БАЛАЛАРЫМЫЗ ЎАТАНСҮЙИЎШИЛИК РУЎХЫНДА ТӘРБИЯЛАНБАҚТА
«Шаңарақта ең аўыр ўазыйпа — бала туўылғаннан кейин перзент тәрбиясыдур» -деген еди данышпанларымыз. Ҳақыйқатында да, бала бир нәўшеге уқсайды. Оның өсиўи, тәрбиясы қаншелли туўры болса, пайдасы да сонша көп болады.
Мәмлекетимизде мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң шөлкемлестирилиўи елимиздеги миллионлаған балалардың келешегин ойлап исленген саўаплы ислериниң бири болып табылады.
Бүгинги күни балаларды мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алыў жылдан-жылға өсип бармақта. Мақсетимиз — ҳәр бир ата-ананың перзентиниң айдын келешегин жаратыўдан ибарат ҳәм олардың тәлим-тәрбия алыўы ушын барлық қолайлылықлар жаратып бериў болып табылады. Президентимиз бул илажларды өз ўақтында әмелге асырды. Себеби, биз перзентлеримизди бақша жасынан-ақ, тәлим-тәрбияға бағдарламасақ, уллы келешекти қурыўымыз машақатлы жумыс екенлигин ўақыттың өзи дәлиллеп берген еди. Мәмлекетимиз басшысының тиккелей басламасы менен тараўға байланыслы ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Атап айтқанда, мектепке шекемги билимлендириў тараўын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы тастыйықланды.
Усы концепцияға муўапық, 2030-жылға келип, мектепке шекемги жастағы балалардың 80,8 проценти мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алыныўы әҳмийетли ўазыйпалардың бири етип белгиленди. Бул көрсеткишлер арқалы миллионлаған балалардың айдын келешегин, олардың абадан турмысын ҳәм қаншадан-қанша шаңарақлардың тыныш-татыўлығын аңлап алыў қыйын емес.
Бүгин соны тән алып айтыўымыз керек, балалар бақшасына қамтып алынған мектеп жасындағы балалар арасында буннан он жыл алдын сол жастағы балалар менен салыстырғанда үлкен айырмашылықлар сезиледи. Ҳәзирги күнги бақша балалары спортқа, музыкаға, көркем-өнер ҳәм әдебиятқа деген қызығыўшылықлары, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияланыўшылары ҳәрип танып, оқыўға деген ықласы артып бармақта. Соның менен бирге, балаларымыз математика әлеминиң сырларын үйренип баслады. Ең әҳмийетлиси, олардың санасы раўажланған сайын саламат турмыс тәризи қәлиплеседи.
Бүгин биз соны анық айта аламыз, ҳәзирги күнги балаларымыз мәмлекетимиз Президентиниң басламасы менен үшинши ренессанстың ҳақыйқый бир ўәкили сыпатында өз мәмлекети ушын гүресе алады.
Ҳәзирги ўақытта мектепке шекемги билимлендириў министрлиги бул бағдардағы жумысларды және де жетилистириў, яғный, заманагөй методикаларды өзлестириў, балалардың қамтылыўын кеңейтиў мақсетинде реформаларды әмелге асырмақта.
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы алдынан «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» сүрени астында министрлик тәрепинен үлкен жаңаланыўлар әмелге асырылып, бүгинги күни алыс аймақларда мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң имаратларын капитал оңлаў жумыслары исленбекте. Атап айтқанда, алыс аймақлардағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде 29 қурылыс оңлаў жумыслары ҳәм 11 ири қурылыс ислери әмелге асырылмақта.
Усы қурылыс оңлаў жумыслары арқалы тәрбияланыўшыларымызға тәлим-тәрбия алыўы ушын кең колайлықлар жаратылып берилип атыр. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 18-сентябрьдеги «Мобиль топарлар базасында мектепке шекемги билимлендириў хызметлерин көрсетиў бойынша тәжирийбе сынаў жойбарын әмелге асырыў ҳаққында»ғы қарары тийкарында Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң 2021-жылы 18-майдағы «Мобиль топарлар базасында мектепке шекемги билимлендириў хызметлерин көрсетиў системасын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы буйрығына тийкарланып, усы жылы Кегейли, Беруний, Төрткүл, Шоманай районларында мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери бар болған алыс аймақлардан 2 аймақ таңлап алынып, ҳәр бир аймақта 3 мобиль топарлар шөлкемлестириў ислери алып барылмақта. Ҳәзирги күнде 8 аймақта фундамент жумыслары жуўмақланып, автобус турар орынлары толық үскенеленди.
Усы жылдың 4-июнь күни Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги тәрепинен 4 ИСУЗУ автобуслары менен тәмийинленип, олар өз орынларына жеткерилди. Жәми 24 топарға 384 балаларды қамтып алыў режелестирилмекте.
Бул қолайлылықлардан тәрбияшыларымыз үнемли пайдаланып, келешегимиз болған балаларымызды ҳәр тәреплеме раўажланған жетик, бәркамал әўлад етип тәрбиялаўда түрли илажлар шөлкемлестирип келмекте.
Атап айтқанда, мектепке шекемги билимлендириў тараўында тәрбияланыўшылар арасында мәҳәлле ҳәм шаңарақта руўхый орталықты беккемлеў ҳәм балаларымызға жаслайынан өзи туўылып өскен мәҳәллесине меҳирин оятыў ушын «Мениң Ўатаным, Мениң мәҳәллем, Мениң үйим!» ураны астында тәрбияланыўшыларда миллий қәдириятлар ҳәм әдеп-икрамлы етип тәрбиялаўда «Миллий қәдириятлар ҳәптелиги», «Сәлемлесиў әдеби», «Қарақалпақ халық ойынлары ҳәм ертеклери», «Миллий салт-дәстүрлер, үрп-әдетлер»имизге қызығыўшылығын ҳәм ҳүрметин арттырыўда илажлар турақлы түрде өткерилип келинбекте.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жылы 23-февральдағы «Жасларды әскерий Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 140-санлы қарары тийкарында барлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде «Ўатансүйиўшилик» мүйешлери шөлкемлестирилген.
Бул мүйешлерде Ўатансүйиўшилик тәлим-тәрбияны үгит-нәсиятлаў мақсетинде ҳәр жылы январь айында «Ўатансүйиўшилик» айлығы өткериледи. Илаж даўамында тәрбияланыўшылар арасында Ўатан ҳаққында қосық, тақмақлар аяқ- ойынлар, спорт жарыслары өткерилип балаларда әскерий ўатансүйиўшилик бағдарындағы дәслепки басланғыш түсиниклери раўажландырылып барылмақта.
Бул руўхый-ағартыўшылық жумыслары мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери менен бир қатарда Мәмлекетлик жеке шериклик тийкарында шөлкемлестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде де бул бағдардағы илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтатуғын болсақ, «Өз балаңызды, өз үйиңизди, өз Ўатаныңызды көз қарашығындай асыраң!» ураны астында шөлкем тәрбияшылары ата-аналар менен биргеликте балаларға шаңарақтың әҳмийетин, туўылып өскен жериниң қәдирине жетиў, ўатанды өз үйиндей сыртқы тәсирлерден қорғаў сыяқлы сезимлерин беккемлеп барыў жолында қунлы жумыслар алып барып атыр.
Бир сөз бенен айтқанда, баланы Ўатанға деген мухаббат руўхында тәрбиялаўда мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тутқан орны гиреўли.
Ж.Уснатдинова,
Қарақалпақстан Республикасы
Мектепке шекемги билимлендириў министри.