МӘНАЎИЯТ ЎАТАН, ЕЛ-ЖУРТ КӨРКИ
Халқымызда «Ўатанды сүймек ийманнандур» деген даналық сөз бар. Адам өзи туўылып өскен журтын, дос-яранлары ҳәм туўысқанлары менен бирлестириўши Ўатанды сүйиўи, оны ардақлаўы, бүгинги күни мәнаўият дәрежесинде ийман түсиниги менен байланыслы қәдирленбекте.
Мәмлекетимизде, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасында кең түрде «Мәнаўият фестивалы» өтип атырған руўхый шады-қоррамлық дәўиринде ҳүрметли алым, тарийх илимлериниң докторы, профессор Абдухалил Мавруловтың «Мәнаўиятты аңлаў инсанды аңлаў яки «сергеклик қоңыраўы»на қандай мүнәсибет билдирмектемиз?» атамасындағы мақаласы («Янги Ўзбекистон» газетасы, 2021-жыл 29-июнь, 131-сан) оқыўшыларға айрықша ой салатуғын, мәнаўият хызметкерлерин жаңадан-жаңа излениўлерге шақыратуғын руўхта жазылғанлығы менен дыққатымызды тартты.
Биз бүгин жаңа Өзбекстанды қурмақтамыз, жаратпақтамыз. Бул жолда мәнаўият инсан қәдири, Ўатан көрки ҳәм сән-салтанаты болып хызмет ететуғыны анық. Президентимиз атап өткениндей, «Жәмийетте тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеўде ҳеш ким бир шетте қарап турмаўы, өз балаңды, өз үйиңди, өз Ўатаныңды көзқарашығыңдай сақла!» деген сүрен адамларымыздың жүрегинен терең орын алыўы керек».
Қарақалпақстан Республикасында өткерилген «Мәнаўият фестивалы» шеңберинде Нөкис районы аймағындағы әскерий бөлимде болып өткен «Ашық есиклер» күни ушырасыўында мине усы мәселеге айрықша дыққат аўдарылды. Илажда қатнасқан дөретиўши топар ағзалары, соның ишинде философия илимлериниң докторы, профессор Ж.Шермуҳаммедова, юридика илимлериниң докторы, профессор Ф.Мухитдинова, басқа да илимпаз ҳәм көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен Ана-Ўатанымызды қорғаў, оны көздиң қарашығындай сақлаў елимиздиң ҳәр бир перзентиниң миннетли ўазыйпасы екени атап өтилип, мәмлекетимизде жасларға жаратылып атырған имканиятлар ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги ҳаққында сөз етилди. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға белгили жазыўшы-шайырлардың өз дөретпелеринен оқып берип, көркем өнер ғайраткерлериниң өз өнерлеринен үлгилер көрсетиўи ата-аналар ҳәм әскерий бөлимде хызмет өтеп атырған жасларға жоқары руўхый заўық бағышлады.
Мине, бул бағдарда жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бәрқулла өз әҳмийетин жоғалтпайтуғын әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады. Демек, күн тәртибиндеги мәнаўият ҳәм мәғрипет мәселеси ел-халық, миллет тәғдири менен сабақлас болып, Журтбасшымыз айтқанындай, ол «Биз ушын сергеклик қоңыраўы» болып хызмет атқарады. Мақала биз ерискен табысларды ашық-айдын көрсетиўи менен бирге, жәмийетшилигимизде жүз берип атырған кемшиликлер, итибардан шетте, бирақ, дыққат аўдарылыўы зәрүр болған концептуал мәселелер баян етилгенлиги менен де баҳалы.
Ўатан өз босағаңнан, шаңарақтан, мәҳәлледен басланады. «Бир перзентке жети мәҳәлле ата-ана», дегениндей, жас әўладтың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларда жат идеялардан саналы түрде қорғаныў иммунитетин жетилистириў ҳәм усы арқалы туўылған журтқа садықлық руўхында тәрбиялаўда мәҳәллениң тутқан орны оғада жоқары болып табылады.
2021-жылдың 28-июнь ҳәм 2-июль күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасында өткерилген «Мәнаўият фестивалы» шеңберинде мине, усы мәселеге де жоқары итибар қаратылды. Атап айтқанда, республика Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде «Ҳәр бир нураный бес жасқа устаз» ҳәм «Бир зыялы бир мәҳәллеге руўхый қәўендер» темаларында алыс аўыллар менен мәҳәллелердеги нураный ҳәм зыялылар қатнасында ZOOM бағарламасы арқалы онлайн семинар-тренинг өткерилди.
