ПУҚАРАЛАР ЖЫЙЫНЛАРЫНЫҢ БАСЛЫҚЛАРЫ ХОШАМЕТЛЕНДИ
Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде өткен жылы аймағында бирде-бир жынаят жүз бермеген мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларының баслықларын сыйлықлаў мәресими болды.
Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турмановтың атап өткениндей, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бағдарындағы жумысларына бағышланып усы жыл 12-февраль күни кеңейтилген коллегия мәжилисинде Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри, генерал-лейтенант П.Бабажановтың басшылығындағы жумысшы топар 1-7-апрель күнлери республикамызда болып, жынаятшылыққа қарсы гүресиўди «Мәҳәлле кесиминде» шөлкемлестириў, жынаятшылықтың ерте алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша үйрениўлер алып барды. Оның жуўмағына бағышланып Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде болып өткен мәжилисте республикамыз аймағында әмелге асырылып атырған унамлы жумыслар менен бир қатарда жол қойылып атырған айырым кемшиликлер қатаң сынға алынды.
Жынаятшылықтың ерте алдын алыў, халықтың тынышлығын тәмийинлеў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың мүлклерин исенимли қорғаў, жаслардың қатнасындағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарында өткен жылы бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, жыл даўамында кең жәмийетшилик ҳәм тийисли уйымлар менен биргеликте алып барылған профилактикалық жумыслардың нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасындағы 416 пуқаралар жыйынынан 174 пуқаралар жыйынында, быйылғы жылдың өткен 5 айы даўамында 419 пуқаралар жыйынынан 279 пуқаралар жыйынында бирде-бир жынаят жүз бериўине жол қойылмады. Соның менен бирге, аймағында жынаятшылық өскен пуқаралар жыйынларының саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 111 ден 105 ке азайыўына ерисилди. Бунда ишки ислер уйымларының хызметкерлери менен пуқаралар жыйынларының баслықлары ҳәм олардың хызметкерлериниң де мийнетлери айрықша екенлигин атап өткен орынлы.
Илажда аймақларында бирде-бир жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықтың жүз бермеўинде, машқалалардың өз ўақтында нәтийжели шешим табыўында, жәрдемге мүтәж шаңарақлар, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқаралар менен ислесиўде, аймақтың инфраструктурасын раўажландырыўда пидайылық көрсетип киятырған 15 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынының баслығына ақшалай сыйлық тапсырылды.
Сыйлықланғанлар атынан Шымбай районындағы «Жипек жолы» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Азатжан Қудайбергенова, Нөкис қаласындағы «Сәрбиназ» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Мадияр Аминов шығып сөйлеп, мийнетлерин ылайықлы баҳалағаны ушын миннетдаршылық билдирди. Алдағы ўақытлары да бар билим және тәжирийбесин аймақта жынаятшылықтың ерте алдын алыў, халықтың тынышлығын тәмийинлеў, жәмийетлик тәртипти сақлаўға жумсайтуғынлығын билдирди.
-Президентимиздиң басшылығында халықтың, соның ишинде, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған кең көлемли илажлар аймағымызда бирде-бир жынаят жүз бермеўине тийкар болды,-дейди Беруний районындағы «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Жонибек Қиличев.-Соның ишинде, исбилерменликти раўажландырыў, жасларға егислик жер майданларының ажыратылып берилиўи өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.
Илажда республикамыз аймағында жынаятшылықтың алдын алыўда пуқаралар жыйынларының жумысын жетилистириў бойынша пикир алысыўлар болды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери