ЖАҢАРЫП-ЖАЙНАҒАН ҚОҢЫРАТ
Соңғы жыллардағы район турмысында жүз берген жаңаланыўлар туўралы қоңыратшылар өзли-өзи, алыс-жақынлардан келетуғын қонақлардың толып-тасып сөйлегенлерин еситсең кеўлиңди қуўаныш сезимлери бийлейди. Әлбетте, адамлар жақсы болсаң жақсы, жаманның жаманлығын бет-жүзине қарамай айтса таяқтың бир ушы район басшыларына, ҳәкимге барып тийеди...
Өткен жылдың февраль айында район ҳәкими ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы болып тайынланған Халмуратов Қәллибек Жолдасбаевич бул лаўазымға дейин түрли буўынлардағы басшы-қосшы жумысларда ислеп, бираз тәжирийбе топлағаны менен жай-жағдайларды ҳәр тәреплеме терең үйренгеннен соң биринши жумысын ата-бабалардың руўхын шад етип, саўап истен баслағанына ҳәммениң кеўли толады. Халық аўзында революция жыллары сталинлик қанлы, жазықсыз жазалаўлардың биринши қурбанлары болған Қоңыратта биринши ҳәким Үбби, диний уламалар, елдеги бас көтерген жигитлер қамалып, шалажансар ҳалында тирилей жерге көмилгенлери елеге дейин айтылмақта. Бурынғы қамақхананың орнына салынған естелик эстетикалық жақтан, дизайны бүгинги күн талабына толық жуўап бермегени ушын ең заманагөй архитектуралық үлгиде қайта қурыўды ойласық ушын орталыққа салса, мазмун-мағанасы жағынан байытылып, ийгиликли иске өз үлесин қосыўды перзентлик парызы ҳәм қарызы деп биледи.
Усылайынша исенимге кирип, қоллап-қуўатлаўларға ерискен ҳәкимниң қалған жағындағы жумыслары жүрисип кеткен. Ғәрезсизлик майданын қайта қурып, брусчаткалар төсеў, көк шырша ағашлары, жаңадан қурылған фонтанға жүзикке қас қонғандай жарасып, байрам сейиллерин өткеретуғын сүйикли майданшасына айланады. Орайлық көшелер кеңейтилгеннен соң асфальтланып, барлық жерлерде азлы-көпли елеўли өзгерислердиң басы-қасында турып, уйытқы болғаны қандай жақсы...
Гүллән халықларымыз жүреклеримизде терең орнығып қалған ең уллы, ең әзиз байрамымыз Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллығын «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» сүрени менен бир адамның баласындай аўызбиршиликли, бирликли мийнет етип атырғанымызға пүткил дүнья ҳәўес пенен қараспақта. Президентимиздиң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын социал-экономикалық жақтан комплексли раўажландырыў ҳаққында»ғы қарары бәршемизге таўсылмас күш-жигер бағышлады.
Бир ғана Қоңырат районы мысалынан айтатуғын болсақ, 2020-2023-жылларда 90нан аслам инвестициялық жойбарлар иске асырылып, 1737 жаңа жумыс орны жаратылғаны, басқа да жойбарлар тийкарында 475 адам жумыслы болатуғыны көзде тутылған. Усы жылдың биринши шерегинде санаат өнимлери, халық тутыныў товарларын ислеп шығарыў, өзлестирилген инвестициялар көлеминиң артыўы, қурылыс, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўдеги ерискен табысларымыз ҳәр қашанғыдан да мол. Бюджет түсимлери режеси зыятына орынланып келмекте.
Мәмлекетимиз экономикасының негизги көрсеткишлерин қурайтуғын киши бизнес, исбилерменликти раўажландырыўға айрышқа кеўил бөлинген. Быйылғы жылдың апрель айына шекем 1996 хожалық жүргизиўши субъектлер мәмлекетлик дизимге алынды. Соннан 1739ын киши бизнес субъектлери қурайды. Халыққа 1432ден аслам түрли кәсип ийелери сапалы хызмет түрлерин көрсетиўди баслады. Киши бизнес объектлерине 15,2 млрд. сум, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасына тийкар 173 пуқараға 5 млрд. сумлық жеңиллетилген кредитлер берилди.
Бәнтликке көмеклесиў қоры есабынан үй қапталы қыйтақ жерлерин раўажландырыў ушын 120, исбилерменлик пенен шуғылланатуғын 170 пуқараға мәмлекетлик дизимнен өткерилген субсидиялар ажыратыў, кәсип-өнерге қайта таярлап оқытыў, 220 пуқараға жумыссызлық напақаларын төлеў, 1,5 мыңнан зыят пуқараларды жәмийетлик жумысларға орналастырыў режелерин орынлаўға итибар берилмекте.
Коронавирус пандемиясы дәўиринде «Қайыр-сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекети шөлкемлестирилип, жәрдемге мүтәж шаңарақларға азық-аўқат өнимлери, коммуналлық қарыздарлықлардан қутқарыў, дәри-дәрмақ ҳәм басқа түрдеги 701 млн. сумлық материаллық жәрдемлер көрсетилди. Буларға қосымша фермер хожалықлары есабынан 48 бас қой-ешки, 7 бас қарамал, 1 бас түйе 29 шаңараққа тарқатылды. Сондай-ақ, «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген 24794 ҳаял-қыз бенен анкета тәртибинде сораў-жуўаплар өткергенимизде турмыс шараяты жақсыланғанлары есаптан шығарылып, районлық Кеңестиң сессиясы қарары менен орнына 1504 ҳаял-қыз дәптерге киргизилип, 1188ине ай сайын напақа пуллары төленбекте.
«Жаслар дәптери»н дүзиў бойынша жумысшылар топары дүзилип, 27252 жастың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша мәнзилли режелер ислеп шығылды.
«Ҳәр бир жасқа 1 гектар жер» жойбары шеңберинде 835 жас дийқанларға жер орынлары ажыратылды. «Исбилерменлеримиз жасларға қол-қанат» басламасы менен 62син өз қәўендерлигине алғанлар жақыннан тил табысып ислесиўге өтти.
2021-жылғы «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» бағдарламасына «Өрнек» ҳәм «Қыпшақ» аўыл пуқаралар жыйынлары киргизилип, 18 км узынлықтағы асфальт жолларын оңлаў, 14 км суў тармақлары менен 9,9 км узынлыққа электр линияларын тартыў, 2 трансформатор орнатыў, 80нен аслам электр бағаналарын тиклеў режелестирилди.
Бийғәрез елимиздиң келешеги саналатуғын Үстирт тегислигиниң жер асты ҳәм үсти тәбийғый байлықлардың кәнлери саналғанлықтан келешекте санаат индустриясы раўажланған районлар қатарына қосылмақшымыз.
Район аймағындағы «Барсакелмес» дуз кәни есабынан ислеп турған «Үстирт газ-химия комплекси» менен «Қоңырат сода заводы» унитар кәрханасы елимиздиң экспортлық потенциалына салмақлы үлеслерин қоспақта.
Бүгинги күнимизди темир жолсыз көз алдымызға келтире алмаймыз. «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетине қараслы Қоңырат районлық темир жол узели жолаўшылар менен халық хожалығы жүклерин мәнзиллерине өз ўақтында иркинишсиз жеткерип бермекте.
Районымыздағы баслы машқалалардың бири ишимлик суў мәселеси унамлы шешимин таўып, 270 км узынлықтағы суў тармақларын қурыў сөз болып қалмастан әмелге асатуғынына исенемиз.
Қоңыраттың жери әзелден қунарлы болғаны ушын «ақ алтын» ҳәм «сары алтын» қырманларын тастырып, Үстирттей кең жазық жайлаўларда төрт түлик малларымыз бағылмақта. Сондай-ақ, биринен-бири әҳмийетли болған тараўлардан медицина, мәденият, спорттағы жетискенликлеримиз өз алдына.
Орта мектепти питкериўшилеримиздиң жоқары оқыў орынларына кириўдеги рейтинглери жоқары. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў, Ахборот технологиялары ҳәм коммуникацияларды раўажландырыў министрликлери тәрепинен шөлкемлестирилген «Бир миллион дәстүршиси» жойбары қатнасыўшыларының бири, 39-санлы мектептиң оқыўшылар топары республикамыз көлеминде екинши орынды ийелеп, Президент саўғасы «Спарк» автомашинасы менен сыйлықланды.
Жуўмақластырып айтқанда, барлық тараўлардағы ерискен жетискенликлеримиз ғәрезсизлигимиздиң шарапаты, Президентимиз жүргизип атырған әдил сиясатын ели-халқымыз шын жүрегинен қоллап-қуўатлағанларының арқасында болып отыр.
ШАРЎАШЫЛЫҚТАҒЫ ЖАҢА БАҒДАР
Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасында шарўашылықты жедел пәтлер менен раўажландырыў бағдарындағы қарарына муўапық, Қоңырат районында бирқанша жумыслар алып барылмақта. Әсиресе, Үстирт тегислигине шығарлықта қурылған ири шарўашылық комплексине 21,1 млрд. сумлық қаржы жумсалып, ҳәр бири 100 бас ҳасыл туқымлы малларға мөлшерленген 9 малхана (соннан биреўи силос, от-шөп базасы саналады) қурылып, Австрия мәмлекетинен 244 бас сүт жетистириў бағдарындағы ҳасыл туқымлы «Симентал» маллары алып келинген.
Қарақалпақстанға биринши, онда да шарўашылық тараўына жумыс ислеўге келдим. Арқаның суўық самалын иркип, климатын турақластырып турыўшы «қалқан» ўазыйпасын атқарыўшы Арал теңизи қурығаны себепли қысы қатты суўық, жазы ыссы болар екен, - дейди «Әндижан-Қоңырат шарўа» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Аваз Эгамов.
Туўылып өскен «Пахтаабад» районында ҳасыл туқымлы қарамал, ешки бағып, шарўашылықта бираз тәжирийбе топлағаныма қарамастан бул жердеги қатал тәбият бираз албыратып, өзиме үлкен сынақ сыпатында қабыл еттим. Жақында шарўашылық комплексиниң 1-санлы фермасына 93 бас ҳасыл туқымлы «Симентал»ынан буўаз қашарлар алып келинди. Рацион бойынша алдын-ала таярланған от-жемлеримиз бенен азықландырып, зооветеринариялық хызмет түрлери көрсетилмекте. Қол күшимиз жетиспегенде қоңсы аўылдан шарўашылыққа ықласлы еки жигитти жумысқа алдық. Өнимниң өзине түсер баҳасын арзанлатыў ушын от-жем базамызды жаратпақшы болғанымызда бул жақтағы баслы машқала суўдың тамтарыслығы қосымша қыйыншылықларды пайда етти.
Жақын айларда сыйырларымыз изли-изинен бузаўласа, саўынды еки-үш мезгил шөлкемлестириў ушын сүт саўыў агрегатларынан пайдаланамыз. Саўыншыларды агрегатларда ислеў тәртиби менен таныстырып, үйретиўге киристик, - деген Аваз қол созым жердеги қызған тандырдай ҳәўирлеген Үстирт тегислигине қарап қойды.
ЖЕРИҢ БОЛСА ӨЗИҢДИ ЖУМЫССЫЗ САНАМА...
Рахим жердиң тилин билетуғын қарапайым аўыл жигити. Үлкен шаңарағында сонша жан жасағанлықтан қыйтақ жери, киши көлемдеги ыссыханасынан алатуғын дәраматы жетпегенге жумыссызлар қатарында саналар еди.
Бурынлары қоңсылас фермер хожалықларында ислеп келдим. Бизлердей аўыллық жерде жасайтуғын жумыссыз жасларға бир жыл болса да жер бергени ушын басшыларымызға рахмет айтқым келеди. Ерте бәҳәрден баслап қоңсылас «Юлдаш ата» фермер хожалығы есабынан келиншегимди де өз алдына есапқа алып, ярым гектардан бир гектар жер берди. Атыз жумысларына белсене кирисип, тыным билмей иследик. Мийнетлеримиз заяға кетпей, писикшиликтиң ўақтында бириншилер қатары 32 түрли дақылдың өнимлерин шығарып, өзимизди ҳәм базарды байытып атырмыз, - деген Рахим атыз басындағы қоста ғарбыз жарып, гүрбек қаўынын тилип берди.
Жыйын аймағында 50ге жақын жигит-қызлар ўақытша жумыссыз саналады. Оларға өз мүмкиншилигимизге қарап 25 гектар жерди 0,25-0,50 сотыхтан бөлистирип бердик. Мийнет етиўди қәлеген жаслар бийдайдан босаған жерлерден де алып, ата-аналары менен бирликте тез писер овощ-палыз егинлери, ең болмаса мал оты ушын ғаўыш егейик деп умтылғанлары қуўандырады, - дейди «Әдебият» аўыл пуқаралар жыйынының хаткери Әбдирашид Сейтов.
ЖАС ШАҢАРАҚЛАРҒА АРЗАН ҲӘМ ҚОЛАЙЛЫ ТУРАҚ ЖАЙЛАР
Ескиликтиң сарқытындай сана-сезимлеримизге «Таза қала», «Гөне қала» түсиниги сиңип қалғаны менен Қоңыратта бул қалалар әллеқашан биригип кеткен.
Байрамға ең сыйлы саўғалар ретинде жаңа үлгидеги еки 4 қабатлы арзанлатылған, 24тен 48 ханалы турақ жайлардың тапсырылатуғынына қуўанып жүргенлер көп. Бул имаратларды Мақсет Сәрсенбаев басшылық еткен «Пластпрофил-Мақсет» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң ағзалары өз ўақтында сапалы қурып питкериўдиң алдында тур.
Қурылыс жумыслары өткен жылдың август айында басланып, ҳәр бири үш-төрт қәнигелик ийелеген қурылысшылардың иркинишсиз мийнет етиўлерине барлық қолайлы шараятлар жаратылып берилген.
Болажақ үй ийелерине асхана мебельлери, үй-руўзыгершилик буйымларына қоса кредитлерин төлеўдеги айырым жеңилликлер мақул түспекте. Турақ жайларды байрамға ҳеш кемшиликсиз тапсырыў ушын ўақыт пенен санаспай мийнет етип атырмыз, - деген жәмийеттиң ис жүргизиўшиси Шерали Тәңирбергенов қурылыс пәтин босастырмастан ендиги салынажақ 4-5 қабатлы имаратлардың жер қазыў ислери менен бирме-бир таныстырып өтти.
СҮЎРЕТЛЕРДЕ:
- Район ҳәкими Қ.Халмуратов.
- Шарўашылық комплексиниң 1-санлы фермасында ислеўши А.Қутлымуратов, А.Эгамов ҳәм Н.Қурамбаевлар жумыс барысында.
- Писикшиликте қаўын қосқа ҳармасынға келген жыйын аймағының хаткери Р.Сейтов ҳәм бөлип алып ислеўши Р.Дәўлетбаев қаўын қоста.
Арнаўлы бетти таярлаған: Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,
өз хабаршымыз.
Автордың түсирген сүўретлери.