Онда қатнасқан ел ҳүрметиндеги әдиўли устазлар, соның ишинде белгили профессор-оқытыўшылар, мийнет нураныйлары, ата-аналар елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жаңаланыўлардың мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин халқымызға, әсиресе, өсип киятырған жас әўлад ўәкиллерине әпиўайы тилде баян етти.
Мақалада мәдений-руўхый қәдириятларымызға қарсы қәўиплер, соның ишинде бузғыншы идеялар туўралы сөз болғанда ҳүрметли профессор Президентимиздиң мына сөзлерин келтиредиF «Миллий мәнаўиятымызға улыўма жат болған зыянлы идеялар, түсиник ҳәм көзқараслар шегараны бузбастан, билдирместен, анық айтыў керек болса, «шақырылмаған мийман» болып шаңарағымызға, жәмийетимизге, ең жаманы, периште мысалы балаларымыздың гирбиңсиз қәлбине, жүрегине кирип келмекте». Бул үндеў әлбетте, бизди кең көлемли излениўлер алып барыўға шақырады.
Шынында да, ҳәзирги мәлимлеме технологиялары кең ен жайып баратырған бүгингидей глобалласыў дәўиринде интернет тармағының халқымыздың келешегине пәнже салыўы, әсиресе, жаслар тәрбиясына тийгизип атырған кери тәсири, олардың қәўипли ағымларға кирип кетиў жағдайларының ушырасып атырғанына ҳәр күни гүўа болмақтамыз. Профессор А.Маврулов мақалада атап өткениндей, усы машқаланы концептуал түрде, системалы шешиўдиң бирден-бир жолы пуқараларда, әсиресе, жасларда мәлимлемелескен жәмийетлик нызамларға әмел етиў көнликпесин, жалған мәлимлемени дурысынан парқлай алыў мәдениятын, мағлыўматларды сын көзқарастан талқылап үйрениў әмелиятын жетилистириўден ибарат.
Фестиваль шеңберинде Нөкис қаласы ҳәм районларда әмелге асырылған «Белсенди пуқара», «Мениң перзентим Өзбекстан мақтанышы», «Мәғрипет тур», «Мақам, бақсы-жыраў ҳәм қыссаханлық кешелери» ҳәм «Миллий ҳәм тарийхый фильмлер»ди тамашалаў сыяқлы жойбарлардың мақсети де мине, усы биз жоқарыда сөз еткен жаслар тәрбиясына қәўип салатуғын иллетлерге биргеликте қарсы гүресиўге бағдарланды.
Неге дегенде, руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият жумысларындағы әҳмийетли жумыслардың төркини перзентлер қәлбинде Ўатанға муҳаббат туйғысын жетилистириў, бул бағдарда тийисли шөлкемлер, соның ишинде ата-ана ҳәм устазлар биргеликте ҳәрекет етиўи лазым.
Улыўма, мақалада биз күткен ҳәм режелестирген жумыслардың нәтийжеси анық баянланғанлығы менен дыққатты өзине тартады. Соның ишинде, жәмийетлик орынларда бақланып атырған жаслардың дүнья қарасындағы өзгерислердиң төркини өз атамасы менен белгилеп көрсетилгенлиги илимий салмаққа ийе. Мақалада сондай-ақ, айырым терминлер, «гедонизм», «консерватизм», «радикализм», «технократиялық мәденият» сыяқлы улыўма түсиниклердиң мазмун-мәниси кең түрде, әпиўайы тилде ашып берилген.
Мысалы, илимпаздың айырым жасы үлкенлердеги «консерватизм» ҳәм базы жаслардың санасына сиңип баратырған «радикализм» арасындағы қарама-қарсылықлы жағдайларға итибар бериўи ҳәм оны сынға алыўы жүдә орынлы қубылыс. Себеби, әйне пайытта жәмийетимизде жасы үлкен ата-аналар менен «көшениң тәсирине түсип қалған» ул-қызлардың өз-ара пикир таласыў жағдайлары тез-тез ушыраспақта. Белгили болғанындай, интернет тармағында менталитетимизге қарсы мәлимлемелер қоршаўында қалған перзент «радикализм» тәсири менен шаңарақлық, миллий қәдириятлар ҳәм үрп-әдетлерди ҳәмме нәрседен жоқары қоятуғын өз ата-анасына қарсы бармақта. А.Маврулов усы тақылеттеги турмыслық машқалаларды ортаға таслап, өз гезегинде мәселениң унамлы шешимин де көрсетип береди.
Сондай-ақ, автордың атап өтиўинше, китап оқыў, билим алыў, тәжирийбе арттырыў, өзин-өзи раўажландырыўға умтылыў инсанның мәнаўий зәрүрликлериниң әҳмийетли тәреплеринен бири болып табылады. «Мәнаўият фестивалы» шеңбериндеги жойбарлардан бириниң «Жаңа ояныў дәўири китапқумарлық ҳәм китапханалардан басланады», деп аталыўы да тегин емес, әлбетте. Дөретиўши топар ағзалары, соның ишинде шайыр-жазыўшылардан ибарат зыялылардың қарақалпақстанлы китапқумар жаслар менен ушырасып, оларға ең сайланды китаплар топламларын саўға етиўи жас әўлад ўәкиллерине оғада унағаны, сөзсиз.
Усы орында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен алға қойылған усы сыяқлы үгит-нәсият жумыслары буннан былай да даўам етеди, деп ойлайман.
Және бир мәрте атап өтиў орынлы. Ўатан шаңарақтан басланады. Ўатанға муҳаббат адамның өз әтирапындағы орталығынан, ҳүрмет-иззетинен, қәдирлеў сезимин қәстерлеўинен келип шығады. Тәрбияда үзликсизлик, избе-излик өз нәтийжесин беретуғыны турмыс тәжирийбесинен белгили аксиома. Усы көзқарастан мақала авторы тарийхый өтмишке терең ой жуўыртып илимий аспектте ҳәм философиялық, ҳәм тарийхый анық көзқарасын баянлап берген.
Улыўма алғанда, Қарақалпақстан Республикасында шөлкемлестирилген «Мәнаўият фестивалы» өз мақсетлерине ерисе алды ма! Әлбетте, белгили дәрежеде. Себеби, бул еле басланыўы. А.Маврулов өз мақаласында әйне пайытта пүткил Өзбекстан көлеминде әмелге асырылып атырған руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжесине ҳәм оны келешекте және шөлкемлестириўде нелерге дыққат аўдарыў кереклигине де айрықша тоқтап өтеди.
Атап айтқанда, руўхый-ағартыўшылық жумысларымызды режелестириўде жәмийет ағзаларының мәнаўий зәрүрликлерин итибарға алыў, жәмийетшилигимизге инсанлар мәнаўият пидайыларынан күткен нәрселерди бериў ҳәм усы бағдардағы тийкарғы ўазыйпаларды анықлаў сыяқлы пикирлери жүдә орынлы.
Пикирлерден жуўмақ шығаратуғын болсақ, биз мәнаўият ҳәм мәғрипетшилер үгит-нәсият жумысларын алып барыў ҳәм усы жолда ҳәр қыйлы илажларды шөлкемлестириўде профессор атап өткениндей, жоқарыдағы тәреплерди инабатқа алыўымыз, халқымыздың мәнаўий зәрүрликлерин анықлаўда керек болса, социаллық сораўнамалар өткерип, халықтың кең қатламына кирип барыўымыз, әҳмийетлиси, бунда пидәкерлик пенен излениўлер алып барып, тынымсыз ҳәрекетте болыўымыз дәркар.
Усы көзқарастан тарийх илимлериниң докторы, профессор А.Маврулов авторлығындағы әйне усы мақала атамасы менен, яғный, «Мәнаўиятты аңлаў инсанды аңлаў яки «сергеклик қоңыраўы»на қандай мүнәсибет билдирмектемиз!» темасында республикалық көлемде, ҳәтте, халықаралық масштабта семинар-тренинг, әнжуман өткериў идеясы бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелеринен бири болып табылады, деп ойлаймыз.
Жуўмақлап айтқанда, Президентимиз атап өткениндей, «Мәнаўият мәселеси тек ғана Орай яки тийисли министрликлер менен ведомостволардың жумысы емес, ол бәршемиздиң алдымызда турған ең тийкарғы, ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып табылады».
Мақала авторы усы бағдарда бүгинги күни биз ислеўимиз тийис болған нәтийжели жумысларымызға концептуал усыныслар берип, мәнаўият хызметкерлери ушын илажларды өткериўде пайдалы кеңеслер бергенлиги менен де дыққатқа ылайықлы ҳәм мақаланы күнделикли турмысымыздағы үгит-нәсиятшылардың сәўбетлеринде, ушырасыўларда методологиялық қолланба сыпатында пайдаланыў да мақсетке муўапық келеди.
Т.АТАМУРАТОВ,
Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы
Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, тарийх илимлериниң кандидаты.