ЖЕКЕ МӘП ХАЛЫҚ МӘПИНЕН ҮСТИН ТУРА МА?
2021-жыл 29-апрель күни газетамыздың №51 (20605) санында «69-санлы маршрут қайда кетти?» атамасындағы мақала жәрияланған еди. Онда 69-санлы маршруттың кейинги ўақытлары жүрмей қалғанлығы себепли аймақ турғынларының 5-санлы поликлиникаға барыў да қыйыншылықлар туўылып атырғаны айтылған еди.
Мүрәжат шыққаннан кейин ҚР Транспорт министрлигиниң мәлимлеме хызметинен суйық, ишинде түйирли нәрсе жоқ жуўап алдық. Жуўаптың суйықлығын соннан билиң, онда пуқаралар мүрәжаты туўралы тилге де алмаған. Бары-жоғы 69-санлы маршруттың жүрип турғаны «мақтаныш» тутылған. Қызық, сонда министрлик пуқаралардың неге маршрут сызылған схема бойынша жүрмей атыр деген талабын көрмеген? Неге мүражатты басқа тәрепке бурып жиберген? Усыннан кейин барлығына себепши болып атырған «Голден Пегас Нөкис транс» ЖШЖ баслығы С.Мәдиреймов та қыбырлап қалды. Өйткени, министрликтиң сызып берген схемасы бойынша 69-санлы маршрут жүрмей атыр еди. Ол да министрликке ҳәм редакцияға арза менен мүрәжат етти. Арзасында: «Жөнелис бойынша жолаўшылар қурылыс базары, 5-санлы поликлиника ҳәм Орайлық базарға шекем минип-түседи. Орайлық базардың арғы тәрепи, Айдын жол арқалы Адай аўыл тәрепине ҳеш қандай жолаўшылар минип түспейди...» делинген. Арзасының тийкарын айтсақ, 69-санлы маршрут белгиленген схема бойынша жүриўине мүмкиншилик жоқ екен. Себеби, бириншиден, жол алыс. Екиншиден, стоянкаға кирмейди. Үшиншиден, Адай аўылға ҳеш ким минбейди. Төртиншиден, 69-санлы маршрут 5-санлы поликлиникаға барса қыйналып қалады екен.
Буны қалай түсиниўге болады? Фирма баслығының жуўабына не деў мүмкин? Бириншиден, жолдың алыслығы, адамлардың минбей атырғанында, стоянкаға киргизбей атырғанында қурылыс базардан 5-санлы поликлиникаға баратуғын жолаўшылардың не айыбы бар? Жолаўшылар тендер ойналғанда, схема дүзилгенде «Жолды алыс етип қойың. Қыйналса жөнелисти утып алған исбилерменлик субъекти қыйналады» деген бе екен?
Бул енди теңгениң бир тәрепи. Екинши тәрепи оннан да шубалаңқы. Ал, тендер өткеретуғын ҚР Министрлер Кеңеси жанындағы республика аймағында қала, қала әтирапы ҳәм қалалар аралық жөнелислеринде жолаўшы тасыўды шөлкемлестириў комиссиясы ағзалары схема сызғанда, тендер өткергенде жоқарыдағы талапларды неге есапқа алмаған? Егер есапқа алған болса (бул жағы бизге қараңғы) фирма баслығы сол ўақыттың өзинде тендерден неге шығып кетпеген? Комиссия тек тендер өткериў, схеманы сызыў, ақша өндириў менен шуғыллана ма екен? Олай болмағанда неге енди усы күнге шекем 69-санлы маршруттың схема бойынша жүрмей атырғанына тийисли шара қолланбаған? Транспорт министрлиги қайда қарап отыр? Оларға мәмлекет қаржы ажыратып, айлық, машина берип қойыпты. Бул нәрселер сол шырлап атырған халықтың төлейтуғын салықлары есабынан келип турғанын олар биле ме екен?
Ҳәзирги күнге келип, фирма баслық та, тендер комиссия да суўдан қурғақ шықпақшы болып отыр. Фирма баслық комиссияға төмендеги талапты қойғанF «69-санлы маршруттың Айдын жол арқалы Адай аўыл тәрепине барыўшы жолын қысқартып, «Телеорай» МПЖ аймағынан қурылыс базары арқалы 5-санлы поликлиника ҳәм Төрткүл гүзары арқалы Орайлық базардағы стоянкаға киргизип, «Телеорай-Орайлық базар» деп қысқартып бериў». Ал, тендер комиссия болса өз ўазыйпасын умытып кетип, фирма баслығына шара қолланыў былай турсын, тек өзиникин жөнлеп, фирма баслығының талабын гезектеги комиссия күн тәртибине қоямыз дегеннен ары өтпей атыр.
Неге? Не ушын тендер комиссия да, министрлик те тийкарғы мәселе — пуқаралардың мүрәжатларына немқурайдылық пенен қарап отыр? Сондай-ақ, өзлериниң сызған схемасын бузып, тағы талап қойып атырған фирма баслығына шара қолланбайды, яки «бизлердики қәте, сизики дурыс» деген мәнисте талабын орынламайды?
