Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:12:19, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУЎДЫ ҮНЕМЛЕЎШИ ТЕХНОЛОГИЯЛАР КЕҢ ЕНГИЗИЛЕДИ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-декабрьдеги «Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди жедел шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен тасты­йықланған қосымшаға муўапық, 2021-жылғы прогноз көрсеткишлери бойынша #арақалпақстан Республикасында жәми 7423 гектар, соннан 5550 гектар пахта, 440 гектар бағ, 333 гектар жүзим, 1000 гектар басқа егинлер жетистирилетуғын майданларда тамшылатып суўғарылатуғын, 100 гектар жердеги пахта жетистирилетуғын атызларда дискретли суў­ғарыў технологияларын енгизиў белгиленген.

Усы қарарда көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди қәлеген аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилер менен қурыўшы кәрханалар арасында шәртнамалар рәсмийлестирилген.

Коммерциялық банклердиң кредит ҳәм интакерлердиң өз қаржылары есабынан 9896 гектар пахта, 620 гектар бағ ҳәм жүзимгершилик ҳәм басқа да аўыл хожалығы өнимлери жетистирилетуғын майданлар қаржыландырылып, бүгинги күнде тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў жумыслары алып барылмақта.

Бүгинги күнде 12 гектарлық пахта майданларында дискретли суўғарыў, 25 гектарлық ғәлле майданларында жаўынлатып суўғарыў технологиясы енгизилди.

Аймақлардағы усы бағдардағы жумыслар менен жақыннан танысыў, бар кемшиликлерди сапластырған ҳалда дийқан-фермерлер ҳәм суўшыларға тийисли мәсләҳәтлер ҳәм усыныслар бериў ушын республика көлеминде көргизбели семинарлар шөлкемлестирилмекте.

Семинарларда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.Ғаниев, Суў хожалығы министри Ш.Хамраев, сектор басшылары, район ҳәкимлериниң орынбасарлары, суў хожалығы шөлкемлериниң ҳәм суўдан пайдаланыўшылар шөлкемлери, кластер, фермер хожалығы басшылары, илимпазлар, қәнигелер қатнасты.

Хожели районында өткерилген көргизбели семинарда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.Ғаниев ҳәм басқалар суўшылар тәрепинен пайдаланылып атырған жумыс қуралларын көзден өткерип, суўғарыў мәўсиминде итибар қаратыў зәрүр болған мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирди. Суў дәреклеринен анық есап-санақ тийкарында нәтийжели пайдаланыў, суўды үнем­лейтуғын технологияларды кеңнен қолланыў, пахта майданларын түнги ҳәм шербет усылында суўғарыўды шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.

— Бүгинги семинарда суўдан пайдаланыўшылар шөлкемлериниң жумысларын жанландырыў ҳәм оларға жетерли дәрежеде шараятлар жаратыў бойынша тапсырмалар берилди,-дейди Шоманай районы ирригация бөлиминиң баслығы М.Жиемуратов. — Сәўбетлесиўлер даўамында кластерлер ҳәм фермер хожалықларының басшылары менен ҳәр бир аймақта суўшылардың санын арттырыў, оларға суўғарылатуғын майдан ушын гектарына 50 мың сумнан мийнет ҳақы төлеўге келисип алынды. Әлбетте, суўшылардың саны артса, суўғарыўдың сапасы да артады. Ажыратылған қаржы олардың мийнетине ылайық хошаметлеў болады.

Семинар қатнасыўшылары көрилген мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF