«ИСТИҚЛОЛ»ДАҒЫ ЖАҢА ӨЗГЕРИСЛЕР
Елимизде аўыл аймақ ҳәм мәҳәллелерди абаданластырыў арқалы, халықтың еркин ҳәм абадан турмыста жасаўына имканиятлар жаратылмақта.
Буған қосымша, халықтың ийгилиги ушын хызмет ететуғын социаллық объектлер, имаратлар қурылып, көшелер асфальтланып, пайдаланыўға тапсырылып атыр. Жасыратуғыны жоқ, бул жумыслар тийкарынан «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы негизинде әмелге асырылмақта.
Елликқала районындағы «Истиқлол» мәкан пуқаралар жыйыны аймағы «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасына киргизилгенли берли көз қуўандырарлық дәрежеде жаңаланып, өзгерислерге жүз бурмақта.
Өткен жылы, барлық көшелерге ишимлик суўын жеткерип бериўши тармақлар тартылып, машқала унамлы шешимин тапты. Ал, электр энергиясының үзликсиз ислеўин тәмийинлеў ушын 2 дана трансформатор қурып берилгени аймақ турғынларының қолын бираз узартты. Себеби, бүгинги күнделикли турмысымызда электр энергиясы жақын жәрдемшимизге айланған. Ал, жыйын аймағында 12 көшени байланыстыратуғын ойлы-бәлент жоллар, бүгинги күни тегисленип, шағал таслар төселип, соңғы асфальтлаў жумысларына таярлап қойылды. Бул жумыслардың сапалы етип ислениўинде Елликқала районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасының жәмәәти аянбай хызмет көрсетти. Атап айтқанда, 2 дана грейдер ҳәм 2 дана жүк тасыў машиналары жәрдеминде жумыслар орынланды. Мине, усындай кең көлемли қурылыс жумысларынан соңғы жаңаланыўлар мәҳәлле аймағының келбетин унамлы тәрепке өзгертпекте.
Ең әҳмийетлиси, мәҳәлле аймағындағы өзгерислер халықтың кеўил кейпиятын көтерип атырғаны қуўандырады.
Қ.РЕЙМОВ,
Елликқала районы,
өз хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: «Истиқлол» МПЖ баслығы Б.Бабажанов
бүгинги ислениўи тийис жумыслар туўралы ойласық пайытында.