Усы жерде бир нәрсе ядыма түсип кетти. Фирма баслық талап қойыўға ҳақысы бар ма? Неге сол талабын тендер ойналып атырғанда қоймаған? Ямаса исбилерменлик усындай бола ма екен? Сен дүкан ашсаң мәмлекет оған қарыйдар таўып береди, сен тек ақша табасаң дегенди ол қайдан тапқан? Исбилерменлик дегенниң өзи истиң көзин билип ислеў дегенди аңлатпай ма?
Мақалада биз көбирек фирма баслық туўралы айтып кеттик. Туўры, бул жерде тек фирма баслықтың айыбы бар, ал, тендер комиссия барлығын нызам жолы менен ислеп атыр деўге де болмайды. Бизиң байқаўымызша, тендер комиссияның өзинде де шийкишиликлер жетерли сыяқлы. Мысалы, усы жылдың 4-июнь күни редакция атынан ҚР Транспорт министри С.Сапаровқа комиссияның усы мүрәжат бойынша қабыл еткен қарарынан бир нусқасын бериўин сорандық. Себеби, журналистлик изертлеў жүргизиў ушын еки тәрепти тең услап, фактлерди салыстырыў талап етиледи. Онысыз изертлеў жүргизиў, ақты ақ, қараны қара деў орынсыз. Барлығы усыннан кейин басланды. Бизге комиссияның қарарын алыў Эверест шоққысына шыққаннан да қыйын болды. Өйткени, министрликтен қарарды сорасақ, тек ески жуўапты бериў менен шекленип қалды. Мысалы, 4-июнь күнги №1231-санлы хатында, тағы еслетип өтемиз, бизлер сораған қарардың орнына төмендеги жуўапты алдық. «69-санлы жөнелисли такси жөнелиси тендер таңлаўында турғаны себепли усыныс қанаатландырылмады» делинген. Биз де изинен қалмадық. 14-июнь күни және қарардан көширме бериўди талап еттик. Қосымша Өзбекстан Республикасының «Журналистлик хызметин қорғаў ҳаққында»ғы нызамының 5-статьясын келтирдик. Онда: «Журналист өз хызметине байланыслы хызметин әмелге асырыў ўақтында мәлимлеме топлаў, оны анализлеў ҳәм тарқатыў, мәлимлеме алыў ушын мәмлекетлик органлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелер, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерге мүрәжат етиў, мәмлекет сыры яки нызам менен қорғалатуғын басқа сырды айтпағанда ҳүжжетлер, материаллар ҳәм мәлимлемелерден пайдалана алыў ҳуқықларына ийе» делинген.
Деген менен, ҚР Транспорт министрлиги юристи Бахыт Сейтмуратов өзи нызамларды жетерли билмейтуғынын көрсетип берди. Буған мысал, усы жыл 17-июнь күни 1313-санлы хат пенен комиссия қарарын бермегени менен турмай, төмендеги жуўапты берди: «Комиссия мәжилисинде көрип шығылған мәселелер бойынша шығарылған қарарлар баянлама менен рәсмийлестириледи. Комиссия мәжилисинде бир қанша юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мүрәжатлары, исбилерменлик субъектлериниң искерлиги менен байланыслы мәселелер көрип шығылады. Өзбекстан Республикасының «Мағлыўмат еркинлиги принциплери ҳәм кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамының 10-статьясына муўапық, «Егер соралып атырған мағлыўмат сырлы болса яки оны әшкар етиў нәтийжесинде басқа шахстың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерине зыян жеткериўи мүмкин болса мағлыўматты бериў қанаатландырылмаўы мүмкин» делинген.
Жолдас юрист! Биз сораған мағлыўмат ҳақыйқатында ашықлық, жәриялылық дәўири болғаны ушын керек болса интернетте жәрияланыўы, пуқаралар кимниң қайсы тендерде қатнасқаны, кимниң жеңгени ҳәм басқа да мағлыўматларды билип отырыўына толық ҳуқықы бар еди. Сиз комиссияның мәплерин мәмлекет мәплери менен теңлестирип жиберипсиз. Комиссия ағзалары мәмлекетлик уйымларда лаўазымларды ийелеп отырғаны менен олар мәмлекет есапланбайды. Олар жеке адам, мәмлекет емес. Олардың мәплери сыр тутылыўы, егер туўрылап айтатуғын болсақ, «коррупция» деп аталады. Оларды жасырыўға ҳеш кимниң де ҳақысы жоқ еди.
Сондай-ақ, жоқарыдағы статьяны айтпастан алдын жәмийет, мәмлекет мәпи дегенде сиз нени нәзерде тутқаныңызды түсинбедик. Себеби, комиссия мағлыўматлары қашаннан баслап мәмлекет сыры есапланған? Ондай қарарды ким қабыллаған? Онда пуқаралық жәмийет, жәмийетлик қадағалаў түсиниги қайда қалды? Жәмийет мәмлекетлик органлардағы лаўазымлы шахслардың ис-ҳәрекетлерин қалай баҳалай алады? Қашаннан баслап комиссия ағзаларының пикирлери мәмлекет сыры есапланатуғын болғанлығын түсиндирип бериўиңизди талап етемен.
Жуўап хатта «билгир юрист» керек жеринде нызамларға сүйенетуғынын да еслетип қойыпты. Өзбекстан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында» нызамының 19-статьясын да келтирип өткен. Онда: «Мүрәжатларды көрип шығыўда физикалық шахслардың жеке өмири, юридикалық шахслардың искерлиги ҳаққындағы мағлыўматлар олардың разылығысыз, сондай-ақ, мәмлекет сырын яки нызам менен қорғалатуғын басқа сырды қураўшы мағлыўматлардың ҳәм егер бул физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин кемситетуғын болса, басқа мәлимлемениң мәмлекетлик органлары, шөлкемлер хызметкерлери ҳәм олардың лаўазымлы шахслары тәрепинен әшкар етилиўине жол қойылмайды» деп белгилеп қойылған.
Нызамды керек жеринде пайдаланыў деп усыны айтса керек. Өзи «Журналистлик хызметин қорғаў ҳаққында»ғы Нызамын аяқ-асты етсе де, өзин қорғайтуғын ўақытта юристимизге нызам керек болып қалыпты. Бирақ, юрист өзи нызамды қай жерде, қашан, қандай ўақытта қолланыўы кереклигин билмеўи ҳайран қалдырды. Себеби, ол нызамда шахслардың жеке өмири, юридикалық шахслардың искерлигине қол қатылмайды деген. Туўры, бирақ, биз сораған мағлыўматты негизинде кең жәмийетшилик ўәкиллери толық билиўге ҳақысы бар еди. Юрист шахслардың жеке өмири дегенде нени нәзерде тутқан екен? Адамның жеке өмири деп бир адамның намысына тийетуғын болса айтылмай ма? Ямаса биз комиссия ағзалары ҳәм фирма баслықларының жеке өмири, олардың тендерде қалай жеңип шығатуғыны, алыс-бериси туўралы сорадық па?
Мениңше, сиз шахслардың жеке өмири деп комиссия ағзаларының жеке мәплерин түсинген болсаңыз керек. Тендердеги былғасықлар туўралы буннан бурын да еситип жүр едик. Сизиң комиссия қарарын бериўден бас тартып, түрли сылтаўлардың басын услаўыңыз және сол пикирлерди тастыйықлағандай болды.
Бүгинги күнде айырым лаўазымлы адамлардың нызамларды өз мәпи жолында пайдаланыўға шебер болып кеткенине көзимиз жетти. Бунда жәмийетлик қадағалаў, жәриялылық принциплерине ҳеш қандай жол қалмаған. Жеке мәплер үстинлиги көринип тур.
Ҳәзирги ўақытта журналистлик хызмет пенен шуғылланыў, лаўазымлы шахслардан мағлыўматларды алыў ең қыйын мәселеге айланып баратыр. Олар ҳәр түрли сылтаў, жалған жуўаплар менен журналистлердиң диңкесин қуртып киятыр. Соңғы жыллары түрли министрлик, шөлкемлерде ашылған баспасөз хызмети де бунда ҳеш қандай нәтийже бермей атырғаны бар гәп. Көпшилик журналистлер жазбайды, машқалаларды көтерип шықпайды дегенди айтады. Бирақ, сол журналистлердиң өзлери мағлыўматларды алыўда тосқынлықларға ушырап, басым астында қалып атырғанын ҳеш ким билмейди. Мен мақаламда буған бир ғана мысалды келтирдим. Бундай жағдай жоқары ҳәкимият уйымларында отырған баспасөз хызмети ҳәм басқа да лаўазымлы шахслардан мағлыўмат алыўда ушырасқанын жасырмайман. Бул жағдай еле де даўам етип атыр. Нәтийжеде халық журналистлерди айыплаў менен әўере болса, министрлик, ҳәкимликлер суўдан қуры шығып атыр.
Мен жоқарыдағы мәселе бойынша ҚР Министрлер Кеңесиниң баспасөз хызмети баслығы А.Ажимуратовқа да жолықтым. Ол излестирип көриўге ўәдесин берди. Бирақ, соңынан телефонын да көтермейди, хабарласпайтуғын да болды. Усындай пикирди ҚР Транспорт министрлигиндеги баспасөз хызметкери З.Қалжанова туўралы айтыўға да болады. Ол да түрли сылтаў менен басын алып қашты.
Улыўма алғанда, бүгинги күнде мәкемелерде ашылған баспасөз хызмети мәмлекет қаржысы есабынан тәмийинленип турса да, олар журналистлерге мағлыўмат жеткериўши емес, ал, алдындағы бөгетке айланып баратырғандай. Баспасөз хызметиндеги көпшилик журналистлер журналистлик қәлемин сындырып, лаўазымлы шахслардың мәпин гөзлеўге өтип кетти десек асырып жибергенимиз емес. Халқымызда «Үмит ең соңында сөнеди» деген гәп бар.
Сол айтқандай, тендер комиссия Нөкис қаласы «Телеорай» МПЖ пуқараларының мүрәжатында көрсетилген мәселелерди шешип береди деген үмитте қаламыз.
Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз.