Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:07:05, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘМИЎДӘРЬЯДА ҒӘЛЛЕ ОРЫМ-ЖЫЙЫМЫ ҚЫЗҒЫН 

Өткен жылы 3800 гектар жерге гүзлик бийдай туқымын сепкен Әмиўдәрья районыныӊ дийқан фермерлери агротехникалық қәделерге сай алып барылған тәрбия жумысларыныӊ нәтийжесинде атызларда дийдиленгендей зүрәәт топлаўға еристи.

Атап айтқанда, бүгинги күни районныӊ барлық хожалықларында усы жетистирилген өнимниӊ бир де мысқалын зая етпей орып жыйнап алыў ислери белгиленген кестеге муўапық қызғын алып барылып, бир қатар алдынғы фермер хожалықлары мәмлекетлик шәртнама режелерин артығы менен орынлап шығыўға ериспекте.

-Әйне күнлери районымызда ғәлледен босаған майданларды «Жаслар ҳәм Ҳаял-қызлар дәптерлери»не киргизилген шаӊарақларға бөлип берип, оларға тәкирарый егинлер егиў бойынша жумыслар қоса алып барылмақта,-дейди бизге Әмиўдәрья районы ҳәкимлигиниӊ аўыл хожалығы мәселелери бойынша бас қәнигеси Қудрат Абдухалиқов.-Атап айтқанда, 1135 гектар жерге салы, 256 гектарға овощ-палыз, 35 гектарға картошка, 337 гектарға мәш, 755 гектарға айғабағар ҳәм гүнжи, 736 гектарға дән ҳәм силос ушын мәкке егиў режелестирилип, бул ислер басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.

Шынында да, бүгинги күни районда ғәлле орым-жыйыны менен бирге, аймақларда тәкирарый егинлер егиў жумыслары белгиленген талапқа сай алып барылмақта. Әлбетте, бул райондағы кем тәмийинленген шаӊарақларды материаллық жақтан қоллап-қуўатлаўдыӊ айқын көриниси болып табылады.

 

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF