ӨРТ ҚӘЎИПСИЗЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕЎ ЖОЛЫНДА
Үлкемизде ҳаўа райының кескин ысып кетиўине байланыслы Сургил газди комплекс таярлаў қурылмасы аймағында өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм өртке қарсы үгит-нәсият жумысларының тутқан орны үлкен.
Өрт қәўипсизлигин тәмийинлеўди шөлкемлестириў бөлими инспекторлары тәрепинен цех ҳәм участкалардың аймақлары, имаратларының өртке қарсы жағдайлары, технологиялық үскенелердиң нормал жағдайда ислеп турғанлығы, имаратларға орнатылған ишки өрт өшириў суў тармақларының, автомат өрттен хабарландырыў ҳәм өрт өшириў қурылмаларының техникалық жағдайлары тексерип шығылды ҳәм анықланған кемшиликлерди қысқа ўақыт ишинде сапластырыў жумысларын жедел өткериў мақсетинде цех ҳәм участка басшылары менен биргеликте исленетуғын жумыслардың ис-режелери ислеп шығылды.
Нәўбетши смена жеке қурамы тәрепинен объект аймағында жайласқан өрт өшириў гидрантлары ҳәм суў ҳәўизлери тексерип шығылып, анықланған кемшиликлер бойынша объект басшыларына хабарландырыўлар берилди ҳәм оларды сапластырыў жумыслары қадағалаўға алынды.
Электр қурылмалары орнатылған майданшалардағы қурғақ от-шөплер ҳәм жаныўшы шығындылар тазалап алынып, объект аймағынан тысқарыға шығарып тасланды.
Бөлекше жеке қурамы ҳәм объект жумысшылары тәрепинен объект аймағында өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар нәтийжесинде объекттиң өртке қарсы жағдайлары жақсыланды. Соның менен бирге, объект жумысшылары арасында жаздың жәзийрама ыссы күнлери өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын сақлаў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Усы алып барылған жумыслар нәтийжесинде өткен 6 ай даўамында объект аймағында бирде-бир өрт келип шықпады.
Т.АННАҚУЛОВ,
«Uz-KOR Gas Chemical» ЖШЖ ҚК ӨҚТШБ инспекторы,
лейтенант.