Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:02:56, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСЕНИМ ЖАСАЎҒА ТАЛПЫНДЫРАДЫ

 -дейди жас илимпаз Зухра Алламуратова

Илим жолында абырай ушын яки қандай да бир лаўазым ийелеў жетегинде жүргенлер  баршылық.  Лекин,  илимге садықлық сезими менен  қыянет етпей, пидайылық пенен хызмет атқарып атырғанлар көпшиликти қурайды.

Мине, усындай инсанлардың бири — Зухра Алламуратова илим жолында үлкен табысларға ерисип атыр-ған ҳаял илимпазлардан десек асыра айтқан болмаймыз. Ҳаял адамның шаңарағы тыныш болмай, ол басқа мәселелерге бас қатыра алмайтуғыны турмыс тәжирийбесинен мәлим. Мақаламыз қаҳарманы өзиниң талапшаңлығы, излениўшеңлиги, айрықша мийнеткешлиги менен мол табысларға еристи. Студентлик дәўиринде де билими арқасында талабы жоқары, қатал оқытыўшылардың нәзерине түсип, олар менен илимий жумысларды биргеликте алып барып, илимге болған жуўапкершилик сезими өсип барды. Сол устазлар қойған, жоқары талаплар, изленислер Зухраға илим соқпағына айдын жол ашып берди.

Қарақалпақ  прозасында  детектив жанр--да дөретилген гүрриң, повесть,  романлар айырым илимпазлардың  диссертацияларында,  монографияларында  басқа мәселелер менен қоса жанапай тәризде, илимий пикирлер билдирилгени болмаса арнаўлы изертленбеген  жанр еди. Сонлықтан, ол қарақалпақ  әдебияттаныў илиминде  изертлениўи зәрүр, актуал  «Қарақалпақ прозасында детектив жанрдың қәлиплесиўи ҳәм раўажланыў эволюциясы» деген темада диссертациясын табыслы жақлады. Зухра Алламуратова  жанрға анықламалар бериўде әдебий энциклопедиялық сөзликлерге, В.Ридевтың, сондай-ақ, Д.Қуранов, С.Ахметов, И.Султанның «Әдебият теориясы»на арналған мийнетлери менен Б.Халиковтың детектив роман поэтикасы бойынша монографиясына, детектив жанры бойынша Р.Галуллин,Т.Ирисбаев, Ш.Сулайманов сыяқлы алымлардың  авторефератларына сүйенип, өз пикирлерин  билдирди. XX әсирдиң 1960-жылларында жазылған, қарақалпақ  әдебия-тындағы туңғыш детектив шығарма А.Бекимбетовтың «Сырлы излер изинен» повести, 1970-жыллары жазылған Ә.Пахратдиновтың «Қырағы көзлер» романы, 1980-жыллары жазылған М.Қайыповтың «Қара чемодан» романларына илимий-теориялық жақтан таллаў жасап, анық дәлилледи.

— Өмир сүриўден гөзленген тийкарғы мақсет — адамның бахытқа жетисиўи, өз орнына ийе болыўы саналады. Келиң, сәўбетимизди усы пикирге Сизиң мүнәсибетиңиз бенен басласақ...

— Бахыт. Бул сезимди ҳәр ким өзинше түсинеди. Кимдур сүйген инсаны менен шаңарақ қурыўды, және кимдур перзентли болыўды, кимдур жоқары оқыў орнына кириўди, өзи қәлеген кәсипте хызмет көрсетиўди бахыт санайды. Базылар материаллық нәрселер: жай, машина, қымбат баҳалы тағыншақларға ийе болғанда өзин бахытлы сезинеди. Психологлар инсанның қолы жетпей атырған шыңларға жетисиўин, яғный, алдына қойған мақсетине ерисиўин бахыт деп түсиндиреди. Ал, «Авесто» китабында «Адам қашан өзин бахытлы деп санаса болады?» деген сораўға: «Инсанның ислеген иси менен алған билими сәйкес келсе ғана үлкен бахытқа ериседи» делинген. Демек, биз алған билимлеримизди әмелиятта қоллана алсақ, адамларға пайдасы тийетуғын жақсы кәсип пенен шуғыллансақ, бул әжайып сезимди аңлап жетер екенбиз, басқаларға қуўаныш, меҳир-муҳаббат үлесе  алсақ бахытлымыз. Себеби, бахытты излеў емес, жаратыў керек. Уллы данышпанлар «Бахытты өз ишки әлемиңнен таба алмасаң оны дүнья гезип излегениңниң пайдасы жоқ» деген.

Кеўилде бийбаҳа инсаный сезимлер қашан қәлиплеседи? Қашан биз руўхый әлемимизди тойындыра алсақ,   руўхымыз китаплардан нәр алады. Инсандағы барлық жақсы пазыйлетлер ушын китаплардан миннетдар болыўымыз керек. Алға илгерилеў, раўажланыў да сол китаплар жәрдеминде. Мениң бахытқа ерисиўиме себепкер де китаплар өмирде өз орнымды, өз жолымды табыўымда ата-анамның, досларымның  үлеси мол.

— Әдебиятқа қызығыўыңызға, илим жолына кирип келиўиңизге нелер себеп болды?

— Ата-бабамыз «Ҳәр қандай исте де бир кәрамат (қайыр) бар» деп түсинген ҳәм түсиндирген. Буған мысал сыпатында бир ҳикметли ўақыяны айтып өтсек: бурынғы өткен заманда бир патша болған екен. Ол иши қара, жалатай ўәзирлериниң сөзлерине исенип, ең әдалатлы ўәзирин бийгүна айыплап, зинданға таслатыпты. Сонда дана ўәзир өзин ақлаў ушын патшаға бир аўыз да сөз айтпай, буйрыққа бойсыныпты. Тек қолы байлаўлы кетип баратырып, «буның да бир қайыры бар шығар»!-деп қойыпты.

Дана ўәзир зинданға тасланған күни елге душпанлар бастырып келип, ҳәммени қырып таслапты. Сарай ғазнасын, халық мал-мүлкин талан-тараж етипти. Жаўыз қанхорлар бирде-бир тири жан қалдырмапты. Тек зинданда жатқан ўәзир аман қал­ған екен...

 Бул ҳикметти бийкарға келтирмедим. Мен туўылып өскен Шымбай районының ҳәзирги «Қамысарық» колхозында бала па-йытымызда ток тез-тезден өшетуғын еди. Жаўын жаўса еки-үш күнлеп ток жанбайтуғын ўақытлар болды. Сол гезлери атамыз Айтмурат Алламуратов (әкемниң әкеси) шыраның жақтысында ҳәммемизди қатықтай уйытып, халық дәстанларын, түрли ертек, аңыз, халық қосықларын айтып  беретуғын еди. Ең дәслеп «Алпамыс», «Қоблан», «Едиге» дәстанлары менен қатықулақ атам ар­қалы танысқанман. Ол инсанның әдебиятқа меҳри өзгеше еди. «Инсанға балалықтан сиңдирилген пазыйлетлер оның келешегин белгилейди» деген ибрат ҳақыйқат екен. Шаңарақта алты перзент тәрбияланған болсақ, соннан үшеўимиз көркем сөзге қызығып, әдебиятшы болып жетистик. Буған, әлбетте, сол дастурхан басында еситкен дәстан, қосықлар себеп болғаны сөзсиз. Әттең, бүгинги күнде бизиң бос ўақтымыз, анығырағы, көп ўақтымыз интернет яки телевидение көриў менен өтип кетпекте. Дас-турхан әтирапында әдебий сәўбет қурып яки перзентлерине ақшамлары ертек айтып беретуғынлар бар болса да санаўлы шығар.

Мен бул мысалларды не ушын келтирдим! Жасларды қалай тәрбиялаў ата-ана, устазлардың қолында. Балаға пәндиў-нәсият айтыў емес, ибрат көрсетиў зәрүр. Сиз телефонды бир шетке жыйнастырып қойып, перзентиңиз бенен биргеликте китап оқысаңыз, мазмунын бирге талқыласаңыз, оның билимге болған қызығыўшылығын оятасыз. Әсиресе, ата-анаға деген меҳир-муҳаббат, дослық сезимлери еле де беккемлениўине, сизиң исенимиңизди ақлаўға қәлбинде талпыныс пайда болады.

