақларда көшпели қабыллаўлар шөлкемлестириў жолға қойылды. Белгили бир мүддет ҳәм қаржыландырыў талап етилетуғын мүрәжатларды шешиў бойынша район, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм мәмлекет дәрежесине қарай «Жол карталары»н ислеп шығыў ҳәм орынланыўын айрықша қадағалаўға алыў белгилеп алынды.
Халық ҳәм Виртуал қабыллаўханаларға халықтан усы жылдың январь-июнь айларында жәми 33 мың 934 мүрәжат келип түсип, өткен жылдың усы дәўирине салыстарғанда дерлик еки есеге өскен. Олардан 7276 сы, яғный, 21 проценти унамлы шешимин тапқан. Келип түскен мүрәжатлар тараўлар кесиминде таллап көрилгенде, пуқаралар көбирек халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кредит ажыратыў, материаллық жәрдем ҳәм напақа, электр ҳәм газ, денсаўлықты сақлаў мәселелеринде мүрәжат еткен.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасына усы жылдың январь-июнь айларында 1640 мәселе бойынша 1534 мүрәжат келип түскен. Соннан 1607 мәселе (98 проценти) шешилген.
Мәжилисте билдирилген пикир-усыныслар ҳәр тәреплеме додаланды. Халықтың мүрәжатлары менен ислесиўде депутатлардың орны ҳәм жуўапкершилигин арттырыў, олардың өзлери сайланған аймақтағы машқалалардың тийисли министрлик ҳәм ҳәкимликлер тәрепинен қай дәрежеде шешилип атырғанлығын турақлы үйренип, қадағалап барыў ўазыйпалары белгиленди. Ҳәр бир мүрәжатта келтирилген машқалаларды унамлы шешип, әсиресе, шетки аймақлардағы халықтың жасаў шараятларын үйрениў ҳәм жақсылаў мәселесине қатаң итибар қаратыў кереклиги айрықша атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.