ЖАСЛАРДЫҢ БИРДЕН-БИР ГАЗЕТАСЫ
Пүткил қарақалпақстанлы жаслар ушын тәлим-тәрбия мектеби, руўхый азығы болып келген, қарақалпақ тилинде шығып киятырған жәмийетлик-сиясий «Қарақалпақстан жаслары» газетасы ҳәр ҳәптениң пийшемби күни республикамыздағы барлық оқыў орынларына, ҳәр бир шаңараққа, өзиниң қәдирдан оқыўшылары қолына жетип бармақта.
«Қарақалпақстан жаслары» газетасына тийкар салынғанына быйыл 90 жыл болмақта.
Газетаның тарийхынан сөз ететуғын болсақ, «Қарақалпақстан жаслары» газетасы 1931-жылы «Қарақалпақстан комсомоллары» деген ат пенен 800 нусқада биринши саны жарық көрип бүгинги күни 90 жасқа шығып атыр. Газетаны шөлкемлестириўге баслама салған сол ўақыттағы биринши редакторы, белгили шайыр ҳәм журналист Избасар Фазылов 1936-жылға шекем редакторлық еткен. Сол дәўирдеги сиясатқа бола, «Халық душпаны» деп репрессияға ушырап, 20 жылға қамалып кеткен. 1931-жылы 25-марттан баслап газета 5 күнде 1 мәрте шығып турған. Газетаның редакциясындағылар бәри бир бөлмеде отыратуғын болған. Ол ўақытлары электр энергиясы болмаған. Жиңишке узын қағазға қол менен жазған. Териў цехында үлкен бочкада суў қайнап турған. Соған қолларын жылытып, жумысын үзилиске түсирместен даўам еттирген. Газетаның версткасын Балтабай Изикулов ислеген. Дәслепки ҳәрип териўшилер Жумабай Матжанов, Райхан Бодықовалар еди. Газета А3 форматта 4 бет болып шыққан. Урыстан соң 4-5 мың нусқада шыққан болса, 1952-жылы 17 мың нусқа менен басылған. Фотохабаршы етип Москвадан Мозников шақырылған. Кейин ала газетаға М.Елеўсинов, Султан Қаниязов, Режепбай Сайтов ҳәм басқалар фотохабаршы болып келген. 1931-жылы ноябрьден баслап «Жас Ленинши» аты менен жарық көрген. Газетаға Наўрыз Жапақов жуўаплы хаткер болған. 1941-жылы Екинши жер жүзилик урыстың басланыўы менен газета ўақтынша шықпай қалған. Сол себепли «Қызыл Қарақалпақстан» (ҳәзирги «Еркин Қарақалпақстан») газетасында «Комсомол турмысы» бөлими шөлкемлестирилген. Ҳүкимет тәрепинен 1950-жылы 23-май сәнесинен баслап газетаны қайтадан шығарыў ҳаққында арнаўлы қарар қабыл етилип, газетаға редактор етип Меңлибек Абдреймов, жуўаплы хаткер етип Жалғас Абдуллаев тайынланады.
Газета 1992-жылдан баслап «Қарақалпақстан жаслары» атамасы менен шығып киятыр.
Қаншадан-қанша дөретиўши инсанлардың мийнетлериниң есеси менен газета бүгин өзиниң юбилей жасына шығып атыр. Рети келгенде айтып өтсек, өткен жыллар даўамында газетаға И.Фазылов, А.Қошқаров, Ж.Еселбаев, ”.Жаймауов, У.Асаматдинов, И.Сағитов, М.Қәлимбетов, Б.Исмайлов, А.Бекмуратов, Т.Қайыпбергенов, Қ.Бегжанов, А.Аманов, Р.Даўлетмуратов, Ж.Қудайбергенов, К.Реймов, Ш.Пахратдинова, Д.Үббиниязова, Ж.Тажетдинов, Д.Бекбаўлиев, И.Қосназаров, Ф.Палымов, С.Жаниев редакторлық еткен болса, быйылғы 2021-жылдың май айынан баслап Ш.Пахратдинова бас редактор болып газетаның ўақтында шығыўына ат салысып атыр.
Арнаўлы мақаланы таярлаў ушын мағлыўматларды излегенимде газетаға бир нешше жыллардан берли мийнети сиңген, «тилин» билетуғын қәнигеси деп газетаның бүгинги күндеги жуўаплы хаткери Арыўхан Турекееваға мүрәжат еттим.
— Бул газета ҳаққында сөз болғанда 45 жыл бир қапыдан кирип шыққан устазым Халмурат Сапаровты еслемей кетиўим мүмкин емес. Ол газетамызда жуўаплы хаткер болып иследи. Ол инсанға ҳүрметим шексиз,-дейди А.Турекеева.
Бүгинги күнде газетада бир нешше клублар таярлап, дәўир талабындағы рубрикалар астында дөретиўшилик мийнет етип атырған талантлы ҳәм белсенди журналистлерден Арыўхан Турекеева, Шүкирбай Сипатдинов, Зибийра Абдиниязова, Гүлнара Турдышова, Жумагүл Ембергенова, Наргиза Нуриевалар менен бирге Бийбайша Исламова, Салтанат Үсенова, Айсанем Пайзуллаевалардың хызметлери өз алдына.
Республикамыз жасларының ең сүйикли ҳәм қәдирли газетасы, олардың жетискенликлерин кең жәмийетшиликке жеткериўшиси, табысларын қоллап-қуўатлаўшысы болып үзликсиз шығып киятырған бул газетаның орны ҳәм абырайы алдағы ўақытлары да жоқарылап, миллий баспасөзимизде бәрқулла өз алдына дөретиўшилик мектеп болып хызмет ететуғынлығына исенемиз.
Газетаның дөретиўшилик жәмәәтине йош-илҳам, машақатлы жумысларында табыс, бәлент пәрўазлар тилеп, бир әсирлик тойыңызды да жаңадан-жаңа жетискенликлер менен қарсы алғайсыз, «Қарақалпақстан жаслары»!
Гүлнара ЖҮГИНИСОВА,
арнаўлы хабаршымыз.