— Сизиң  илимпаз (излениўши) болып жетисиўиңиздеги  қәдемлер ҳаққында айтып берсеңиз?

— Магистратурада 1-курста оқып жүргенимде  пайтымызда «Илимий дөретиўшилик методологиясы» пәни муғаллими, устазымыз Алима Бердимуратова бизге сондай сораў менен мүрәжат еттиҮ «Сениң ийе­леп турған орның  (яғный, бакалавр-магис­тратураға санаўлы орын ажыратылады) өзиңдики ме!» Бул сораўға бирден «аўа» деп жуўап берген менен оны дәлиллеў аңсат емес еди. Бизлердиң жуўапларымыздан устаз қанаатланғанын яки қанаатланбағанын билдирмеди. Бирақ, бул сораў ҳәммени ойландырып, өз орнымызға мүнәсип болыўға талпындырды.

Илим — машақатлы жол. Лекин, илим ғана жәмийетти раўажландырады, инсаният ушын жеңилликлер, жаңа имканиятлар жаратады. Томас Эдисон электр лампочкасын жаратыў ушын 20 мыңға шамалас мәрте сынаў тәжирийбелерин өткермегенинде өмиримиз бүгингидей нурлы болмас па еди?.. Сонлықтан, илим жолына жең түринип кирискен инсанлар «исеним» атлы сезим менен қуралланыўы, гөзлеген мақсетине ериспегенше кеўли қарар таппаслығы, сабырлы болыўы керек.

Усы орында «исеним» түсиниги инсанларға қандай да бир тәрепке бурылыс жасаўға себепши болатуғынлығын бир жазыўшының шығармасы арқалы дәлиллемекшимен: Бир жас бала қатты кеселленип қалады. Оны қанша даўаласа да, ҳеш ем қонбайды. Ата-анасының көрсетпеген тәўиби қалмапты. Ақыры, үмитин үзип, баласын үйине алып келипти. Оған терезе жанынан жататуғын орын салып берипти. Бала ата-анасы айтпаса да өзиниң жағдайы аўырлығын ишинен сезип жатар еди. Күннен-күнге үмити сөнип, тек бул дүнья менен хошласатуғын ўақтын күтип жата берипти. Бала терезеден сыртқа тигилип жатып, айнаның алдында өсип турған үлкен терекке көзи түсипти. Көздиң жаўын алып, көк-көмбек жапырақлар самалда сылдырлар, айырымлары теректен үзилип, самал қанатында ушып кетер еди. Бала сол жапырақлардың бирин өзиниң жаны деп көз алдына келтиреди. Егер сол жапырақ қашан үзилип жерге түссе, мениң де жаным сол па-йыт үзиледи, деп соған исеним байлапты. Баланың ҳәр күни азанда таң атыўы менен сол жапырақтың бар-жоқлығын анықластырыў менен басланатуғын болыпты.

Гүз де келипти. Теректиң жапырақлары сийрексипти. Бала күннен күнге кеўилсизленип, тақатсызлана баслапты. Мениң жапырағымның үзилетуғын ўақты шамаласты, демек, өмирим де таўсылып бармақта, деген ойлар оны жегидей жер еди. Бир күни қатты даўыл болады, түни менен жаўын жаўады. Бала  түни менен қыйналып, қысылады. Жаман қыяллар уйқылаўына  мүмкиншилик бермейди. Таң атыўы менен терезеден сыртқа қараса, теректиң барлық жапырақлары төгилген, тек баланың жапырағы қалғанлығын көреди. Буған жас жүрек ҳәўлиреп қуўанып, енди мен саўалсам керек, деген исеним пайда болады. Нәтийжеде бала күннен-күнге күшке енип, аяққа турады. Дурыс, ҳақыйқый өмирде бундай болыў мүмкин емес. Гүзде  жапырақлардың төгилиўи тәбийғый. Хош, неге онда бул бир жапырақ қутырған боран ҳүжимине төтепки берип, үзилмей қалды?

