БИЙДАЙДАН БОСАҒАН ЖЕРЛЕР ЖАСЛАРҒА БЕРИЛМЕКТЕ
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында 2021-жыл 8-июнь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмаларға муўапық, бийдайдан босаған жер майданларын қайта егиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша системалы жумыслар баслап жиберилди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариевтиң қатнасыўында Тақыятас районы «Найманкөл» аўыл пуқаралар жыйынындағы «Мадат-Ботир» фермер хожалығында бийдайдан босаған жер майданларын қайта егиў, агротехникалық илажларды өткериў, талап етилетуғын ресурсларды өз ўақтында жеткериў бойынша көргизбели семинар өткерилди.
Быйыл райондағы бийдайдан босаған 737 гектар жерге мийўе, овощ, майлы ҳәм азық-аўқатлық егинлерди егиў режелестирилген.
Семинарды өткериўден тийкарғы мақсет – босаған жерлерден утымлы пайдаланыў арқалы кем тәмийинленген «Темир дәптер», «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген жумыссыз пуқараларды қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў менен бирге қосымша дәрамат табыў системасын енгизиўден ибарат.
Көргизбели семинарда, жерден нәтийжели пайдаланып, суўғарылатуғын жерлерден еки-үш рет өним алыў арқалы халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў ҳәм оның ушын топырақтың мелиоративлик жағдайы менен өнимдарлығын жақсылаўға итибар қаратыў үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.
Буннан былай Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 8-июнь күнги «Жер қатнасықларында теңлик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў, жерге болған ҳуқықларды исенимли қорғаў ҳәм оларды базар активине айландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен жер участкалары жеке меншик секторға – мүлк ҳәм ижара ҳуқықы тийкарында, мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер, кәрханалар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажыратылатуғын болды.
Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев жер берилип атырған жаслар менен сәўбетлесип, олардың режелери ҳәм пикир-усыныслары менен танысты. Сондай-ақ, жаратылып атырған имканиятлардан утымлы пайдаланыў, жерден жақсы өним алыў бойынша өзиниң мәсләҳәтлерин берди. Жасларға берилип атырған жерлер салықтан азат етилетуғынын атап өтти.
Соны да айрықша атап өтиў орынлы, берилип атырған жер майданлары фермер хожалығы тәрепинен егилип, барлық агротехникалық илажлар ислеп бериледи. Жаслардан тек ғана егинди тәрбиялаў ҳәм мол өним алыўға ҳәрекет етиў талап етиледи.
Илажда 9 гектарлық жер «Жаслар дәптери»не киргизилген 40 жасқа бөлип берилди ҳәм сол күнниң өзинде мәш егиў жумыслары баслап жиберилди.
Шынында да, бийдайдан босаған жер майданларын қайта егиў жаңа жумыс орынларын нәтийжели шөлкемлестириў ушын жақсы имканият есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариевтиң қатнасыўында усы мазмундағы көргизбели семинар Хожели районындағы «Саманкөл» АПЖ «Жаңабай Жаўлан» фермер хожалығында да болып өтти.
Онда, республикалық ҳәм районлық сектор басшылары, фермерлер, жаслар қатнасты. Семинарда жумыссызлар, темир, ҳаял-қызлар, жаслар дәптерлериндеги пуқараларымызға жәрдем етиўге қаратылған әмелий жумыслар додаланды.
Бийдайдан босаған майданларға егилетуғын өнимлер, аўыл хожалығы ушын жаңадан алып келинген техникалар көзден өткерилди. Райондағы жумыссыз жаслар менен ашық сәўбетлесиўлер өткерилип, олардың машқалалары тыңланды. Сондай-ақ, тәжирийбели фермерлер тәрепинен өз тәжирийбелеринен келип шыққан ҳалда керекли мәсләҳәтлер берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги