ЕЛИМИЗДИҢ ДӘСЛЕПКИ АЛТЫН МЕДАЛЫ
Өткен жума күни Японияның пайтахты Токио қаласында старт алған XXXII жазғы олимпиада ойынлары қызғын беллесиўлер менен даўам етип атыр.
Ойынлардың екинши күни, яғный, 25-июль сәнеси ғәрезсиз Ўатанымыздың тарийхында алтын ҳәриплер менен жазылып қалатуғын болды. Әйне усы күни мәмлекетимиз сайланды командасының ағзасы, 19 жасар таэквондо шебери Улығбек Рашитов (68 кг) олимпиада чемпионына айланып, ғәрезсиз мәмлекетимизге дәслепки алтын медальды алып берди.
Соны айрықша атап өтиў керек, пъедесталға баратуғын жолда Улығбектиң бир қатар тәжирийбели спортшылар менен күш сынасыўына туўра келди. Малили Сейду Фофан, қубла кореялы таэквондо шебери, үш мәрте жәҳән чемпионы Ли Даэ Хун, иранлы Мирхашем Хуссайни, босния ҳәм герцеговиналы Недзад Хусичлерди тәслим еткен ол шешиўши беллесиўде әмелдеги жәҳән чемпионы, британиялы Брэдли Синденге қарсы даянға шықты.
Оғада кескин ҳәм маўасасыз кешкен беллесиўде Улығбек 34:29 есабында қарсыласынан басым келди ҳәм жеңимпаз атанды.
2002-жыл 23-мартта дүньяға келген Улығбек Рашитов әйне пайытта елимиздиң ең күшли таэквондо шеберлериниң бири болып табылады. 2018-жылы Буэнос-Айрес (Аргентина) қаласында жас өспиримлер арасында болып өткен Олимпиада ойынларында гүмис медальды қолға киргизген ол бир жылдан соң Азия чемпионатында ҳәм дүнья жүзилик әскерий ойынларда теңсиз деп табылған еди.
Олимпиадада қатнасып атырған қалған спортшыларымыздан да усындай жарқын жеңислерди күтип қаламыз.
С.ЖАНИЕВ.
СҮЎРЕТТЕ: Олимпиада чемпионы У.Рашитов.