Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:10:33, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ЕРКИН...»ДЕ ҚОМЛАНҒАН ҚАНАТ

«Еркин Қарақалпақстан» газетасы республикамыздың тек үлкен басылымы болып ғана қоймастан жүдә көплеген талант ийелерин, илим ғайраткерлерин, басшы кадрларды таярлап шығаратуғын устахана болып та табылады.

Түрли жылларда бул жерде ислеген заманласларымыз турмыстың түрли тараўларында да, жәмийетимизде де өзлериниң ылайықлы орнын таўып кетип атырғаны бар гәп.

27-июнь — Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен Өзбекстан көлеминде жәрияланған «Жылдың белсенди журналисти» таңлаўының быйылғы жеңимпазларының қатарында «Еркин Қарақалпақстан»ның бурынғы хабаршысы, ҳәзирги ўақытта Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының Нөкис филиалында баспасөз хаткери болып ислеп атырған кәсиплесимиз Руслан Арзиевтиң де бар екенлиги бәршемизди қуўандырды.

2011-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика қәнигелигин тамамлаған Руслан редакцияға жумысқа келиўден-ақ өзиниң таланты, тил алғышлығы, кишипейиллиги менен жәмәәт басшылығының, кәсиплеслериниң көзине түсти. Газетаның экономика ҳәм социаллық мәселелер редакциясында ислеп, журналистиканың қайнаған қазанында писип жетилисти. Халық хожалығының түрли тараўларынан қунлы мақалалар жазып, газета оқыўшыларының қәлбинде уялап қалды. Жумыстың арасында илим менен айланысып, миллий журналистика, баспасөз тарийхын изертлеў менен де шуғылланды.

«Жигитке жети өнер де аз» дегениндей, Русланды таныйтуғынлардың көпшилиги оны хош ҳаўазлы талант ийеси сыпатында да биледи. Редак­цияда ислеп жүрип, марҳум қосықшы Даўытбай Қайыповтың естелигине бағышланып өткерилген «Бүлбилзибан» республикалық таңлаўына қатнасып, сыйлы орынды ийелеўи, қала берсе әскерий-патриотлық темаға бағышланып Өзбекстан көлеминде өткерилген таңлаўда жеңимпаз болыўы оның қай дәрежедеги журналист екенин аңлатып турғандай.

Русланды бул табысы менен қутлықлап, алдағы дөретиўшилик ислеринде тасқын табыслар тилеймиз.

 

С.ЖАНИЕВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF