ДИЙҚАННЫҢ ЖЫЛЫН БЕРСИН...
Бүгинги дийқан-фермерлер сырт еллердиң жоқары өнимдарлықта ислеўши қуўатлы, механизм ҳәм әсбап-үскенелери менен толық қамтамасыз етилгенликтен ис қураллары сазлығын исенимли түрде айта аламыз.
«Бесқала-2» фермер хожалығының 27 гектарлық бийдай атызларын таң азаннан ысырапкершиликке жол қоймай, орып-түйеклеўге кирискен «Клаас» ҳәм «Нью-Холланд» комбайнларына ҳәўесиң келеди.
— Көрип турсыз, атызларымызда нәл толық. Бир тегис болғаны менен қанып суў ишпегенге раўажланыўдан бираз артта қалса да шығымы жақсы. Бар өнимди агротехникалық тәрбияның күши менен жетистирдик. Болмаса өткен жылы усы атызлардан 30-35 центнерден өним алған едик, - дейди хожалықтың ис жүргизиўшиси Полат Изимбетов.
— Жетистиргенлеримизди сепситпей жыйнап алсақ, гектар есабына 30 центнерден 81 тонна қырмызы дәнди Ўатан телегине тапсырыў мүмкиншилигине ийемиз. Шигит егилген 17 гектар жердеги ғашаўамызға агротехникалық тәрбия түрлери өз ўақтында сапалы исленбекте.
Ҳүкиметлик қарар тийкарында өз ғамқорлығымызға алған аўыл жасларына 15 гектар, сондай-ақ, гүзлик бийдайдан босаған жерлеримизге тәкирар егинлер егиў ушын ҳәр бирине 0,35 сотых жер ажыратқанымызға қуўанышлары шексиз. Шаңарақ ағзалары менен қолға-қол усласып, овощ-палыз егинлерин егиўшилерге сүрим ҳәм туқымнан тийисли жәрдемлер көрсетилди.
Ҳәр жылғы табысларымыздың есабына киши машина-трактор паркине керекли механизмлер алынып, егис, тәрбия ҳәм жыйын-терим мапазларын өз күшлеримиз бенен атқарып, қоңсы хожалықларға да техникалық жақтан шәртнама тийкарында төлемли хызмет түрлерин көрсетиўди баслап жибердик.
Усындай жумысларымыз бенен қатар 5 гектарға бағ, жүзим, овощ-палыз ҳәм от-жемлик егинлер егип, гүздеги қырманда хожалық қазнасын байытыўға салмақлы үлеслери қосылады. Егинлердиң түрлери бойынша жылдан-жылға зүрәәтлилигимиздиң артыўына пал ҳәррелериниң тәсири көп. Келешекте балықшылық пенен шуғылланыў ушын ҳәўиз қаздырып, шарўашылықты да баслы тараўға айландырмақшымыз...
Дийқанның жылы нәўпир суўы менен қосыла келсе ғана халқымыздың дастурханы байып, арзаншылық боларына ҳеш ким шек келтирмейди.
Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,
өз хабаршымыз.
Қанлыкөл районы.