Ана жүреги. Ол перзент ушын урады, перзент ғам-тәшиўиши менен жасайды. Ана ҳәмме нәрсени сезеди. Қәсте баласының сол жапыраққа узақ күн тигилиўин көрген ана баласы кеўлинен нелер кешип атырғанлығын аңлайды. Сол боранлы кеште жапырақ сүўретин дәл сондай етип сыздырып, терекке түспестей етип илдирип қояды.

Көринип турғанындай, исеним жасаўға күш береди. Исеним — жетискенлик. Илим жолына кирип келиўиме устазымыздың берген бир ғана сораўы себеп болды. Усы сораў-ға арзырлық жуўап табыў ушын еле берин изленистемен.

— Жаныңыздағы жақсылар ҳаққында да айтып өтсеңиз?

— Инсан өмиринде оның қоршаған орталығы үлкен әҳмийетке ийе.  Бизлер оқыған топардағы студентлердиң көпшилиги илимге қызығыўшылығы басым, талапшаң студентлер еди. Буның нәтийжеси сыпатында бүгинги күнде илим жолын даўам еттирип, илимий дәреже алған группаласларымызды айрықша атап өтким келеди. Олардан Ж.Сагидуллаева, Б.Диланов, А.Абдиев, А.Сейитбеков, Ж.Тәңирбергенов, И.Мәмбетов, Ш.Қунназаровалар илим жолында изленисте. Енди илимий дәрежелерин қорғаў алдында турған досларымыз да баршылық. Бундай дәрежеге ерисиўде олар бир-бирине ибрат болып, керек жеринде жол-жоба көрсетип, руўхый демеп, бир-бирин қоллап-қуўатлады. Тийкарғысы, устазларымыз бизге дурыс бағдар бере алғанлығында деп билемен. Илимий излениўшилик жолымда қандай да бир табысқа ерискен болсам илимий басшым, профессор Қ.Оразымбетовтың мийнетин айрықша атап өтемен. Себеби, илимий жумысымның дәслепки қәдемлеримнен баслап, жол-жоба берип, өз пикирлерин айтып, туўры жолға бағдарлады. «Сен илим дүньясына өз қызығыўшылығың менен машақатлардан тайынбай кирип келдиң. Енди биринши мәселе — илимде асығыслыққа жол қойма, шала-шарпы жуўмақ шығарыў илимге жараспайды. Илим анықлықты сүйеди. Пикирлериң дәлиллерге бай болсын» деп айтқан мәсләҳәтлерине ҳәмме ўақыт әмел етип киятырман.

Ҳаял адамның жәмийетте, әсиресе, илим жолында белгили орынға ийе болып, жетискенликке ерисиўинде биринши гезекте шаңарақтың орны айрықша. Себеби, шаңарақ ағзалары оны түсинип, жақыннан қоллап-қуўатлап турмаса, ол қанша ҳәрекет еткени менен де табысларға ерисиўи қыйын кешеди. Бизиң шаңарағымызды илимпазлар шаңарағы десе де болады. Өмирлик жолдасым Азамат Абдиев те илим жолында табысларға ерискен инсан. Ол  қарақалпақ тил илими бойынша «Алпамыс дәстанының тили» деген темада филология илимлериниң кандидаты дәрежесин алды. Бул инсан мениң өмирдеги ҳәм илим жолындағы  жақын кеңесгөйим, сырлас достым. Ол ҳәмме ўақыт мени қоллап-қуўатлаған, түсинген, туўры бағдар берген.

Мен  арзыў әрман еткен  илим жолындағы жетискенликлерге еристим ҳәм   буннан соң да   илимпазлар  салған жолдан  барар екенмен  қуда қәлесе  қарақалпақ әдебиятына  өз үлесимди қосаман...

— Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет. Илим  жолына салған соқпағыныз үлкен  гүзарға айлана берсин!

         

 Сәўбетлескен:

З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.

СҮЎРЕТТЕ: Зухра АЛЛАМУРАТОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF