ОҒАН САБАҚ БОЛСА...
Ата-бабамыздан қалған «Тек жүрген тоқ жүреди» деген даналық гәп бар. Сол айтылғанындай, Ғ.И. исмли пуқара да тыныш ғана өзи билмеген мәселеге асылмағанында перзентлериниң несийбесинен айырылып қалмас еди.
Ол денсаўлығы болмағаннан кейин жумыссызлығын бәне еткени, пушайманлығын билдирген менен жынаят жүз бергени анық ҳәм ол жазаға тартылыўы шәрт.
Әмиўдәрья районында туўылып өскен ол 2018-жылы ашылған интернет социаллық тармағынан қол телефоны арқалы телеграмм мессенжерин жүклеп, профил ашады ҳәм сол арқалы «Ногай ешон масчиди» деп аталған социаллық топарға ағза болады. Интернет социаллық тармағынан диний мазмундағы материалларды телефонының ядына сақлап жүреди. Бул диний мазмундағы аудио ҳәм видеокөринистеги материаллар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы дин ислери бойынша комитетиниң 2020-жыл 15-майдағы жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў, таярлаў ҳәм тарқатыў қадаған етилгенлиги мәлим болды. Солай етип, пуқара Ғ.И. өз айыбын мойнына алып, өзиниң денсаўлығы төменлиги себепли жумыссызлығы ҳәм ержетпеген перзентлериниң барлығын билдирип, жеңил жаза тайынлаўды өтиниш етти. Әттең, жынаят жазасыз қалыўы мүмкин емес. Сонлықтан, оған суд ис материалларын ҳәр тәреплеме терең үйренип шығып, жәрийма жазасын тайынлады. Бул оған ҳәм басқаларға да алдағы ўақытларда сабақ болады, деген үмитте мақаламызды жәриялаўды мақул көрдик.
Б.ТӨРЕЕВА.