Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:33:29, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘДАЛАТЛЫ ҚӘЙИН ЕНЕ

Ҳәр биримиз туўылған ана журтымыз, жасап атырған аймағымыздың, қала берсе мәҳәллелеримиздиң абаданлығы, тыныш-татыўлығы, аўызбиршилиги ушын умтылып, барлық ўақытта жуўапкершиликти терең сезинип жасаўымыз керек. 

Себеби, мәҳәлле — бизиң екинши үйимиз. Өзбекстан  Республикасы Ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамы қарсаңында «Ең әдалатлы қәйин ене» атамасында Республикамыздың барлық қала ҳәм районларындағы мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларындағы үлгили шаңарақ аналары арасында таңлаў  өткерилип атыр. Себеби, жасы үлкен апаларымыз ҳәр бир шаңарақтың уйытқысы ҳәм берекети. Оларды қанша ардақласақта көплик етпейди. Жақында Тахтакөпир ра­йонлық мәденият сарайының мәжилислер залында таңлаўдың районлық бас­қышы болып өтти. Буған ра­йондағы барлық мәкан пуқаралар жыйынларынан бир қанша иззет-ҳүрметтеги төрели аналарымыздың айы­рымлары қатнасып, берилген шәртлер бойынша өз-ара күш сынасты. Быйылғы  жылы өткерилип атырған беллесиў ҳәр жылғыға қарағанда айтарлықтай дәрежеде өзгеше ҳәм қызықлы болып өтти.

Таңлаўда төрешилер қурамы ағзасы А.Аллаярова сөзге шығып, қәйин ене ҳәм келин арасындағы мүнәсибетлер, қарым-қатнаслар ҳаққында кең түрде сөз етип, қатнасыўшыларға әўмет тиледи. Өткерилип атырған таңлаўдан гөзленген мақсет ҳаққында айтып өтетуғын болсақ, пуқаралар жыйынларындағы тәрбиялы шаңарақлардың өзгелерге өрнек боларлық аўызбиршилигин, перзентлер тәрбиясы, келин ҳәм енениң сыйласығын, тийкарғысы жақсы пазыйлетлерин кең жәмийетшиликке жеткизиў, биринши нәўбетте жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириўден ибарат еди.      

Сондай-ақ, таңлаўда қатнасқан барлық әдалатлы қәйин енелер ҳәр тәреплеме билими жетик, сабырлы, жеке өмиринде, шаңарақта бәршеге өрнек болғандай искер, дилўарларының сайланғанлығы, қойылған шәртлерди орынлаў барысында және бир мәрте көзге тасланды. Бәрше шәртлер бойынша жоқары балл топлаған «Айдын жол» МПЖ аймағы қатнасыўшысы Ж.Махаматдинова өзиниң ҳәр тәреплеме алық екенлигин көрсетип, 1-орын­ға миясар деп табылды ҳәм республикалық көлемде өткерилетуғын бас­қышқа жолламаны қолға киргизди.

— Таңлаўға қатнасыў ҳәм таярлық көриў даўамында өз үстимде көп ислеп, тәжирийбемди және де арттырдым. Өзим «Қара ой» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан қатнасып атырман. Қасымдағы қатнасыўшылардан да алатуғыным бар екен. Келин де биреўдиң баласы оны да шаңарағыңа келгеннен кейин өз перзентиңдей жақсы қабыллаўың керек. Билмегенин үйретип, даў-жәнжелсиз жолға салыў өз қолымызда,-дейди таңлаў қатнасыўшысы Жумагүл Сулайманова.

Сондай-ақ, буннан басқа да 2,3-орынлар ҳәм номинациялар бойынша  жеңимпаз болғанлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярлан-ған «Ҳүрмет жарлықлары» ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

— Қатнасыўшылардың барлығы да таңлаўға күшли таярлықлар менен келгенлигин дәлилледи. Бирақ, таңлаў аты менен таңлаў бол­ғанлықтан «Жүзден жүйрик, мыңнан тулпар» дегендей, олардың ишинен бир жеңимпазды анықлаўымыз керек. Қатнасқан барлық аналарымыздың төрелиги ҳәм епшиллиги ҳәр түрли бас­қышларда анықланды,-дейди төрешилер қурамының ағзасы, райондағы 10-санлы мектеп директоры Хатша Баймурзаева.        

С.ТУРДЫБЕКОВА.

СҮЎРЕТТЕ: таңлаўдан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF