СУЎДЫ ҮНЕМЛЕЎШИ ТЕХНОЛОГИЯЛАРДЫ КЕҢНЕН ЕНГИЗИЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ ДОДАЛАНДЫ
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-декабрьдеги «Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди жедел шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған қосымшаға муўапық, 2021-жылғы прогноз көрсеткишлери бойынша Қарақалпақстан Республикасында жәми 7423 гектар, соннан 5550 гектар пахта, 440 гектар бағ, 333 гектар жүзим, 1000 гектар басқа егинлер жетистирилетуғын майданларда тамшылатып суўғарылатуғын, 100 гектар жердеги пахта жетистирилетуғын атызларда дискретли суўғарыў технологияларын енгизиў белгиленген.
Усы қарарда көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди қәлеген аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилер менен қурыўшы кәрханалар арасында шәртнамалар рәсмийлестирилген.
Коммерциялық банклердиң кредит ҳәм интакерлердиң өз қаржылары есабынан 9896 гектар пахта, 620 гектар бағ ҳәм жүзимгершилик ҳәм басқа да аўыл хожалығы өнимлери жетистирилетуғын майданлар қаржыландырылып, бүгинги күнде тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў жумыслары алып барылмақта.
Бүгинги күнде 12 гектарлық пахта майданларында дискретли суўғарыў, 25 гектарлық ғәлле майданларында жаўынлатып суўғарыў технологиясы енгизилди.
Аймақлардағы усы бағдардағы жумыслар менен жақыннан танысыў, бар кемшиликлерди сапластырған ҳалда дийқан-фермерлер ҳәм суўшыларға тийисли мәсләҳәтлер ҳәм усыныслар бериў ушын республика көлеминде көргизбели семинарлар шөлкемлестирилмекте.
Еки күн даўамында районларда суўды үнемлейтуғын технологиялардың абзаллықлары, пахта ҳәм тәкирарый егинлерди суўғарыўды шөлкемлестириў мәселелерине бағышланған көргизбели семинарлар шөлкемлестирилди.
Семинарларда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.Fаниев, Суў хожалығы министри Ш.Хамраев, сектор басшылары, район ҳәкимлериниң орынбасарлары, суў хожалығы шөлкемлериниң ҳәм суўдан пайдаланыўшылар шөлкемлери, кластер, фермер хожалығы басшылары, илимпазлар, қәнигелер қатнасты.
Хожели районында өткерилген көргизбели семинарда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.Fаниев ҳәм басқалар суўшылар тәрепинен пайдаланылып атырған жумыс қуралларын көзден өткерип, суўғарыў мәўсиминде итибар қаратыў зәрүр болған мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирди. Суў дәреклеринен анық есап-санақ тийкарында нәтийжели пайдаланыў, суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен қолланыў, пахта майданларын түнги ҳәм шербет усылында суўғарыўды шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.
Семинарларда соңғы жылларда көзге тасланып атырған суў жетиспеўшилигин жумсартыўдың ең нәтийжели ҳәм бирден-бир жолы суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў екенлиги айрықша атап өтилди.
– Бүгинги семинарда суўдан пайдаланыўшылар шөлкемлериниң жумысларын жанландырыў ҳәм оларға жетерли дәрежеде шараятлар жаратыў бойынша тапсырмалар берилди,-дейди Шоманай районы ирригация бөлиминиң баслығы М.Жиемуратов. – Сәўбетлесиўлер даўамында кластерлер ҳәм фермер хожалықларының басшылары менен ҳәр бир аймақта суўшылардың санын арттырыў, оларға суўғарылатуғын майдан ушын гектарына 50 мың сумнан мийнет ҳақы төлеўге келисип алынды. Әлбетте, суўшылардың саны артса, суўғарыўдың сапасы да артады. Ажыратылған қаржы олардың мийнетине ылайық хошаметлеў болады.
Семинар қатнасыўшылары көрилген мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги