Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:56:42, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘМЕЛИЯТТА БИЛИМ ҲӘМ КӨНЛИКПЕЛЕРИН ЖЕТИЛИСТИРДИ

Өзбекстан өзиниң миллий ғәрезсизлигин алғаннан кейин, Президентимиздиң басшылығында миллий қәдириятларымызды, елимиздеги тарийхый ҳәм мәдений естеликлерди қәстерлеп сақлаў, үйрениў ҳәм кең халық қатламасына жәриялаў, қорғаўға айрықша дыққат қаратылмақта.

2018-жыл 19-декабрь күни «Материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў тараўындағы хызметти түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4068-санлы қарары материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў, оларды илимий жақтан үйрениў, ақылға сай пайдаланыў ҳәм  елимиздиң туристлик потенциалын жоқарылатыўда олардың орны ҳәм әҳмийетин асырыўда материаллық мәдений мийрас тараўындағы мәмлекетлик қадағалаўын түптен жети­лис­тириўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Оқыў жобасына сәйкес Қарақалпақ мәмлекетлик университети тарийх бакалавр тәлим бағдарының 1-курс студентлери 2021-жылдың июнь айында Хожели районындағы Миздахкан археологиялық комплексинде әмелиятты өткерди.

Әййемги Миздахкан ком­плекси тек Өзбекстанда ғана емес, улыўма әййемги шығыс цивилизациясында орны бар дәслепки мәденият ошақларының бири. Буны усы естеликте алып барылған археологиялық изертлеўлер нәтийжелери дәлиллемекте. Быйыл, бул Миздахкан археологиялық топарының жумыс баслағанына 36-жыл болмақта (1985-2021 жыллар).

Тарийхый жақтан бул қаланың ески аты «МИЗДАХКАН» (Мардаджкан) деп аталып, ол орта әсир араб-парсы тарийхшылары мийнетлеринде келтирилип, бул атама 903-913-жылларда Ибн-Русте, 961-жылда ал-Истахрий, 919-920 жылларда ал-Балхийдиң шығармаларында ушырасады.

985-987-жыллары ал-МакдисийF «Миздакхан үлкен қала, оның дөгерегинде он еки мың рустак (қорған ҳәм үлкен елатлар) бар. Ол майданы жағынан қыят (Беруний) ҳәм Гурганж (Гөне Үргенш) қалаларынан ке­йинги Хорезм мәмлекетиндеги үшинши қала, оның дөгереги дийўал менен қоршалған»-деген мағлыўматларды ушыратамыз.

1874-жылы Хожелиде болған сырт елли мийманлардың Н.Н.Каразин қаланың әҳмийетлилигин жоқары баҳалаў менен бирге, оның жайласқан географиялық орнына қарай Хожелини «Орта Азияның Венециясы» - деп атаған еди. Оның қала көринисинен тәсирленгенлиги соншелли қалаға кирип турған суў жоллары,  онда жүзип жүрген қайықлар, суў бойына жайлас­қан саўда орынлары, базарлардың көринисин реңли бояўлар әжайып көринисте сүўретлеген.

Миздахкан археологиялық комплексин илимий жақтан изертлеў 1928-1929-жылларда басланып, бунда Санкт-Петербург университети профессоры А.Ю.Якубовский Миздахканда қысқа ўақыт Назлымхан-сулыў естелигинде ҳәм Халифа-Ережеп мешитинде археологиялық бақлаў жүргизип, қаланың топографиялық жойбарын алып, табыл­ған археологиялық мате­риаллар тийкарында естеликтиң хронологиясын анықлайды. Оның жүргизген жумысларының ең әҳмийетлиси араб-парсы дереклериндеги Миздахкан естелиги екенлиги ҳаққындағы академик В.В.Бартольд пикириниң әмелде тастыйықланыўында болды. Сондай-ақ, А.Ю.Якубовский Наз­лымхан-сулыў естелигиндеги қәбир жазыўларын көширип алып, А.А.Некрасов тәрепинен оқылады. Бул жазыўлар араб имласында болып, онда филосо­фиялық ўәсият сөзлер, ҳәдис аят келтирмелери екенлиги анықланады. 

1946-жылы Хорезм археология-этнографиялық экспедициясы профессоры С.П.Толстов Миздахкан менен танысқан болса, 1962, 1965-1966-жылларда ӨзРИАҚҚБ алымлары В.Н.Ягодин, Т.К.Ходжаевлар тәрепинен стационар археологиялық қазыў жумысларының алып барылыўы нәтийжесинде, Миздахканның топографиясы ҳаққында көплеген жаңалықлар ашылады ҳәм жүзден аслам исламнан алдыңғы зардуштийлер динине тийисли оссуариялар, науслар табылады.

1947-жылы естеликтиң архитектуралық объектлерин изертлеген В.И.ПилявскийF Назлымхан-сулыў естелиги X888 әсирге тийисли, - деген жуўмақ шығарады. 1959, 1966-жылларда архитектор В.М.Филимонов Наз­лымхан-сулыўды реставрациялаў жойбарында қатнасады. Оның пикири бойынша махбара ерте дәўирге тийисли болып, дәслебинде ол жер астында емес, ал жер үстиндеги сарай ретинде салынған, кейин ала махбараға айландырылған. Н.С.Гражданкина бул естеликтиң қурылыс материалларының технологиясын үйренеди.

1987-1991-жылларда ӨзРИАҚҚБ алымы Ғ.Хожаниязов басшылығында археологиялық стационар қазыў жумыслары даўам еттирилип, Ақ ханақа, жазғы мешит жанындағы тийисли жәмийетлик қурылыслар анықланады.  

Және де археологиялық изерт­леўлер 1985-жыллардан баслап ҚМУ археолог алымлары Е.Бижанов, М.Туребеков, Ш.Қдырниязов, А.Утемисов ҳәм басқалар тәрепинен алып барылып, жыллар даўамында антик ҳәм орта әсирлерге тийисли мәҳәлле қалдықлары қазып табылады ҳәм ҳәзирги күнлерге шекем бул изертлеўлер даўам еттирилип келинбекте.  

Миздахкан археологиялық комплекси еки төбешиктен ибарат болып, шығыс төбешигинде қойымшылық, батыс төбешигинде Гәўир қала жайласқан. 

Гәўир қала б.э.ш. IV-III әсирлерде қурылған болып, оның хронологиялық шегарасы эр. XIII әсирдиң 20-жылларына ти­йисли. Қаланың дәрўазасы шығыс тәрепте жайласқан болып, оның ҳәзирги майданы 9 га, 14 метрден аслам бийикликте сақланып қалған ҳәм еки қатар қорған дийўаллар менен қоршал­ған. 

Қала халқы гүлалшылық, тоқымашылық, зергершилик, шийшесазлық, қурылыс ислери ҳәм де дийқаншылық, шарўашылық ҳәм балықшылық пенен де шуғылланған. Қытай, Индия, Иран, Сирия еллери, Волга бойы ҳәм Қара теңиз жағалаўларындағы қалалардың саяхатшылары, миссионерлери ҳәм саўдагерлери усы жерде тоқтап өткен.

Быйылғы изертлеўшилер Гәўир қаланың шығыс тәрепиндеги тәбийғый бийикликтиң үстинде қурылған б.э.ш II мың жыллардын орталарынан баслап - XIII әсирдин 20-жылларына шекемги мәдений қатламларда археологиялық дала қазыў әмелия­тын өткерди.

Ол жерден сол дәўирдиң қорған дийўаллары ҳәм қаланың мәдений қатламларында қазыў жумыслары өткерилип, онда қорғанның қорғаныў дийўаллары ҳәм оның алдындағы қосымша қурылған қалыңлығы 2 метр болған дийўал ашылды. 

Бул жердиң мәдений қатламын толық казып изертлеў ислери алып барылып, антик дәўирдиң, афригитлер ҳәм хорезмшахлар дәўирине тийисли болған өжирелердиң қалдығы ҳәм гүлал ыдысларының ҳәр түрли формадағы қалдықлары анықланды.

Екинши қатламынан Хорезм­шахлар дәўирине тийисли пискен гербиштен (өлшемлери 30х32х5 см, 30х30х6 см.) Өрилген ески дийўал қалдықлары, сур реңли жиңишке мойынлы гүзелер, хумлар ҳәм ыдыс-табақлар фрагменти анықланды. Олардың айырымларында безениў белгилери бар. Өжирелердиң арқа тәрепинде 1,20 м. тереңликте алебастр (гипс) қалдығы табылды. Және де тастан исленген моншақлар (диаметр 1,2 см.) ҳәм тағы басқа да безениў буйымларының қалдықлары табылды.

Алтын Орда дәўирине тийисли қаланың мәҳәллелери, гүлал қумбызлары ҳәм басқа да өнерментшиликтиң түрлери анықланды. Сол дәўирге тийисли адамлардың жасаған бир-жети өжирелери ашылды. Оларда бир-үш шаңарақтың жасағанлығы белгили болды.  

Анықланған үй өжирелериниң биринде ғәлле сақлайтуғын орынлар қазып үйренилди. Сондай-ақ, оларда үстинде тесиги бар пискен гербиш пенен жабыл­ған ташнаўлар (жуўыныў орынлары) ашылды. Екинши мәҳәлледен адам тикке турып жуўынатуғын орын ҳәм өжирелерди қыздыратуғын кан (қыздырыў ошағы) көплеп ашылды. Буннан басқа да гүлал қубырлардан пайдаланып, шығынды суўлар кететуғын арнаўлы орынлар үйренилди. Нан жаўатуғын 450 қыялан­ған үлкен форматтағы гүлал-тандырлардың қалдығы анықланды.

