ЖАҚСЫЛАРДЫҢ ШАРАПАТЫ МЕНЕН...
27-июнь — Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни алдынан газетамыздың арнаўлы хабаршысы мийнет нураныйы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамларының ағзасы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Идирис Қосназаров пенен ушырасып, оннан бир қатар сораўларға жуўаплар алдық.
— Идирис аға, сәўбетимизди сизиң журналистика тараўына қызыққан ўақтыңыздан басласақ?
— Мақул. Мен мектеп партасына отырған ўақтымнан баслап газета-журналлар ҳәм балаларға арналған китапларды оқыўға қызыға басладым. Буған биринши нәўбетте әкем, өз дәўириниң белгили пахтакеши, бир қатар орден-медальлардың ийеси Досназар (Досеке) Қосназаров себепши болды. Ол табаны тийип, совхоз орайына барса болды, байланыс бөлиминен айланып, маған ҳәр қыйлы атамадағы газета-журналлар, китап дүканынан ертек китаплар әкелип беретуғын еди. Усыларды оқыў арқалы газеталарға мақалалар жазыўды басладым.
«Мазмунын сөйлеп берди» атлы биринши жазған мақаламды устазым, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Темирбек аға Төремуратовқа көрсеттим. Ол оқып болып, «азырақ дүзетилиўи зәрүр жерлери бар екен, оны өзим жөнлеп, районлық газетаға таярлап беремен», деп алып кетти. Сол ўақытлары бул устазымыз мектептеги муғаллимшилигинен тысқары районлық газетада да жумыс ислейтуғын еди. Арадан көп ўақыт өтпей-ақ мақалам районлық газетада жәрияланды. Бул мениң енди өз үстимде көп излениўиме, ҳәр қыйлы тараўлардан көплеп мақалалар жазып, устазым менен жақыннан ислесиўиме тийкар жаратып берди. Дәслепки күнлери Темирбек ағаның өзи мақалаларымды алып кетип, газетада шығартып жүрген болса, кейин ала өзим тиккелей почта арқалы районлық газетаның редакциясына жиберип турдым. Соң жазған мақалаларымды газета редакциясына өзим алып барып тапсыратуғын болдым. Сөйтип жүрип газета хызметкерлери Омар Тохымбетов, Сәрсенбай Есенов, Ахмед Абдинайымовлар менен танысып алдым.
Мен буның менен шекленип қалмадым. Енди жазған мақалаларымды республикалық газеталардың редакцияларына почта арқалы жиберип туратуғын болдым. Дәслепки ўақытлары редакция хызметкерлеринен «мынадай-мынадай себеплерге байланыслы мақалаңыздан пайдалана алмадық, алдағы ўақытлары усы тәреплерине итибар бериң» деген мазмундағы жуўап хатлар алып жүрдим ҳәм келеси жазажақ мақалаларымда сол тәреплерине итибар берип, кемшиликлерден өз ўақтында тийисли жуўмақ шығарыўға ҳәрекет еттим. Нәтийжеси жаман болмады. Мақалаларым «Еркин Қарақалпақстан», «Қарақалпақстан жаслары» ҳәм «Жеткиншек» газеталарында жәрияланып барды.
— Сиз мектепте биринши рет устаз-журналист Темирбек Төремуратовтың сынағынан өткен екенсиз. Буннан кейин қайсы журналисттиң сынағына түстиңиз?
— Пединститутқа оқыўға кирип, биринши курста оқып жүрген күнлеримниң биринде белгили журналист, аўыллас ағам, «Жеткиншек» газетасының сол ўақыттағы әдебий хызметкери Абдулла Ҳәбийпов шақырып қалды. Бардым.
— Иним, мына хатлар менен танысып шығып, жуўмағын айтарсаң, деп қолыма онлаған хатты услатты. Бир жағынан қуўансам, екинши жағынан «маған усындай жуўапкершиликли ўазыйпаны тапсырып атыр, кеўлинен шыға алсам болар еди-аў», деп жүдә қәўетерлендим.
Не де болса хатлар менен танысып шығайын, деп оларды бирим-бирим оқып шығыўға киристим. Соның ишинде бир хаттың мазмуны маған жүдә унап қалды. Бир мектептиң оқыўшысы үй тапсырмасын алақанына жазып барған формулаға қарап тахтаға жазып атырғанын муғаллими көрип қойып, оны класстың барлық оқыўшыларының алдында қысындырған. Басқаларға сабақ болсын, деген мәнисте дәрҳал усы жағдай тийкарында мектеп оқыўшысының атынан мақала таярладым. Темасын «Алақандағы формула» деп қойдым.
Абдулла ағаға апарып көрсетип едим, «жүдә жақсы мақала, темасы да мазмунына сай қойылған, келеси санға беремиз», деп қуўанып қалды. Басқа хатлардың газетада жәриялаўға жарамайтуғынлығын айттым. Ол: — Сынақтан өттиң. Енди саған биймәлел тапсырмалар бере берсек болады, - деп мени марапатлап қойды.
Бундай сынақларға «Совет Қарақалпақстаны» (ҳәзирги «Еркин Қарақалпақстан») газетасына 1977-жылы хабаршы болып жумысқа өткенимнен кейин және түстим. Ол жерде сол ўақытлары Хожабек Сейтов, Атамурат Жумағулов, Мүйет Өтемуратов, Әширбек Қосбергенов, Абат Алиев, Сапарбай Салиев, Елмурат Байназаров, Есенбай Ерманов, Яҳуда Муратов, Клим Назбергенов, Ибадулла Асқаров, Атажан Халмуратов, Артықбай Камалов, Қалбай Әбдираманов сыяқлы халқымызға белгили жазыўшы, шайыр ҳәм журналистлер жумыс ислейди екен.
Өзимнен бир көйлек бурын тоздырған, көп жыллық тәжирийбеге ийе бул жасы үлкен ағаларымыздың мәсләҳәтлерине, жумыс ислеў усылларына сүйенип ис тутыўым өзиниң күтилген унамлы нәтийжелерин берди. Ел басшыларының қатнасыўында республика көлеминде өткерилген үлкен әнжуманларға қатнасып, қыстаўлы түрде мақалалар таярлап жүрдим.
— Усы жерде сол ўақыттағы ел басшысы қатнасқан әнжуманлардың биреўине тоқтап өтсеңиз?
— Бир күни азанда бас редакторымыз шақырып алып: «бүгин Нөкис районында обкомның көшпели бюросы болады, соған қатнасып, газетаға мақала таярлап келесең», деп тапсырма берди.
Бардым. Көшпели бюро районның ең пайызлы орынларының биринен саналған үлкен мәдений шертекте болды. Дәслеп областьлық партия комитетиниң аўыл хожалығы бөлими баслығы Балтабай Ордабаев ғаўаша тәрбиясына байланыслы район хожалықларында алып барылып атырған жумыслардың жағдайы бойынша мағлыўмат берип өтти.
Буннан кейин сол ўақыттағы Қарақалпақстан областьлық партия комитетиниң биринши секретары Қәллибек аға Камалов райондағы барлық совхоз директорлары менен бөлим баслықларын ортаға шығарып: «Қайыпберген Ерполатович (ол областьлық партия комитетиниң идеологиялық мәселелер бойынша секретары), сен жазып, есаплап отыр, деп ҳәммесинен бирим-бирим быйыл неше центнерден, неше тонна пахта жетистириў мүмкиншилигиң бар? - деп сорап шықты.
— Қайыпберген Ерполатович, есаплап шықтың ба, неше тонна пахта болады? - деди Қәллибек Камалович.
— 13 мың тонна.
— Юсупбай Палўаниязович (ол районлық партия комитетиниң биринши секретары), 13 мың тонна пахта болды. Бересең бе?
— Беремен.
— Газетадан ким бар?
Ең артта отырған мен орнымнан турдым.
— Балам, сен қайсы газетадан келдиң?
— «Совет Қарақалпақстаны» газетасынан.
— Ҳаў балам, бери кел, сениң орның биринши қатарда. Жазып ал, бурын жылына 9 мың тонна пахта жетистирип берип турған Нөкис районы быйылғы жылы 13 мың тонна пахта жетистирип береди, деп азанғы газетаға шығарасаң, - деди Қәллибек Камалович.
Ел басшысының тапсырмасын орынлап, сол айтылған ўақытқа газетада шығардым. Мен бул жерде Қәллибек Камаловичтиң газетаға болған айрықша дыққат-итибарын, мендей жас журналистлерге болған жақсы мүнәсибетин, инсаныйлыққа тән ағла пазыйлетлерин айтып өтиўди өзиме парыз ҳәм қарыз деп есапладым. Бундай кеңпейиллик, жақсы мүнәсибет ҳәр кимниң қолынан келе бермейди.
— Халық арасында елеге шекем сизди парахорлық, жырып жеўшиликтиң тамырына бириншилерден болып балта урған журналист, деп тән алады. Бул сөзлер қурыдан-қуры айтылмаған болса керек?
— Бир күни газета редакциясына Қараөзек районы «Мәденият» совхозының ең түпкирдеги аўылларының биринде жасаўшы халықтан өз аймағындағы дүканда ислеўши сатыўшының қарыйдарлардың мийнет ҳақыларынан жырып жейтуғынлығы ҳаққында шағым хат келип түсти. Буны үйренип шығып, жуўмағы бойынша мақала таярлаў маған жүкленди. Усы мақсетте районға барып, районлық партия комитетинен бир жуўаплы хызметкер, бир ОБХСС хызметкери ҳәм РайПОның саўда бөлиминиң баслығы менен биргеликте сол орынға бардық. Жолда баратырып, қасымдағы жолдасларым: — Ол жүдә шайтан адам, бизлерди ҳәм сырттан келгенлерди дәрҳал таныйды. Табан кирейимиз қайта қойса болар еди-аў, - десип киятыр оннан қәўетерленип.
— Табан кирейди қайтарыў жағын маған қойып бериң, - деп оларды алыслаў жерде қалдырып, өзим дүканға кирип кеттим. Жолдасларымның «ол адам сырттан келгенлерди дәрҳал таныйды», деген сөзлери дурыс болып шықты. Сатыўшы дәрҳал халатын кийип, затлардың баҳалары жазылған ярлыкларды тәртиплестирип шықты. Мен оннан сол аймақта жасаўшы Базарбайдың үйин сорадым.
— Аманлық па?
— Аманлық, Шымбай жақтан бир тойға айтып киятырған шақыртыўшыман.
Буннан кейин ол мениң шақыртыўшы екенимди билип, арқайынласты ҳәм үстиндеги халатын атып урып, қапының аўзына келди.
— Бери кел, анаў төбеси шиферланған еки жайды көрдиң бе, соның екиншиси, деп силтеўин берип, өзи қайтып дүканына кирип кетти. Азырақтан кейин және қайтып барып:
— Қараөзектен бир таныс жигитлерге апарып қайтың, деп өтиниш етип едим. Олар қайтарсын жолда азырақ дем алмаймыз ба? - деп дыңғырлап тур-ғой. Еки шийше менен жегендей бир нәрселер бериң, - дедим.
Пулын алып, қайтымын столдың үстине қойғаннан кейин гүўалығымды көрсетип, дүканның қапысы бетке шығып турыўын өтиниш еттим. Сол ўақытта қасымдағылар да жетип келди. ОБХСС хызметкери алынған затларға төленген пул менен қайтым пулды есаплап көрип еди, сатыўшының меннен 96 тийин жырып жеп қалғанлығы мәлим болды. Дәрҳал сол жерде қалыс гүўалардың қатнасыўында акт дүзилип, барлығы ҳүжжетлестирилди, дүканның қапысы мөрленди. Топланған барлық ҳүжжетлер судқа өткерилип, оның ҳүкими менен сатыўшы енди қайтып саўда тараўында ислемейтуғын болды. Буның жуўмағы газетада жәрияланды.
Жырып жеўшиликтиң үлкенин Нөкис нан комбинаты менен Нөкис қалалық азық-аўқат саўдасы мәкемесине қараслы алты нан сататуғын дүканлардың жумысларын үйренип шығыў ўақтында өз көзимиз бенен көрдик. Баҳасы 12 тийин туратуғын «Сайка» наны менен баҳасы 38 тийин туратуғын батон наны бир-бирине жүдә уқсас болғанлықтан оған еки түрли фактура жазылып, «Сайка» нанын батон наны деп 38 тийиннан сатыў жағдайлары ҳәм басқа да бир қанша кемшиликлер анықланды. Бул туўралы «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 1991-жыл 12-октябрь күнги санында «Нанның кийесине ушыраўдан қорықпайсыз ба?» атлы мақала жәрияланды. Оның жуўмағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумында қаралып, тийисли шешим қабылланды. Усы шешим тийкарында сол ўақыттағы Қарақалпақстан Республикасы саўда министри, Қарақалпақстан Ғәлле өнимлери өндирислик бирлеспесиниң бас директоры, Нөкис нан комбинаты директоры, алты дүкан баслығы менен оның алты сатыўшысы ийелеп турған лаўазымларынан босатылды. Және бир әҳмийетли тәрепи, газета турмысында биринши рет жоқарыда аты көрсетилген мақала бойынша сол ўақыттағы Қарақалпақстан Республикасы прокурорының жуўап хаты жәрияланды. Келтирип өтилген усы мысаллар сизиң сораўыңызға жуўабым болады.
— Жумысыңызда изге қайтпай, алға илгерилеў жыллары қайсы газетада ислеген дәўириңизге туўра келеди?
— «Еркин...»ниң жуқа наны менен тисим шықты ҳәм усы газетада ислеген 15 жылдан асламырақ дәўирим жумысымда изге қайтпай, тек алға илгерилеўлер болғанын мақтанышлы түрде айта аламан. Буны мысаллар тийкарында дәлиллейтуғын болсам, дәслеп хабаршы, оннан кейин арнаўлы хабаршы, газетаның Нөкис, Кегейли, Бозатаў, Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районлары бойынша өз хабаршысы, хатлар, массалық жумыслар ҳәм репортажлар редакциясының редакторы, бас редактордың орынбасары лаўазымларында жумыс иследим. Мени ўақтында қоллап-қуўатлап, үлкен исенимлер билдиргени ушын газетаның сол ўақыттағы дөретиўшилик жәмәәтине өз миннетдаршылығымды билдиремен.
— Сиз 13 жылға шамалас ўақыт Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң аппаратында жуўапкерли лаўазымларда иследиңиз. Бул ўақыт аралығында өзиңиздиң тийкарғы қәнигелигиңизден шығысып кетпедиңиз бе?
— Кеткеним жоқ. Мәселен, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси аппаратының Сырт еллер менен байланыслар ҳәм хабар бөлиминде референт болып ислеген ўақтымда тиккелей баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары тараўлары менен бирге ислестим.
Газета ямаса радио, телевидениеде сын мақала жәрияланып, еситтириўлер ҳәм көрсетиўлер берилсе, дәрҳал сол сынға алынған мәкемениң басшысына қоңыраў етип, соған байланыслы көрилген илажлар бойынша жуўабын талап етемен. Берилген жуўаплар атлары көрсетилген ғалаба хабар қуралларында жәрияланып барады.
Буннан тысқары, Жоқарғы Кеңес Президиумында ҳәм оның комитетлеринде өткерилген ҳәр бир мәжилис ҳәм әнжуманлар «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз орайы хабарлайды» атамасында газета, радио, телевидениеде өз ўақтында берип барылды. Еки айда бир рет Жоқарғы Кеңесте ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң қатнасыўында баспасөз конференциялары өткерилип, зәрүр илажлар белгиленип алынды.
Министрлер Кеңеси аппараты Қадағалаў бөлиминиң баслығы болып ислеген дәўиримде атқарыўшылық тәртибине байланыслы орынларда алып барылған жумыслардың жағдайы бойынша «Еркин Қарақалпақстан» газетасында турақлы түрде мақалаларым жәрияланып, телевидение ҳәм радиода арнаўлы көрсетиўлер менен еситтириўлер берип барылды.
Мениң усындай еки жоқарғы уйым аппаратында ислеп, үлкен тәжирийбе мектебинен өтиўим 2004-2015-жыллар аралығында «Қарақалпақстан жаслары» газетасында бас редактор болып ислеген дәўиримде өз нәтийжелерин берди.
— Басып өткен өмир жолыңыздағы ең бир қуўанышлы мәўритлерди еслеп өтсеңиз?
— 1976-жыл мениң турмысымда ең бир қуўанышлы ҳәм тарийхый ўақыяларға толы жыл болды. Себеби, усы жылы пединститутты табыслы тамамлап, қолыма қәнигелик дипломымды алдым ҳәм жумысқа орналасып, дәслепки мийнет жолымды басладым. Буның үстине, сол дәўирдеги ел басшысы Қәллибек аға Камаловтың тиккелей тапсырмасы менен Нөкис қаласындағы 21-киши районнан үш бөлмели жай менен тәмийинлендим. Бул сол ўақытқа шекем бир перзенти менен ҳәр кимниң қуўыс-қолтығында кирейде жасап келген жас шаңарақ ушын күтилмеген саўға болды. Ел басшысының нәзери түскен бул қутлы жайда өмирлик жолдасым Қызларгүл Утепова менен 15 жыл жасап, өсип-өнип, бахытлы турмыс кеширдик.
Ҳәзир 25-киши районда жасап, еки ул, еки қызымнан 12 ақлық сүйип отырған ардақлы нураныйман. Ең үлкен улым мектепти алтын медаль менен питкерип, бир пәннен «5» баҳасына имтихан тапсырып, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң экономика факультетине студент болып қабылланды ҳәм бул жоқары оқыў орнын қызыл диплом менен питкерип шықты.
Буннан кейинги қызым усы оқыў орнының юридика факультетинде Наўайы атындағы стипендияны алып оқыў бахтына миясар болды. Үшинши перзентим университеттиң экономика факультетине ең жоқары балл топлап, мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға кирип, оны қызыл диплом менен питкерип шықты. Ең генжетай қызым университеттиң шет тиллер факультетин жақсы баҳалар менен питкерип шығып, диплом ийеси болды. Ҳәзирги ўақытта бул төрт перзентимниң ҳәммеси де өз қәнигеликлери бойынша жумыс ислеп атыр. Еки ақлығым жоқары оқыў орнында грант тийкарында оқып атыр.
Адам қартайғаннан кейин перзент ҳәм ақлықларының қуўанышы менен жасайды, олардың жетискенликлерин көрип, жасарып бара береди, дегени усы болса керек.
— «Устазсыз шәкирт, шәкиртсиз устаз болмайды» дегениндей, жумыс ислеген дәўириңизде сизиң де көплеген шәкиртлериңиз болған болса керек. Енди сол шәкиртлериңизге азы-кем тоқтап өтсеңиз?
— Жүдә мақул. «Мен сени өзиме шәкирт етип аламан ямаса сен мениң устазым боласаң» деген менен устаз-шәкирт бола бермейди. Өзиң жумыс ислеген дәўир ишинде бирге ислейтуғын жас қәнигеге дурыс бағдар берсең, қыйналған ўақытта дурыс жолды көрсетип, ақыл-нәсият берсең, усы жол менен барып, жақсы нәтийжеге ериссе ғана ол сени тән алып, мениң устазым, дейди. Усы жағынан қарағанда устазлықтың да, шәкиртликтиң де жолы аўыр. Ким болса сол устаз-шәкирт бола бермейди.
Қудайға шүкир, усы ўақытқа шекем мениң шәкиртлеримнен шийкилик шыққан жоқ. Өз жумысларында абырай-мәртебелерге ерисип киятыр. Олардан Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналистлерден — Бийбижамал Караматдинова, Әнжим Бекбергенова, Шүкирбай Сийпатдинов, Өзбекстан көлеминдеги ҳәр қыйлы таңлаўлардың жеңимпазлары — Арыўхан Турекеева, Зибийра Абдиниязова, Гүлнара Турдышова, Қылышбай Әжибаев, Саламат Әжимовлар журналистика тараўында өзлериниң пидайылығы менен көзге түссе, Аман Әдилбеков, Караматдин Қәлимбетов, Гәўҳар Тилеўмуратова, Қуўанышбай Жумабаевлар турмыстың ҳәр қыйлы тараўларында нәтийжели хызмет атқармақта.
— Байрам тилеклериңиз?
— Ҳәр бир кәсиплесим алдымызда аман болғай, қәлеми өткир болып, республика турмысын кең түрде сәўлелендирип барғандай йош, илҳам, дөретиўшилик күш-қуўат бергей. Газеталарымыздың оқыўшылары көбейип, байрамнан-байрамға күлип-ойнап жетисе бергеймиз!
Сәўбетлескен: С.ЖАНИЕВ.