ДЕМ АЛЫЎ ОРЫНЛАРЫНДАҒЫ УМЫТЫЛМАС МӘЎРИТЛЕР
Ҳәр күни өзиниң қыңырлығы менен шаўқымы үй ишин толтырып, гейде шаршап жумыстан келгениңде шийрин тилли, пәк қәлби менен барлық тәшўишлериңди бир мәўритке болса да умыттыратуғын балаларымыздың жазғы демалысы әлле қашан басланып кетти. Олар ушын мәўсимниң басланыўы оғада қуўанышлы жағдай.
Себеби, демалыста дем алыў орайларына, яки жақын инсанларының үйине қыдырып барыўы, көплеген дослар арттырыўы, қулласы, өзлерин қызықтырған жумыслар менен бәнт болыўына ўақты көп болады.
— Республикамызда пандемия шараяты болыўына қарамастан, карантин талапларына әмел еткен ҳалда балалардың жаз мәўсимин кеўилли өткериўи ушын барлық шараятлар жаратылған дейди, — Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кеңесиниң мәдений-ағартыўшылық ҳәм спорт жумыслары бөлиминиң меңгериўшиси Г.Тлепов.
— Бул бойынша усы жылдың 19-май күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде өткерилген мәжилистиң «Балалардың демалысын шөлкемлестириў ҳәм саўалландырыў илажларын ислеп шығыў, оларды әмелге асырыў бойынша системалы қадағалаў ҳәм де мониторингин тәмийинлеў бойынша» муўапықластырыўшы топар қарарына тийкарланып бир қатар ўазыйпалар белгиленди.
Атап өтсек, республикамыз аймағында усы жылы 11 стационар түрдеги балалар дем алыў орайларында жәми 6840 баланы саўалландырыў режелестирилип, соннан кәсиплик аўқамлары қәрежетлери есабынан 6 орайда 5000 баланы ҳәм де жергиликли ҳәкимликлер, хожалық уйымлары ҳәм қәўендерлер есабынан 5 оқыў мәкемелери жанында шөлкемлестирилетуғын орайларда 1840 баланың кеўилли дем алыўын тәмийинлеў режелестирилди. Усы дем алыў орайларының арасында Қарақалпақстанда биринши мәрте қысқы ҳәм бәҳәрги демалысларында Мойнақ районындағы «Ақ кеме» балалар дем алыў орайында 7-14 жас аралығындағы 203 балалар дем алды.
Соны да айтып өтиў керек, ҳәр жылы Қарақалпақстан Республикасынан Ташкент, Жиззақ, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларындағы дем алыў орайларына кем тәмийинленген шаңарақ балалары бийпул жиберилетуғын болса, быйылғы жылы карантин шеклеўлерине байланыслы аймағымыздағы жайласқан дем алыў орайларында дем алыўы мүмкин.
Жазғы демалысын мазмунлы ҳәм есте қаларлықтай өткерилиўин тәмийинлеў мақсетинде республикалық «Бәркамал әўлад» орайында май айында бир ҳәпте даўамында тәрбияшы, жетекши ҳәм дөгерек басшылары болған педагоглар оқытылды. Сондай-ақ, демалыў орайлары хызметлерине онлайн-семинарлар шөлкемлестирилди.
Қулласы, балалардың бахытлы демлерин умытылмастай етип өткериўинде, олардың ата-анасы баўырына аман-саў қуўысыўын тәмийинлеў мақсетинде қадағалаўшы уйымлары менен биргеликте қәўипсизлик шаралары көрилген.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.