Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:05:54, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУЎАП ҚӘНЕ, ЖОЛДАС ЖУЎАПКЕРЛЕР?

Газетамыздың усы жыл 13-май күнги №58 (20612) санында «Ийе­сиз хаттың тәғдири не болды?» атамасындағы сын мақалам жәрия-ланған еди. 2021-жылдың 17-май күни Нөкис қаласы ҳәкими У.Панаевқа усы мақалаға тийисли тәртипте жуўап бериўди соранып, редакция атынан хат жиберилди.

Соннан берли арадан саррас 50 күн, яғный, 1 ай 20 күн өтти. Елеге шекем Нөкис қаласы ҳәкимлигинен жуўап болмады. Ең болмаса, «Мақаладағы мәселелер үйренилип атыр» деген де бир жапырақ қағаз жоқ. «Сен тиймесең — мен тиймеймен» болып отыр. Сонлықтан олар умытқан шығар деп дәрҳал Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы бөлиминиң жетекши қәнигеси С.Байниязовқа хабарлас­тым. Бирақ, С.Байниязовтың буннан улыўма хабары жоқ екен. Бирақ, маған хаттың кимниң қолында екенлигин анықлап берди. Билсем, ҳәкимияттың баспасөз хызмети баслығы жумыстан босап кетип, оның жумыслары қосымша түрде ҳәкимниң руўхый ҳәм ағартыў жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Б.Абдиреймовқа жүкленген екен. Хатқа жуўап бериў де оған жүклетилипти. Б.Абдиреймовты бурыннан таныйман. Бир ўақытлары баспасөз тараўында ийинге-ийин тиресип ислесип едик. Шынын айтқанда, хаттың оған тапсырылғанына қуўанып кеттим. Өйткени, жүзи таныс, өзи усы тараўдың нанын жеген, бир ўақытлары «Устаз жолы» газетасының бас редакторы да болып ислеген. Сонлықтан, оннан жуўапты тез аламан деген ойда едим. Әттең...

Мен не демекшимен? Кейинги ўақытлары Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң жуўапкер  хызметкерлери тәрепинен мүрәжатларға  жуўаплар өз мүддетинде  берилмейтуғын болды. Сорасаң үйренип атырмыз дейди. Улыўма газетада шыққан сын мақаланың жуўабы кешиккен үстине кешигеди. Ал, егер социаллық сайтларда сын мақала шықса олар аяғы күйген таўықтай жуўырысып қалады. Неге бундай? Бүгин баспасөздиң абырайы кемип кетти ме?

Бул да тура берсин. Нөкис қаласы ҳәкимлиги усылай ислеп, ҳәр сапары Өзбекстан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы нызамын қайта-қайта бузыўға жол қойып келмекте. Бирақ, оларға ҳеш қашан шара көрилмегенликтен, нызам бузылыўы даўам ете береди...

Усы сапары да сондай болды. Болмаса 50 күнге шекем мүрәжат­қа жуўап бермеў жоқарыдағы нызам талапларын қопал түрде бузыўдан басқа ҳеш нәрсе емес. Мысалы, нызамның 28-статьясында: «Арза яки шағым арза мәселени шешиў шәрт болған мәмлекетлик органлар, шөлкемлер яки олардың лаўазымлы шахсына келип түскен күннен баслап 15 күн ишинде, қосымша үйрениў ҳәм (яки) тексериў, қосымша ҳүжжетлерди сорап алыў талап етилгенде бир айға шекемги мүддетте көрип шығылады. Арза яки шағым көрип шығыў ушын тексериў өткериў, қосымша материалларды сорап алыў яки басқа ис-илажлар көриў зәрүр болған ҳалларда олардың көрип шығылыў мүддетлери ти­йисли мәмлекет органының, шөлкемниң баслығы тәрепинен узағы менен бир айға узайтылыўы мүмкин, бул ҳаққында мүрәжат ийесине хабар бериледи» делинген.

Егер жоқарыдағы нызам талабынан келип шығатуғын болсақ, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң усы күнге шекем (50 күн) жуўап бермегени қалай болғаны? Ҳәтте, бунда қосымша үйрениў жумысларын жүргизиў де керек емес еди. Алдын бул мәселе қайта-қайта үйренилди (ҳәтте, неше жылдан берли) сонда және қосымша мүддет неге керек? Оның үстине, қосымша мүддетти қосып есаплағанда да ары барса бир айда көрип шығылыўы шәрт еди. Олай болса олар­ға және (50 күнди есапласақ) қосымша 20 күн берилди. Неге усы күнге шекем жуўап жоқ?

Жуўмақлап айтқанда, жоқарыдағы нызам талаплары қашан орынланады екен? Ямаса бул нызам Нөкис қаласы ҳәкимлиги хызметкерлерине тийисли емес пе? Тийисли болса неге усы күнге шекем бирде-биреўи усы нызам талапларын бузғаны ушын жуўапкершиликке тартылмай киятыр?

 

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Нөкис қаласы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF