АЎЫЛ ТУРҒЫНЛАРЫНЫҢ МҮРӘЖАТЛАРЫ ТЫҢЛАНДЫ
Усы жыл 23-июль күни Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында халық мүрәжатлары менен ислесиў системасын жаңаша шөлкемлестириў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилген еди.
Мәжилисте халық мүрәжатлары менен ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы министрликлер ҳәм аймақлар кесиминде додаланып, мәмлекетимиз басшысы адамларды мүрәжат етиўге мәжбүр етип атырған машқалаларды мәҳәллениң өзинде сапластырыў керек екенлигин атап өткен еди.
Оның ушын ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери бир ҳәптеде еки күнди пуқараларды қабыллаўға ажыратыўы, сондай-ақ, ҳәкимлерде күнлик қабыллаў жолға қойылатуғыны белгиленди.
Усы жылдың 6 айында Халық қабыллаўханаларына бәнтлик ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша келип түскен 100 мың мүрәжатты толық ҳәкимлик күши менен шешиў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.
Мысалы ушын, Пастдарғом районында шөлкемлестирилген Мәҳәлле кесиминде ислеў орайы 117 мәҳәлледе хатлаў өткерип, 4 мың жумыссыз пуқараларды анықлаған. Кәсип ҳәм исбилерменликке оқытыў, бизнес жойбарларын таярлаў, кредит ҳәм субсидия алыўға жәрдемлесиў арқалы олардың 3 мыңнан артығы бәнт етилген.
Усындай басламаларды басқа аймақларда да енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы мақсетте Қараөзек районы ҳәкими, сектор басшылары ҳәм тийисли шөлкемлердиң қатнасыўында райондағы «Академик Сабыр Камалов» АПЖ аймағындағы үш аўылдың пуқаралары менен ушырасыў өткерилди.
Онда район ҳәкими Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған бир қатар пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәнисин, әҳмийетин халықтың кең қатламына тереңирек жеткериў ең тийкарғы ўазыйпалардың бири екенлигине тоқтап өтти.
Ушырасыўда пуқаралар менен тиккелей сәўбетлесиў өткерилип, олар тәрепинен аўылдағы тийкарғы машқалалар, атап айтқанда, егислик жерлерин суўғарыў, жумыссызлық ҳәм материаллық жәрдем сыяқлы мәселелер бойынша мүрәжатлары тыңланды. Бул мәселелер сектор басшылары тәрепинен үйренилип, тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Усы күни аймақтағы «Алишеп» аўылына баратуғын еки километр жолдың қурылысы бойынша аўыл турғынлары жәрдем сорап мүрәжат етти. Мүрәжат сол орынның өзинде шешимин таўып, жолға тийисли кәрханалар тәрепинен оңлаў жумыслары басланып кетти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.