^шинши мәҳәлледе қумбызшылардың гүлал ыдысларын ислейтуғын сегиз қумбыз, усталардың әсбап-үскенелери орналасқан өжирелери қазып үйренилип, қумбызлар еки камерадан ибарат.

Айырым өжире ишиндеги ташнаўдың астында тик жайлас­қан канализация трубасы ҳәм сур реңли керамика фрагменти табылды. Бул канализация трубасының узынлығы 30 см, ени 20-15 см (бул холмдағы бундай канализация трубасы дәслепки мәрте табылыўы).

Сондай-ақ, басқа да орынлардан кангуйлер, афригитлер, хорезмшахлар, алтын орда дәўирлерине тийисли материаллық дереклер анықланды. 

Және де жай орынларын, хожалық қурылысларын тазалаў, өлшеў, сызылмаларын өлшем қағазларына түсириў, сүўретке (фото) алыў ислери алып барылды. 

Әмелият ўақтында студент жаслар археологиялық естелик, комплекс, статиграфия, хронология, табылма, пласт, материк, шурф ҳәм бақлаўлар сыяқлы илимий түсиниклер менен дала қазыў әмелияты ўақтында жақыннан таныстырылып, түсиниклерин және де беккемлеп барды. 

Сондай-ақ, табылмаларды ўақтында жыйнап алыў, оларды щифрлаў, дизимге алыў ислерин үйренди. Табылмалар бойынша әмелий жумысларды жүргизиў ўақтында күнделик жазыў усылларын үйренип, ҳәр бир әмелиятшы жеке күнделик жүргизди.

Археологиялық қазыў жумыслары нәтийжесинде алынған материаллық мәденият дереклери, қазылған орынлардың жойбарлық көринислери алынып, жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Самарқанд қаласындағы Археология институтына тапсырыў ушын жыллық есабатлар таярланылмақта.   

Бул археологиялық дала қазыў әмелияты ўақтында т.и.к., доцент М.Туребеков, үлкен оқытыўшы С.Сайпов, (РhD) доцент О.-Ш.Қдырниязов, ассистентлер Ф.Утепбергенов, М.Толыбаев ҳәм де докторант Ф.Максетовлар тәрепинен әмелиятшыларға Назлымхан-сулыў, Халифа-Ережеп, Гәўир қала, Шамун-Набий, Жомарт қассап төбешиги, Қырық-Шопан, жазғы ҳәм қысқы мешит сыяқлы тарийхый орынлар бойлап саяхатлар шөлкемлестирилип, бунда естеликлердиң пайда болыўы, изерт­леўлер ўақтында бул естеликлерден табылған материаллық дереклер ҳәм  олар ҳаққындағы әпсаналар бойынша кеңнен мағлыўматлар берилди. Әмелиятшылар бул естеликлерди өз көзлери менен көрип, билим ҳәм көнликпелерин және де жетилис­тирди.    

Дала қазыў әмелияты ўақтында табылған материаллық дереклердиң айырымлары мысалыF гүлалдан, тастан ҳәм шишеден исленген ыдыслар, сүйектен исленген буйымлар ҳәм тағы басқа да табылмалардың айырым бөлеклери қайта тиклеп, илимий жақтан изертлеп музейге тапсырыў мақсетинде реставрация лабораториясына алынды.

Изертлеў жумыслары тамамланғаннан соң, объектлер жабылып, қазылған орынлар бойынша әмелиятшылар өз күнделиклерин толықтырып барды ҳәм онда алған билим ҳәм көнликпелерине, түсиниклерине тийкарланып өзиниң болжамларын билдирди.

Бул дала қазыў әмелияты ўақтында өзлериниң белсендилигин көрсеткен студентлерден 1-а тарийх әмелиятшыларына Сагидуллаев И., Хожамуратова Р., Муратбаев Р, 1-с әмелиятшыларынан Отарбаев Р., Шыныбеков И., Ажимуратова Г., Аймуратова Г,  1-г тарийх әмелиятшысы Ж.Байниязовларды атап өтиў орынлы.

Улыўма алғанда дала қазыў әмелияты қызықлы ҳәм нәтийжели жуўмақланды. Студент жаслар теориялық алған билимлерин тәжирийбеде жақсы қоллана билди.

Биз ойлаймыз, бундай ийгиликли ислер өз гезегинде елимиздиң илимий потенциалының жоқарылаўында пидәкерлик көрсететуғын ҳәм де келешегинен үмит күттиретуғын қәбилетли, билимли маман қәнигелердиң жетилисип шығыўында унамлы нәтийжесин береди.  

Ж.ҲӘКИМНИЯЗОВ,

Тарийх факультети «Археология» кафедрасы баслығы, т.и.к., доцент.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF