БЕЛАРУСЬ УНИВЕРСИТЕТИ БАСШЫЛАРЫ ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА
Соӊғы ўақытлары республикамыздағы жоқары оқыў орынларыныӊ шет еллердеги жоқары оқыў орынлары менен илимий бағдарда бирге ислесиў ҳәм олар менен биргеликте қоспа факультетлер ашыў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Буған мысал ретинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ Беларусь Республикасындағы П.М.Машерова атындағы Витебск мәмлекетлик университети менен бирге ислесиўин айтып өтсек болады.
Бүгин 1-июль күни усы университет басшылары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып, бул жердеги студент жаслар ҳәм профессор-оқытыўшылардыӊ билим алыў ҳәм жумыс ислеў шараятлары менен жақыннан танысты. Мийманларға университетте жаслардыӊ илим менен шуғылланыўы ушын жаратылған шараятлар ҳәм қарақалпақстанлылардыӊ заманагөй илимлерди ийелеўге деген қызығыўшылығын жоқары баҳалады.
Ушырасыӯда Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Ахмед Реймов ҳәм Витебск мәмлекетлик университетинен Дмитрий Антонов халықаралық бирге ислесиӯ бағдарындағы усынысларын билдирди.
Университет ректоры А.Реймов бул еки жоқары оқыӯ орынларының бирге ислесиӯлерин жоқары баҳалап, еӊ әҳмийетлиси бул бағдарда жетик қәнигелер таярлап шығарыӯда жаӊа басқыш болатуғынлығын атап өтти.
Ушырасыӯ даӯамында еки жоқары оқыӯ орныныӊ басшылары Информациялық технологиялар бағдарында биргеликтеги билимлендириӯ бағдарламалары тийкарында кадрлар таярлаў бойынша (бакалавр ҳәм магистратура ) шәртнамаға қол қойысты.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.