Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:43:20, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КАДАСТР СИСТЕМАСЫНДАҒЫ ЖАҢАЛАНЫЎЛАР

Жақында Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Қарақалпақстан Республикасы Жәҳән банки қатнасыўындағы «Көшпес мүлк ҳәм кадастр системасын дизимге алыў системасын модернизациялаў» жойбары шеңберинде ислеп шығылған мәлимлеме системасы арқалы аўыл хожалығы бағдарындағы жерден пайдаланыўшылардың жер майданларын мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша усы жылдың бес айы даўамында әмелге асырылған жумыслары менен таныстырыў мақсетинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын баспасөз конференциясы болып өтти.

Баспасөз  конференциясында сөзге шыққан басқарма баслығының орынбасары Ә.Еренов, юридикалық бюро баслығы Т.Ғаипов, мәмлекетлик дизимнен өткериў бөлими баслығы С.Бекмуратов, басқарманың Нөкис қаласы бөлими бас қәнигеси М.Ерекеевлар сөзге шығып, кадастр  cистемасындағы соңғы жаңалықлар ҳәм әмелге асырылған жумыслар  бойынша кең түрде айтып өтти.

Атап өтилгениндей, буннан былай фермер хожалығы пайдаланыўындағы жер майданлары ҳаққындағы мағлыўматлар бирден-бир плотформада жыйналады. Егислик жер майданларының улыўма көлеми, жер түрлери ҳәм пайдаланыў мақсети соның менен бирге ҳуқықый статусы ҳәм де басқа да мағлыўматлар координаталар тийкарында электрон карталарда сәўлелендириледи.

Сондай-ақ, жер майданы ҳаққындағы мағлыўматлар системаға  киргизилгеннен кейин усы жер майданы фермер хожалығы атына мәмлекетлик дизимнен өткериледи ҳәм де системадан арнаўлы 14 кодлы Мәмлекетлик реестринен көширме бериледи.

— Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 6646 фермер хожалықлары бар болып, бүгинге шекем 6334 фермер хожалық бирден-бир платформаға киргизилди ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлер 1768 қурайды. Ал, қалған фермер хожалықлардың мағлыўматлары Мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын таярланбақта,- дейди басқарма баслығының орынбасары Ә.Еренов. Сондай-ақ, конференцияда 2021-жыл 19-апрель күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «2021-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласындағы шараяты аўыр аймақларда социаллық-экономикалық, турмыслық ҳәм инфрасистема жағдайы менен байланыслы машқалаларды сапластырыў илажлары ҳаққында»ғы 223-санлы қарары бойынша исленип атырған жумысларға да кең түрде тоқтап өтилди. Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы «Қоскөл -1, 2, 3, 4», «Шымбай гүзары», «Боз аўыл», «Қызыл қум», «Әмиўдәрья», «Қутлы мәкан», «Саманбай», «Ақ жағыс», «Айдын жол», «Телеорай» мәкан пуқаралар жыйынларында нызамсыз ҳәм өз билдигинше тәртипсиз түрде қурылған турақ жайларды үйренип шығыў ушын исши топар дүзилди. Ҳәзирги ўақытта Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының Нөкис қалалық филиалы қәнигелери тәрепинен аймақларда үйренип шығыў ҳәм хатлаў жумыслары алып барылмақта.

— Усы күнге шекем атап өтилген мәкан пуқаралар жыйынларында  жәми 2 719 турақ жайдың кадастр ҳүжжети жоқ екенлиги анықланды. Соның менен бирге «Бағшылық (Қоскөл- 1)», «Боз аўыл», «Қутлы мәкан», «Саманбай», «Айдын жол», «Алтын жағыс» ҳәм «Ақ жағыс» мәкан пуқаралар жыйынларында хатлаў жумыслары жуўмақланды. Хатлаў жумыслары жуўмақланғаннан соң, мәкан пуқаралар жыйынларында өз басымшалық пенен тәртипсиз қурылған турақ жайлар бойынша топланған мағлыўматлар исши топар тәрепинен көрип шығылып, турақ жайларға исши топардың тийисли жуўмағына тийкарланып, тийисли тәртипте кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестириледи-дейди басқарманың Нөкис қалалық бөлиминиң бас қәнигеси М.Ерекеев.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўлар бойынша қәнигелерден жуўаплар алды.

З.ЕРЕКЕЕВА,

 арнаўлы хабаршымыз.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF